Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:33:05, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКОНОМИКАНЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА МӘМЛЕКЕТ СТРАТЕГИЯЛАРЫНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ

Қарақалпақ Мәмлекетлик университети «Экономика» факультети кафедралары ҳәм АҚШтың абырайлы жоқары оқыў орны есапланған Хартўик колледжи «Экономика» кафедраларының шериклигинде «Миллий экономикалардың раўажланыўында мәмлекет стратегияларының әҳмийети» атамасындағы халық аралық илимий семинар өткерилди.

Семинар жүзбе-жүз ҳәм виртуаль  тәризде шөлкемлестирилип, макроэкономикалық көр­сеткишлердиң жақсыланыўында мәмлекет экономикалық стратегияларының ҳәм бағдарламаларының тутқан орны, 2022-2026-жылларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының әҳмийети, мәмлекетлердиң миллий экономикаларды жақсылаў бойынша қабыллаған бағдарламаларының социал-экономикалық өсимге алып келгенлиги, ҳәзирги дүнья экономикасы бойынша өзгерислер, макроэкономикалық ҳәм әмелий экономика бойынша додалаўлар орын алды. Халықаралық илимий семинарда Қарақалпақ мәмлекетлик университети, АҚШтың Хартўик, Ташкент финанс инс­титуты, Ташкент қаласындағы Ёджу техникалық инс­титуты, Ташкент Мәмлекетлик экономикалық университети, ТашМАУ ҳәм Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар инс­титуты жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, илим изертлеўшилер, магистрлар ҳәм зийрек студентлер белсене қатнасты.

АҚШлы Лаурэнс Дж. Мэлоун «Обама ҳәм ТРАМП экономиканы раўажландырыўға алып келди  (Covid-19 тоқтап турыўға мәжбүрледи)» деген темада семинар алып барды. Семинардың 1-көрсеткишин экономика факультети оқы­тыўшысы, ингилис тили бойынша CEFR «С» дәрежесине ийе, доцент Т. Нурымбетов қарақалпақ тилине аўдарып барды.

АҚШлы Лоуренс Ж.Мэлоун РhD, Нью-Йорк, АҚШ, Онеонта қаласындағы Хартўик колледжиниң экономика профессоры есапланады. Оның оқытыўшылық искерлигин айрықша атап өткен ҳалда, Карнеги қорының экономика бойынша миллий ағзасы ҳәм Фулбрайт бойынша халықаралық қәниге сыпатында танылғанлығын айтыўға болады. Соның менен бирге, бир қанша оқыўлықтың авторы есапланады. Мэлоунның илимий қызығыўшылықлары XVII әсирден тап ҳәзирги күнге шекемге мәмлекет сиясаты ҳәм экономикалық раўажланыўды үйрениўге қаратылған. Ол экономика ҳәм бизнес тарийх­шыларының миллий шөлкеми — экономика ҳәм бизнес тарийхы жәмийетиниң баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Профессор өз көрсетпесинде АҚШта соңғы жыллардағы Президентлериниң әмелге асырған макроэкономикалық сиясаты нәтийжесинде миллий экономикалық өсимге ерискенлиги, қабылланған кең көлемли бағдарламалардың жумыссызлықты кемейткенлиги, басқа мәселелерди айрықша көрсетип өтти. Соныңдай, өз көрсетпеси соңында макроэкономикалық көрсеткишлер бойынша берилген саўалларга жуўап берип, семинардың қызықлы өтиўине еристи.

Экономика илимлериниң кандидаты Қ.Исмайлов Нөкис қаласындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бухгалтериялық есап ҳәм аудит кафедрасы доценти. 1983-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған ол 2000-жылы «Мийнет ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги» темасында кандидатлық диссертация жақлады. Өзбекстан Республикасы Жоқары Аттестация Комиссиясы тәрепинен 2003-жылы доцент илимий атағын алды. Оның 90нан аслам халықаралық илимий мақала ҳәм тезислери, 1 монография, 9 оқыўлықлары, 16 методикалық қолланбасы баспадан шықты.

Ол «2022-2026-жылларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының әҳмийети» деген темада баянат жасады. Семинардың 2-көрсетпесин экономика факультети оқытыўшысы, доцент  Г.Турдыева инглис тилине аўдарып барды.

Семинарда Президентимиздиң 2022-2026-жылларда Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы халық­аралық дәрежеде талқыланды. «Ҳәрекетлер стратегиясы»ның әмелге асырылыўында 300ге шамалас нызам, 4 мыңнан аслам Президент қарарлары қабыл етилгени, келеси 5 жылда «2022-2026-жылларда Жаңа Өзбекстанның раўажланыў страте­гиясы»  халықтың жан басына жалпы миллий өним 1,6 есеге асырыўы ҳәм 2030-жылға барып бул көрсеткишти 4 мың АҚШ долларына  жеткерилиўи белгиленгенлиги атап өтилди. 2023-жылға барып инфляция дәрежесин 5 процентке түсириў, бюджет қытшылығын жалпы миллий өним қатнаста 3 проценттен асырмаў усы ҳүжжет шеңберинде көзде тутылған халқымыздың буннан былай да социал-экономикалық раўажланыўы бойынша басқа да әҳмийетли мағлыўматлар келтирип өтилди.

Семинар даўамында профессор-оқытыўшыларға жасыл экономика, жалпы миллий өним инфляция, жумыссызлық, бәнтлик, пандемия жағдайындағы экономикалық машқалаларды шешиў мәселелери, мәмлекетлик қарызлар басқа да қызық­тыр­ған саўалларға жуўаплар алыўға еристи. ҚМУ профессоры Г.Утемуратова АҚШлы профессордан Арал теңизи машқаласы АҚШ экосистемасына тәсири ҳаққында сорады. Ол бул экологиялық жағдай тек ғана АҚШ экосистемасына тәсир етип қоймай, барлық мәмлекетлерге унамсыз тәсир ететуғынын ҳәм бул бойынша жумысларды еле де жақсылаў зәрүрлигин атап өтти.

Улыўма,  халықаралық илимий семинар жумысы қызғын додалаўларға ҳәм тәреплерди қызықтырған мәселелерде дослық мүнәсибетте сәўбетлесиў көринисинде болып өтти. Қарақалпақ мәмлекетлик университети буннан былый да халық­аралық бирге ислесиўди раўажландырып бара береди.

З.ТӘЖЕКЕЕВ, 

ҚМУ оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF