Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:05:16, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚТАЎҒА ЫЛАЙЫҚ ЖУМЫСЛАР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги «Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилериниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен усы жылдың 1-январынан баслап республикамыздағы ҳәр бир посёлка ҳәм аўылда, сондай-ақ, қалалар, қалашалар ҳәм аўыллардағы ҳәр бир мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район ҳәм қала ҳәкимлериниң жәрдемшиси лаўазымы шөлкемлестирилген еди.

Биз жақында Беруний районына шөлкемлестирген хызмет сапарымыз даўамында Президентимиздиң атап өтилген қарарының районда орынланыў барысы, «Қыят» мәкан пуқаралар жыйынына бекитилген ҳәким жәрдемшиси Азамат Раджаповтың алып барып атырған жумыслары менен жақыннан танысқан едик. Дәслеп оның өмир ҳәм мийнет жолына нәзер салатуғын болсақ, ол 1978-жылы Беруний районында туўылған. Орта мектепти питкергеннен кейин 2006-жылы ҚМУниң ҳуқықтаныў факультетин бакалавр бағдарында, 2009-жылы Ташкент мәмлекетлик юридика университетин магистратура бағдарында питкерген. 2009-2011-жылларда Беруний районындағы «Гилемши Азамат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин басқарған. 2011-2014-жылларда ҚМУниң экономика факультетиниң экономика бөлимин бакалавр бағдарында питкерген. 2014-2016-жылларда райондағы «Азамат-Нодирбек» ЖШЖниң бас есапшысы, 2016-2018-жылларда баслығы болып ислеген. 2018-2021-жылларда райондағы «Граф фортуна логистик» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин басқарып, туризм ҳәм логистика бағдары бойынша 20 адамды жумыс пенен тәмийинлеген. Усы жылдың январь айында А.Раджапов жаңадан шөлкемлестирилген ҳәким жәрдемшиси лаўазымына талабан болып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының басшылығындағы таңлаў комиссиясына ҳүжжетлерин тапсырып, l0-январь күни ашық таңлаў тийкарында Беруний районындағы «Қыят» мәкан пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшиси лаўазымына жумысқа қабыл етилип, жаңадан жумыс баслады.

Бүгинги күнде мәмлекетимиздеги жаңа система тийкарында Беруний районындағы 40 мәҳәллелерге де ҳәким жәрдемшилери тайынланды. Районда бүгинги күнде 37800 шаңарақ болып, оларда 197360 халық жасайды.

— Ҳәзирги ўақытта Президентимиз ҳәр бир мәҳәллеге бириктирилген ҳәким жәрдемшилерине үлкен исеним билдирмекте. Себеби, ҳәким жәрдемшилери Президентимиздиң мәҳәлледеги ўәкили саналады. Олар өзлерине бириктирилген аймақларда ҳәр күни тынымсыз жумыс алып барып, халыққа мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып берилген шараятларды жеткериўи, исбилерменликти ҳәм дийқаншылықты үйретиў арқалы оларды кәмбағалықтан шығарыўы тийис. Сондай-ақ, аймақтағы жумыс ислеў имканияты ҳәм тилеги бар, бирақ шараяты аўыр шаңарақ ағзаларын, жумыссыз пуқараларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм өз жумысын баслаўы ушын жеңилликли кредит, субсидия алып бериў ямаса  дийқан хожалықлары ушын оларға жер ажыратыў мәселелери менен де шуғылланыўы зәрүр.

«Қыят» МПЖ аймағында бүгинги күнде 674 шаңарақ бар болып, оларда 40l8 халық жасайды. Жыл басында аймақтағы 586 шаңарақ хатлаўдан өткерилип, 4 категорияға бөлинди. Биринши категория. Дәрамат дәреги аз, бирақ дәрамат табыўға ҳәрекет етип атырған шаңарақлар саны — 10. Екинши категория. Турақлы дәрамат дәрегине ийе болған, бирақ дәрамат табыўға тилеги бар болған шаңарақлар саны — 487. Үшинши категория. Социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалт­қан ҳәм майыплылығы бар болған шаңарақлар саны — 57. Төртинши категория. Экономикалық жағдайы жақсы ҳәм қурғын шаңарақлар саны — 32. Аймағымыздағы шаңарақларды хатлаў жумыслары усы жылдың 20-февралына шекем толығы менен жуўмақланды. Хатлаўдан өткерилген шаңарақларда жумысқа жарамлы 643 жумыссыз пуқаралар анықланып, олардың 277си жумыс ислеў, 40ы кәсип-өнерге, 27си исбилерменликке оқыў, 30ы банктен жеңиллетилген кредит алыў тилегин билдирди. Үйренилген шаңарақларда 10 8 топар, 38 88 топар ҳәм 9 888 топар майыплары анықланды. Усы жылдың дәслепки еки айы даўамында аймағымыздағы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәрамат дәреклерин арттырыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, бес пуқараға шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде «Агробанк»тиң районлық бөлиминен жәми 216 млн. сум муғдарында 14 процентли үш жыллық жеңиллетилген кредитлер алып берилди. Соннан қусшылықты раўажландырыў ушын  Шуҳрат Муратов ҳәм ҳаялы Рано Якубовалардың ҳәр бирине 25 млн. сумнан 50 млн. сум муғдарында, пал ҳәррешиликти раўажландырыў ушын Мырза Сапаровқа 33 млн. сум муғдарында, темир ҳәм қаңылтыр өнимлерин ислеп шығарыў ушын Усман Саидовқа 100 млн. сум муғдарында, тигиўшиликти раўажландырыў ушын Дильфуза Хожанапесоваға  33 млн. сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер алып берилип, олар ҳәзирги ўақытта шаңарақлық исбилерменлигин баслап жиберди. Сондай-ақ, кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке оқыў тилегин билдирген еки пуқарамыз бүгинги күнде «Жумысқа мәрҳәмат!» моноорайы, кәсип-өнерге оқытыў орайы ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелеринде оқытылмақта.

Алдағы ўақытларда аймағымыз хал­қы ҳәм исбилерменлеримиз тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар тийкарында мәҳәлледеги бир трансформаторды жаңасына алмастырыў, аймақта спорт майданшасын қурыў тилегин билдирген Акром Хдировқа жеңиллетилген кредит алып бериў ҳәм мәҳәлледеги балаларға мектепке қатнаўы ушын тротуарлар қурып бериў бойынша жумысларымызды баслап жибердик, - дейди «Қыят» мәкан пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшиси А.Раджапов биз бенен сәўбети барысында.

Сапарымыз жуўмағында А.Раджаповтың өзине бириктирилген аймақтағы халықтың исбилерменлик басламаларын әмелге асырыўға финанслық жәрдемлесиў, олардың дәраматлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў, мәҳәлле кесиминде жумыс ислеў системасын жаңа басқышқа алып шығыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы алып барылып атырған жумыслары мақтаўға ылайық екенлигиниң ҳәм оннан басқалар үлги алса арзыйтуғынлығының гүўасы болдық.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз. 

Беруний районы.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF