ҲАЯЛДЫ ҚӘДИРЛЕЎ-ЖАҚСЫЛЫҚ ҲӘМ ӘДАЛАТЛЫҚ ӨЛШЕМИ
Усы жылы 7-март күни Нөкисте халық аралық Ҳаял-қызлар байрамына бағышланып байрам кешеси болып өтти.
Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураний аналар, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелердиң жуўапкерлери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, әзелден аналарға, барлық ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетилип, оларды өмир даўамшылары сыпатында айрықша қәдирлеп келген. Бүгинги күнде ҳаял-қызлар жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстың барлық тараўларында табыслы жумыс алып бармақта.
Президентимиз тәрепинен елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Әсиресе, соңғы жыллары Гендер теңлиги мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине айланды. Сондай-ақ, «Ҳаял-қызлар дәптери» жолға қойылып, қәбилетли қызларға сыйлықлар, исбилермен ҳаялларымыз ушын жеңилликли кредитлер, қызларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын қосымша квоталар берилмекте.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасы ҳәм олардың жәмийеттеги абырайын және де беккемлеў бойынша жаңа ўазыйпалар белгилеп берди. Бул Жаңа Өзбекстанды, соның ишинде Жаңа Қарақалпақстанды қурыўда ҳаял-қызларымыздың буннан былай да белсендилигин арттырады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-марттағы «8-март – халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы менен елимизде алып барылып атырған түпкиликли реформаларда белсене қатнасып, жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың абаданлығын раўажландырыў жолында баслама ҳәм ибрат көрсетип киятырғаны ушын республикамыздан 8 ҳаял-қыз орден ҳәм медальларға сазаўар болды. Сондай-ақ, байрам қарсаңында айрықша таланты, зийреклиги, интакерлиги, оқыўдағы табыслары және билимлендириў, илим, әдебият, көркем өнер, мәденият, спорт тараўларында ҳәм жәмийетлик жумыста ерискен айрықша жетискенликлери ушын бир топар қызлар, соның ишинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-курс студенти Зухрахон Мақсадова ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 4-курс студенти Еркинай Орынбаева Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.
Салтанатлы кешеде бир топар пидайы ҳаял-қызларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен «Ардақлы нураний», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлықлары» тапсырылды. Сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги, өзлериниң жоқары нәтийжели мийнети менен ажыралып киятырған бир топар ҳаял-қызлар «Мўътабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Сыйлықланғанлардың атынан шығып сөйлегенлер, ҳаял-қызларға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын Президентимизге өз миннетдаршылықларын билдирди.
-Ҳақыйқатында елимизде ҳаял-қызлар ушын барлық шараят жаратылған,-дейди Беруний районынан мийнет ветераны, «Мўътабар аёл» көкирек белгиси ийеси Ырысгүл Қутимова.-Узақ жыллар фермер хожалығына басшылық етип, енди ақлығыма тапсырдым. Сонда да аўыл хожалығындағы бар билим және тәжирийбемди айтыўдан жалықпайман. Усының есабынан өткен жылды 300 миллион сум сап пайда менен менен жуўмақладық.
Салтанатлы кеше республикамыз көркем өнер шеберлериниң байрам концерти менен даўам етти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети.