70 ЖАСТА СТУДЕНТ БОЛЫЎ...
Әлбетте, ата-бабаларымыздан қалған даналық гәп бар: «Перзент пенен дәўлеттиң, ерте-кеши жоқ» дегениндей, оқып, билим алыў да жас таңлап, шегара билмейди.
Яғный, оқыйман деген адам ушын тек ғана өзинен талпыныс, ҳәрекет болса болғаны. Жақында Қарақалпақстан телеканалы арқалы «70 жаста студент болған Шыныгүл апа» деген көрсетиўге көзим түсип қалды. Алдынлары бундай ўақыяның гүўасы болмағанға ма жасыратуғыны жоқ исенерим ди, я исенбесимди билмедим. Деген менен қызық та, нешше жыл көркем-өнер тараўында жумыс ислеп, қартайғанда аяқ созып, ғаррылық гәштин сүретуғын ўақытта, бул апаны не мәжбүрледи екен, деген ой қыялымды шетлеп өтпеди.
— Дурыс, мениң бала гезимнен көркем-өнерге ықласым өзгеше болды. Өзим сүйген кәсибимде өмир бойы жумыс иследим. Ала мойнақ дуўтардың қыр-сырларын толық меңгергенмен. Деген менен, жоқары оқыў орнында оқып, билим алыў, жаслығымнан жүрегимниң түп-түбине мөрленип, әрманыма айланған еди. Қудайға шүкир, шаңарағымдағылардың, әсиресе, ақлық қызымның қоллаўы менен орынланбас әрманға айланып үлгерген студент болыў бахтына еристим. Мен буннан ҳеш қысынбайман. Қайтама өмирдеги ең бийик арзыўымның әмелге асқанына шүкиршилигим шексиз. Және де айтайын дегеним, ҳәзирги жасларға ҳәўес пенен қарайман. Себеби, олар ушын барлық имканиятлар есиги ашық. Оқыў орынларындағы туўдырылған мүмкиншиликлерди айтпасаң да болады. Тийкарғысы, мен де усындай имканиятлардан утымлы пайдаланып, сол жаслардың бири болып оқып атырғаныма қуўанышлыман, - дейди мақаламыз қаҳарманы Шыныгүл Досхожаева.
Ҳақыйқатында да, 70 жаста студент болыў, заманагөй билимлерди жаслар менен бирдей өзлестириў, еситкен қулаққа сәл ерсилеў түйилсе де бүгинги күнниң ҳақыйқаты. Көпшиликте ҳәр түрли ойлар түйилиўи мүмкин. Лекин, биз терең пикирлеп, жуўмақ шығарыўға асықпайық. Көркем өнерге жаны қумар ҳаслы тахтакөпирли Шыныгүл апаның жаслықтағы арзыўлары бир төбе еди. Тилекке қарсы, жас қыздың ойлағаны иске аспай, турмыс тәшўишлерине жеңилип, өзи қәлеген билим журтын тамамлай алмайды. Деген менен, ўақыт дигиршиги тынбай айланып, зымыраған жыллар оны меҳрибан ана, шебер үй бийкеси, ал, жумыс бабында жақсы қәниге етип тәрбиялағанына гүман жоқ.
Өмириниң сәл кем 50 жылын көркем өнерге бағышлаған Шыныгүл апа Досхожаева арқа районлардың бири болған Тахтакөпир районында зыялылар шаңарағында дүньяға келди. Ол орта мектептен соң медучилищени тамамлайды. Мийнет жолын мийирбийкеликтен баслаған болса да бәрибир лаўлаған жүректен шыққан ушқын басылмай, көркем өнерге деген ықласы басым келип, 1969-жылдан баслап Телерадиокомпанияда сазенде, қосықшы болып хызмет етеди. Соңынан өндиристен қол үзбей Мәдений ағартыў техникумын айрықша диплом менен питкереди. Қыздағы жумысқа деген уқып, талант, жасларға тән ғайратына гүўа болған тараў басшылары оны өзи билим алған билим дәргайына оқытыўшы етип алып қалады. Бар билгенин жасларға үйретип, көплеген талантлы жаслардың, хош ҳаўаз бүлбиллердиң жетилисип шығыўына үлес қосты. Әлпайымлығы, жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззет, кеңпейиллиги оның үлкен жәмәәтте орнын белгилеп, мәкемениң абырайлы бир хызметкерине айландырды. Шыныгүл апа сол жәмәәттиң шүлен қазанында қайнап, мийнетиниң арқасында татлы нан жеп, басшылық оны қайсы жумысқа жексе де мүлтиксиз орынлап, исенимди ақлайды.
Негизинде тарийхқа айланған өмир жоллары көпшиликке үлги бола алатуғын апаның бир ғана әрманы жоқары мағлыўматлы болыў еди. Мәмлекетимиздеги әдил сиясаттың нәтийжесинде Шыныгүл апа оқыўын даўамлап, Өзбекстан Көркем өнер институты Нөкис филиалының «Саз әсбапларын басқарыў» факультетиниң 3-курсында билим алмақта. Шыныгүл апа ҳаққында берилген көрсетиўди көрип, оның менен жүзбе-жүз көрисиўди кеўлиме түйген едим. Жақында оны өзи билим алып атырған дәргайда ушыраттым. Таң қалғаным, оның ҳәммеге бирдей әдеплилиги, кәсибине болған ықласы, шерткен намаларының жағымлылығы, пикирлериниң тереңлиги бой-сынына жарасқан. Усындай қәсийетлерине қарап, бул ападан елеберин көп нәрселер күтсек болады екен, деген ойға таласаң.
— Студент болыў қыйын емес. Жаслығымда оқыйман дегенимде ағам қарсы шықты. Негизинде дөретиўши, көркем өнер тараўын таңлағанлар ҳеш қандай бөгет, тосыққа ушырамаўы керек. Себеби, талант деген. Түрли себеплерге бола оқыўымды тамамлай алмаған едим, ал, енди даўам еттириўге ҳәрекеттемен. Мен 70ке шықтым демеймен. Дурыс, билим берип атырған оқытыўшылардың бәри менен кишкене. Бәрибир олар аты менен устаз. Оларға ҳеш жасы киши сыпатында қарамағанман. Мен оқыўшыман, соның ушын олардан бир нәрсе үйрениўге тырысаман. Қуда қәлесе, магистратурада да оқыў нийетим бар, - дейди, апамыз.
Өмирдиң сынақлы ҳәм санаўлы күнлеринде инсан ҳәр тәреплеме тапланып барады екен. Демек, жақсы нийетлерди кеўлиңизге түйген болсаңыз, әлбетте, гөзлеген мәнзиллерге жеткизиўши жоллар да айдын ҳәм бийқәтер боларына гүман жоқ. Ойлап қарасақ, ҳаялдың бахты оның шаңарағында. Шыныгүл апа да өмириниң мазмунына айланған перзентлерине бахытлы келешекти инам етиў ушын, турмыстың аўыр жүгин бир ийиннен көтерип, оларды кәмил инсанлар етип тәрбиялады. Өзиндеги өксикти қайталамай, перзентлериниң бәри де жоқары мағлыўматлы қәнигелер болып, жәмийетимиздиң ҳәр түрли тараўларында мийнет етпекте. Тийкарғысы, табысларына бөленип атырған ананың әрманы да орынланып, бүгинлиги ол өз ақлығы Меҳрибан менен бир топарда билим алмақта. Кеўлиндеги кемтиги толып, жаслар менен теңдей қәдем атып атырған Шыныгүл апаның мийнеткешлиги, дөретиўшилик уқыбы ҳәр қандай алғыс ҳәм сыйлықларға мүнәсип, деп ойлаймыз.
Сапура ТУРДЫБЕКОВА,
СҮЎРЕТТЕ: Шыныгүл Досхожаева.