Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:28:41, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚ ИЙГИЛИГИ ЖОЛЫНДАҒЫ НӘТИЙЖЕЛИ ИСЛЕР

Буннан бес жыл алдын халқымызға «бир айна» аты менен таныс болған  мәмлекетлик хызметлер орайы 16 түрдеги хызметлер менен жумысын баслаған еди.

Бүгинги күнге келип бул орайдың атамасы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги деп өзгертилип, әйне па­йытта 160 тан аслам хызмет түрлерин халыққа көрсетип келмекте. Бул өз гезегинде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў сапасын жақсылаўға, пуқаралардың артықша әўерегершиликлериниң алдын алыўға тийкар жаратты. Өткен шемби күни Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен халыққа хызмет көрсетиўде алып барылып атырған кең көлемли жумысларды кең жәми­йетшиликке таныстырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын Қара­өзек районына пресс-тур шөлкемлестирилди.

Қатнасыўшылар дәслеп Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм ПҲАЖ бөлиминиң жумысларына жаратылған шараятлар менен жақыннан таныс­ты.  

— Районымызда халық саны 53 мыңнан аслам болса, өткен жыл даўамында 25 мыңнан аслам хызметлер көрсетилди. Бүгинги күнде хызмет түрлери кеңейип, халқымызға ҳәр тәреплеме қолайлы ҳәм сапалы хызметлер көрсетиў жолға қо­йылмақта. Атап айтқанда, келиў имканияты болмаған пуқараларымызға да көшпели қабыллаўлар шөлкем­лес­тириў, электрон тәртипте my. gov. uz. сайты арқалы дизимнен өтиў мүмкиншилиги жаратылды. Биз бул ҳаққында көшпели қабыллаўларда, жаслар менен ушырасыўларда адамларға жеткерип бериўге ҳәрекет етип атырмыз,-дейди басқарманың Қараөзек ра­йоны мәмлекетлик хызметлер орайы директор А.Дошетов. Буннан соң, журналистлер Мәмлекетлик ка­дас­трлары палатасы районлық филиалында болды. Бул жерде тараў қәнигелериниң жумыс процеси менен жақыннан танысты. Гүўасы болғанымыздай, тараў қәнигеси тәрепинен мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы электрон мүражаты келип түскен «Есим» АПЖ турғыны Р.Генжебаевтың салынған имаратына кадастр паспортын алыўы мысалында жумысларын басқышпа-бас­қыш түсиндирип өтти. Қәнигениң келтирип өткениндей, пуқараға берилген жер майданына ийелик етиў ҳуқықынан баслап, тикленген имарат бойынша берилген ҳүжжетлер архивте жазба ҳәм электрон түрде сақланады. Соң журналистлер ушын баспасөз конферен­циясы болып өтти. Илажды Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан басқармасы баслығының орынбасары Е.Досанов ашты ҳәм усы күнге шекем алып барылып атырған жумыслары ҳаққында айтып өтти. Атап өтилгениндей, республикамызда мәмлекетлик хызметлер көрсетиў орайлары тәрепинен усы күнге шекем халқымызға ҳәм исбилерменлик субъ­ект­­лерине 2 миллион 900 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилген. Өткен жыл даўамында 864 мыңнан аслам, сондай-ақ, 12 855 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Бүгинги күнге шекем Әмиўдәрья, Беруний, Мойнақ, Шымбай, Қанлыкөл, Қоңырат, Тахтакөпир, Бозатаў, Шоманай, Қараөзек ҳәм Хожели районлары аймағында мәмлекетлик хызметлер орайларының жаңа заманагөй имаратлары қурылып пайдаланыўға тапсырылған болса, Елликқала, Төрткүл, Кегейли, Нөкис ҳәм Тақыятас районлары имаратларының қурылыс жумыслары басланып, усы жылдың ақырына шекем тапсырылыўы режелестирилмекте. Сондай-ақ, өткен жыл даўамында ПҲАЖ органлары тәрепинен жәми 40352 туўыл­ғанлық ҳаққындағы акт жазыўлары дизимге алын­ған, аталықты белгилеў 3 966, перзентликке алыў 482 си дизимге алынған. Соның менен бирге 15 745 неке ҳәм 1 485 неке ажырасыў жағдайлары, 9 625 өлим акт жазыўлары дизимге алынған. Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында хызметкерлер менен профилактикалық илажлар өткериўге айрықша итибар қаратыл­ған. Атап айтқанда, «Сырлы клиент» ҳәм рейд илажлары даўамында өз жумысына нем­қурайды қарап хызмет көрсетиў тәртибин бузған хызметкерлерге тийисли тәртипте шаралар қолланылады.

Баспасөз конференциясында Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәлимлеме хызмети баслығы Р.Зиватдинов ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәлимлеме хызмети баслығы П.Әжимуратовлар шығып сөйлеп, тараўдағы өткен жыл бойынша исленген жумыслар ҳәм алға қойылған ўазыйпалар бойынша мағлыўматлар берди. Онда атап келтиргениндей, Мәмлекетлик кадас­трлары палатасы басқармасы тәрепинен өткен жылда 7 352 турақ емес жай объектлери ҳәм 43 896 турақ жай объектлери жәми 51 248 көшпес мүлк объектлери сондай-ақ, 1658 ипотека шәртнамалары мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Қарақалпақстан Республикасында өткен жылда 26 140 аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын Узкад бағдарламасына киргизилди ҳәм 24 221 жерден пайдаланыўшы мәмлекетлик дизимнен өткерилди, ал, 1 919ы болса жерден пайдаланыўшы сыпатында дизимге алынды. 40294 көшпес мүлк объектлерине кадастр ҳүжжетлери берилген.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрельдеги қарарына тийкарланып, өткерилген хатлаў нәтийжесинде 13 мәкан пуқаралары жыйынында 3695 көшпес мүлк объектлериниң кадастр ҳүжжетлери жоқ екенлиги анықланып, ҳәзирги күнде 2877 объекттиң кадастр ҳүжжети пуқаралар ушын бийпул таярланып мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Сондай-ақ, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткен жыл бойынша 1300 ден аслам жағдайларда жерлерди өз басымшалық пенен ийелеў ҳәм нызамсыз қурылмалар қурыў ҳалатлары анықланды. Ал, 3618 жағдайда 3 млрд. 121 млн. 188 мың сум муғдарында ҳәкимшилик жәриймалар қолланылған.

Жуўмақластырып айт­қанда, тараўлардағы исленип атырған жумыслар халық ийгилиги жолында хызмет етери анық.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF