«ЖОЛ БЕРИҢ, АНАСЫН САҒЫНҒАНЛАРҒА...»
Бүгин өзбек шайыры Гүлжамал Асқарованың усы қосығын оқып, көзиме жас үйирилди. Қыялларым анам бар ўақыттағы үйимиз, бийғам балалығым, ата-анамның қаны қарысып, жаны енисип кеткен аўылласларым, табылмас қәдирданларым мәңги қоныс басқан мәкан тәреплерге ылақты. Қағаз қаралаўыма және бир нәрсе — «Сизлерди айыплайман, анасы қаза тапқанлар. Басыңыздан өтипти, анасы тирилерге «Анаңыз барда қәдирин билиңлер, мендей өкинип қалмаң деп неге жар салмайсызлар. Мен кешигиппен» деген жигиттиң наласы себепши болды.
Бундай етип ҳәммеге жәрия етпегени менен анасы о дүньялық болып кеткенлердиң қайсысы усы жигиттей кешиккенинен пушайман болмаған, қайсысы өкинбеген дейсиз? Сен ушын жанын пидә етип жибериўге бәрқулла таяр туратуғын, сени деп көрген қыйыншылықлары менен пидайылықларын бир аўыз миннет етпейтуғын анадан өзге жанды көргенлер бар ма екен, бул жақты жәҳәнде?
Анамыз тирилигинде «қатырып» хызмет етип атырман деген пикирде болған, болатуғын мениң бир өзим емеслигине ийманым кәмил. Бирақ, қаншама хызмет ислесең де аз екенлигин үйиңдеги ып-ыссы, пайызлы орнын сыйпап қалғаныңда, сағынғанда бир көриўге зар болып барлығыңнан кешиўге таяр болғаныңда, жақсы-жаман күнлериңде жаныңнан излеп, кеўил түпкирлериңнен «ҳәзир анам болғанда еди» деген ойлар кешкенде аңлайсаң.
Қудайға шүкир, ата-анамыздың шаңарағының түтини түтеп тур. Барсаң, ғабалақлап алдыңнан шығып, олардың орнын билдирмеўге тырысатуғын туўысқанларымыз бар. Бирақ, төрге салынған төсекке дизе бүкпей турып, ағам менен кишемниң өжиресине кирип өзлери жоқ орынларына сәлем берсем, бурынғысынша қуўанғанынан ушып турып алдыма түсип, дастурхан басына келетуғындай изиме қарағышлайман.
... Анамның меннен он жети жас-ақ үлкенлиги бар. Кишкенелегинде анасы — тийеберсин Несийбели апамыз бала үстинен тапқан наўқаслығынан қайтыс болған соң, ал-ҳә муғаллим жигит айттырды деп кишем жас болса да «теңи келгенде, тегин бер»ип жиберген.
Бизлер сегиз туўысқан едик. Бала ўақтымыздан бизлерди алдастырып, ҳешбир қыйландырмай жумсаў анамыз ушын жыр емеслигин есейгеннен кейин аңғардым. Кеште шай-аўқатымызды ишип-жеп болғаннан кейин кишем еси барымызды да, жоғымызды да дөгерегине үйирип, басынан кеширген аўыр күнлерин, аталарымыздың өмиринен қызықлы ўақыяларды майын тамызып айтып отырып алдыларымызға пахта тасласа, сәл үлкенлеўлеримизге ислең демесе де қумбыл болып шигитлеўге кирисип кетер едик. «Сизлер ақыллысыз, - деп қояр еди арасында. — Үсийтип жаныма жалғаў болмағаныңызда, адамлар мени көрпе-көрпешелерине қарамайтуғын, салақ ҳаял дер еди». Ким анасын салақ ҳаял дегенди еситкиси келеди, таласып-тармасып болып таслар едик. Сабақтан бос ўақытларымызда пахта теримине ертип кетип «ал, узын қанарға ҳүжим, ал, жамаў қанарға ҳүжим» деп жеңин түрип, ыңылдап кирисип кеткенде, ҳалымыздың келгенинше аянбағанбыз. Кеште ағамның соғып қойған арбасына 3-4 қанарды тийеп, қанарлардың үстине минип пахта пунктине барыў, басқа балалар менен арбалар жарысы бизлер ушын сейилден кемис болған жоқ. Анамыздың бәрқулла жанымызда болғанлығы, гейде оның мақтаўларын еситип турыў бахтымыз екен. Гейде жасым нешеге келсе де, шым-шырқадай балалары менен жетпесинликке жеңислик берместен мәрдана турмыс кеширген ата-анамды, шаң-топырақты басымызға көтерип ойнаған бийғам балалығымды сағынаман.
Бизлер китап оқыўды ата-анамыздан үйрендик. Ағам көбинесе жумысынан бир қолтық газета-журналлар менен қайтар еди. «Әмиўдәрья» дейсиз бе, қазақша «Жулдыз», өзбекше «Фан ва турмуш», «Саадат», «Муштум», «Гүлхан» журналлары ма, текше толып турар, бирде-биреўин жыртқызбай қәстерлеп сақлады. Жетинши класс саўаты бар кишем, өле-өлгенше китап оқыды.
Ол жүдә қолы ашық, сақый ҳаял болды. Балаларынан аўысқандай нәрсе болса, ҳешкимнен аяған жоқ. Үйимиз аўылдағы үйи-жайы жоқ ғәриплер ара-арасында арқайын келип қонып кететуғын, кир-қоңы болса кишеме жуўдырып алатуғын сийрек шаңарақлардан еди. Бизлерге «Ҳәркимди бир жолға салған Алламсаң деген, усылардай болмағанымызға шүкир, қыйланбаң балаларым. Буларды сыйласаң, қудай жеткере береди» деп үйретти. Кишкене-кишкене төрт өжиреден ибарат үйимизге қанша қонақ келсе де тарлық еткенин сезбегенбиз.
