ӘДИЛЛИК ҚАРАР ТАБЫЎЫ УШЫН
Әдиллик министрлиги жумыс ўәкиллиги кеңейип, халықтың ҳуқықый мәпин қорғаўда жақын жәрдемши системаға айланды. Өткен 2021-жыл даўамында министрликке 4692 мүрәжат келип түсти. Соннан 9 млрд. 363 миллион сумлық даўа арзалар судларда көрилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Усы арзалардың көпшилиги пенсия тәмийнаты мәселесинде. Бул тараў жумысларын үйрениў барысында пенсия қорының айырым район, қала бөлимлери тәрепинен пуқараларға напақа тайынлаўда олардың ис стажларын ҳәм ислеп тапқан табысларын толық есапқа алмағанлықлары анықланды. Усындай қәте-кемшиликлер себепли Пенсия қорының Мойнақ районы бөлими тәрепинен көплеген пуқараларға кем пенсия тайынланғаны анықланып, олардың мәплери қорғалды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-февральдағы «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын буннан-былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына бола пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң лаўазым ис ҳақысына 30 процент үстеме пулларын төлеў жағдайлары мониторинг етилгенде республика аймағында жайласқан 384 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында жумыс ислеген 1306 хызметкердиң үстеме пуллары төленбегени анықланды. Бул жағдайлар бойынша министрлик тәрепинен тийисли жумыслар алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларының орынланыўын жыл даўамында мәнзилли ҳәм тематикалық үйрениў Бағдарламасына тийкарланып 5 тараўда — пенсия тәмийнаты ҳәм халықты социаллық қорғаў, экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараўдың объектлерин энергия ресурслары менен тәмийинлеў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, халық билимлендириў ҳәм статистика тараўларында мәнзилли ҳәм тематикалық үйрениўлер өткерилди. Онда 6 нызам, 27 пәрман, 43 қарар, 4 баянлама орынланыўы талқыланды және де пәрман, қарар, 500ден аслам тапсырмалардың орынланыўы мониторинг етилди. Үйрениўлер нәтийжесинде 900ден аслам нызам бузылыў жағдайлары анықланып, кемшиликлерди сапластырыў ушын 23 усыныс берилди. Бир мысалF билимлендириў тараўында Президент қарары тийкарында төлениўи керек болған үстеме пуллар 15 оқытыўшыға төленбегени анықланып, 472 миллион сум төлеп берилди. 2-10 жас аралығындағы жас өспиримлерге арнаўлы препаратлардың тарқатылыўы мәселесинде де кемшиликлер анықланды. Булардан басқа көшпели қабыллаўларда 700ден аслам мүрәжатлар тийисли тәртипте көрип шығылып, унамлы шешимин тапты. Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 1200ден аслам мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде 400ге жақын үйрениўлер өткерилди, 110 мыңнан аслам нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.
Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәжилислер залында өткен жылы исленген жумыслар дөгерегинде ғалаба хабар қураллары хызметкерлери менен биргеликте баспасөз конференциясы болып өтти.
Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбетқадыров мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысын муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин асырыў, нызамлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер жумысын муўапықластырыў ҳәм методикалық басшылықты әмелге асырыў, ҳуқықты қоллаў әмелиятын избе-из ҳәм бирдей тәмийинлеў бойынша режелердиң әмелге асырылыўы ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди. Өз гезегинде журналистлер де өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Улыўма әдиллик болған жерде ис өнимдарлығы да, аўызбиршилик те, табыс та болатуғынлығы турмысымыздың дәлили екени белгили. Елимиз экономикасының өсиўинде де әдиллик принципи баслы мәселе екени анық.
Б.КАРАМАТДИНОВА.