ҮЛКЕН ИТИБАРДЫҢ ЖОҚАРЫ ҮЛГИСИ
«Бүгинги абадан турмысымыз да, айдын келешегимиз де ҳаял-қызларға байланыслы. Егер халқымыз бизден разы болыўын қәлесек, бәринен бурын, әзиз аналарымыз, апа-қарындасларымыз ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўымыз керек. Ана разы болса, шаңарақ разы болады, шаңарақ разы болса, жәмийет разы болады».
Шавкат Мирзиёев.
Елимизде ҳаял-қызларымызға ҳәр тәреплеме итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста тутқан орны менен абырайын арттырыў, сондай-ақ, өзиниң жемисли мийнети, бай әмелий тәжирийбеси менен елимизде алып барылып атырған түпкиликли реформалар процесине белсене қатнасып, халқымыздың абаданлығын арттырыў жолында баслама ҳәм ибрат көрсетип киятырған бир қатар апа-қарындасларымыз 8-март — Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен Президентимиз тәрепинен сыйлықланды.
Сыйлықланғанлар арасында «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасының қадағалаў-өлшеў әсбаплары ҳәм автоматика цехының техник-метрологы Рая Дәўлетназарова да бар. Ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты сыпатында да халықтың машқалаларын шешиўге, басламаларды әмелге асырыўға қатнасып атырған белсенди ҳаял, төрт перзентти камалға келтирип атырған меҳрибан ана. Ол Президентимиз тәрепинен «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.
— Бүгинги күнде газ-химия тараўында жумыс алып барып атырман, бирақ, мийнет жолымда оқытыўшылық пенен де, исбилерменлик пенен де шуғылландым. Бүгин мен жүдә бахытлыман. Президентимиз тәрепинен жоқары сыйлыққа ылайық деп табылғанымнан шексиз қуўанышлыман ҳәм билдирилген үлкен исеним, көрсетилип атырған итибар мени және де жигерли мийнет етиўге руўхландырады, Президентимизге шексиз миннетдарман - дейди Р.Дәўлетназарова.
М.Игиликова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.