Кишем жүдә диншил болды. Аты шыққан Мамытжан мақсым (ҳақыйқый аты Махмуджан екенлигин соң билдик) оны «жийеннен туўылған жийенше» деп қатты сыйлар, үйимизге жийи-жийи қыдырып келер еди. Сонлықтан ба, анам намаз-оразасын пүтинлеп, жас болса да бәрҳа ийманын тилеп жүрди.
Ата-анам аўылға киндигинен беккем байланып, турмысын аўылсыз көз алдыларына келтире алмады. Суўсызлықтың ўақтында үйимиздиң қасындағы үлкен бағымыздан бираз мийўелер қуўрап, атызлары егилмей, ерте писиретуғын қаўын-қәмегинен де бос қалып, еңселери түсиңкиреди. «Халық пенен көрген уллы той», елден шығысып қаяққа барамыз деп қасарысқанына қарамастан, бәримиз ата-анамызды геўкеўлеп, Нөкистен жай сатып алдырдық. Олар аўылдағы жайымызды таслап, көшип те келди. Қызларының биразы нөкисли, уллары студент болғанлықтан алданып, бир-еки жыл қалалы болып көрди. Бирақ, түбинде ағамның айтқаны болды. Көш-қолаңын жыйнастырды да, ҳеш қайсысымызға ойласып отырмастан бир күнде аўылға ҳайт қойды. Айланып барғаннан кейин таза имарат салды, қуўрап қалған бағымызды жаңартты, қатар-қурбыларына, қәдирданларына қосылған соң кеўли жай таўып, әндамлы турмыс кеширди. Ағам гейде жыллы орнынан қозғағанымызды, қалалы боламан деп торға түскендей ҳалға келгенлигин, қалалылардың айырым әдетлерин әңгиме етип отырар еди.
... Олар кеткели бағымыз және сийрексийин деди. Күн жылыўдан үйимиздиң жанындағы қара үйдей болып туратуғын ақ сөкиттиң астындағы үлкен сыпада бәрҳа китап оқып жататуғын ағам, жанында «бүгин биреўи келер деп едим-аў» деп жолға қарап, барсақ көзи жарқ ете қалатуғын кишем ҳәзир перзентлери ушын бир елес ғана.
... Кишемниң о дүньялық болып кеткенине демде алты жыл болыпты. Оны түсимде көрсем, ағамның кейин салған ҳәўлидей жайында емес, сол баяғы ғәрип ҳал, бирақ, пайызлы үйимизде жүрген боламыз. Кишемниң болса, сол сабырлылығы, сол жайқыйып жүриси. Ҳәзир де анам менен арамызда мен уға бермейтуғын бир байланыс бардай. Қыйлансам да, қуўансам да, түсиме гейде муңайып отырғаны, гейде мыйығынан күлип, кеўли тоқ болып жүргени енеди.
Билемен, бундай кеширмелер ҳәммениң де қәлбинен өтеди. Анам қайтыс болған жылы «Түсиме анам енген күн» атлы мақалам жәрияланғанда, оны оқыған бираз қызлардың жылағанын көргенмен. Олар әлбетте, бинай өмиринде көрмеген мениң анам ушын жыламағанлығын да түсинемен. Олар анасы өткенлер, анасын сағынғанлар. Мен киби анам бәрқулла тири тура береди деп ойлап, арқайын болғанлар. Анасының мәңги таслап кеткенин бир-ақ билип қалғанлар. Турмыстың майда-шүйде тәшўишлерин ысырып таслап, анама неге бара бермедим, неге бере бермедим, неге ыссы қушағына кирип ийискелей бермедим деп илажсызлықтан демин ишине жутатуғынлар...
Жақында социаллық тармақтан Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий ҳәзирет Нуритдин Халықназаровтың ананың қәдири туўралы мешитте жәмәәт алдында айтқан тәсирли бир нәсиятын тыңладым. Онда еки қолы да жоқ, еки аяғы ислемейтуғын, ҳеш ҳәрекет болмағанлықтан, ишеклери жүриспейтуғын, анасы ҳәтте артқы ишегин де қолы менен тазалайтуғын бир жас жигиттиң әрманы туўралы сөз етти. Араб мәмлекетлериниң бириндеги мешитте усы жигитти коляска менен жыйналған адамлар алдына алып шыққанда: «Мениң тек ғана бир әрманым бар. Ол да болса, усы ҳалымда дүньяға келгениме қарамастан мени таслап кетпеген, усы жасыма шекем мениң қол-аяғым болған анамның жүзин қолым ислеп кетип бир сыйпаласам, бир мәрте болса да баўырыма басыўға имканиятым болса, анам менен Кааба әтирапларында жүрсем деймен» дегенде жума намазына жыйналған халықтың бәри жылады. Оны планшеттен көрип отырған мен де жыладым. Мине, ананың пидайылығы, мине, өзлериңиздей бир жигиттиң наласы. Еки қолыңыз саў, аяқларыңыз пүтин, сизлер ең соңғы рет қашан аналарыңызды баўырыңызға басып қушақладыңыз! Қашан жүзлеринен сыйпалап еркеледиңиз!..
Муфтийдиң бул тәсирли сөзлери мыңлаған жүреклерди жибитери анық. Тәбият өз заңын өткерместен бурын аналарды көриўге асығайық, әзизлер!
Пердегүл ХОЖАМУРАТОВА.