Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:44:13, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚ ДИЯРЫ ЖАҢАЛАНБАҚТА

Президент Ш.М.Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға сапар етиўинен кейин туўылған ойлар

Инсан өмири бәрқулла сырларға толы. Әсиресе кимниңдир бахты ашылып, әўмети жүрип, арзыў-ни­йетлери әмелге аса басласа оған Алланың нәзери түскен адам деп айрықша ҳүрмет көрсетеди. Усы сөз әтирапында және де көбирек пикир жүргизсек, бундай адамларға әййемде патшаның нәзәри түскен, деген сыпатламаларды еслеймиз.

Бүгинги күнде Қарақалпақстанда қарақалпақ халқына Президентимиздиң нәзери түскен, деген пикирлер көбирек айтылмақта. Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға ҳәр бир сапар етиўи бул жерде жасайтуғын мийнеткеш, кеўли аспандай ашық, мийнет сүйгиш адамлардың кеўлинде — ең жақсы мақсетлерди оятады. Олар бизлерге Президенттиң нәзери түскен, деп мақтанып жасайды.

Президентимиздиң Қарақалпақ жерине 23-24-февраль күнлериндеги сапар етиўи бул үлкениң тарийхында және бир жарқын бет ашты. Бул жаңа бет — Қарақалпақстанның ең алыс районы Мойнақта жаңа Ҳаўа жолларының пайда болыўы менен ашылды. Биринши мәрте ҳаўаға көтерилген 1-санлы борт Ташкенттен тиккелей Мойнаққа келип қонды.

Бүгинги жаңа заманагөй аэропорт имаратын көрип, әсиресе, нураныйлар оның 1947-жылы қурылғанын еслейди. Бурын киши самолётларды қабыл еткен ҳәм кейин ала улыўма ислемей қалған бул ҳаўа жоллары бүгин өмирге қайтты. Бул аэропорт­қа дәслепки мәрте Өзбекстан Президентиниң самолёты келип қонды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги дөретиўшилик жумыслар менен танысты. Аэропортта 50 жолаўшыға мөлшерленген жаңа терминал қурыл­ған, ушыў-қоныў коридоры ҳәм майданшалар оңланған. Комплекстиң әтирапы көклемзарластырылған.

Президент усы жерде мойнақлы жасы үлкенлер, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар менен ушырасты.

— Соңғы бес жылда көп нәрсени үйрендик, бурын исенилмеген нәрселерге исендик. Мен биринши келгенимде «мәденият Мойнақтан басланады» деген едим. Солай болып атыр. Мине усы аэропорт да бир мысал. Енди Ташкент — Мойнақ — Нөкис авиақатнаўы жолға қойылады, - деди Шавкат Мирзиёев.

Бул жаңалықты тек ғана мойнақлылар емес, ал, дүнья жәмийетшилиги де жоқары кейпият пенен күтип алды. Бул қуўаныш Мойнақтың ке­йинги турмысында айрықша әҳми­йет ийелейтуғыны әйне ҳақыйқат. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, аймақтың экологиялық  жағдайын жақсылаў, Аралдың қурыған бөлегинде тоғайлардан ибарат «Жасыл мәкан» жаратыў жумыслары қызғын даўам еттирилмекте.

— Биз бул қыйын шараятта егиў бойынша үлкен тәжирийбе арттырдық. Бул жерге өзимниң келиўимнен мақсет — енди бул жумысларды илимий тийкарланған тәризде даўам еттиремиз, - деди Шавкат Мирзиёев.

Илимий излениўлер алып барып, аймақтың топырағына сәйкес нәллер жаратыў, кейинги басқышта шар­ўашылықты раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди.

Аралбойының флора ҳәм фаунасын жақсылаў бойынша 5 жыллық миллий бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мойнақ ҳаққында көп сөз еткендей боламыз, бирақ, ойлап қарасақ, көп жыллар алдын Мойнақ дегенде муңайып қалатуғын едик. Ҳәзир болса мақтаныш етемиз. Бул жердеги жаңаланыўларды қанша айтсақ та арзыйды.

Мойнақ районы халқын сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде 2017-жылы жойбар баҳасы 26,4 миллиард сум болған, узынлығы 96,4 км «Қоңырат — Мойнақ» магистрал суў қубыры ҳәм Қоңырат районында қуўатлылығы суткасына 7,0 мың кубометрге ийе болған суў бөлистириў имаратының қурылысы алып барылды. Нәтийжеде 25 мыңнан аслам халық орайласқан ҳалда таза ишимлик суўы менен биринши мәрте тәмийинленди.

Бундай санларды көплеп келтириў мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға бул ретки сапар етиўи аймақтың ең шетки районларында даўам етти. Адамлардың көзиндеги қуўаныш — жаңа арзыў-нийетлер, исеним руўхын және де беккемледи.

Тахтакөпир районының ең алыс аймағы «Белтаў» аўылын бүгин танып болмайды. «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында алып барылған шексиз абаданластырыў жумыслары аўылдың келбетин танып болмайтуғын дәрежеде  өзгертип жиберди...

Кең тегис жоллар, дем алыў орынлары, монша, спорт майданшалары пайда болды. Суўды тазалап берип атырған жаңа технологиялы агрегатлар адамларға таза ишимлик суўынан пайдаланыў имканиятын жаратты. Сапар даўам етер екен, мен Мәмлекетимиз басшысының ески қарақалпақ жерине қойған қәдемлери қаншелли қутлы киятырғаны ҳаққында ойладым.

Президентимиз Шоманай, Беруний районларында да болғанында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў принциплериниң әмелге асырылып атыр­ғанына гүўа болдық. Бундай жумыслардың әтирапында дөретиўши сыпатында ойладым, халқымыз оғада үлкен жолдың басында тур. Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы, 7 тийкарғы бағдар ҳәм 100 мақсет перспективалары үлкен жолдың бәлент 100 текшесине уқсайды. Бул 100 текше инсан қәдирин улығлап, ҳәммемизди және де бирлестирип, дөретиўши, жаратыўшы күшке айландырмақта. Қарақалпақстанда басланған жумыслар буның айқын дәлили болып тур.

Мәмлекетимиз басшысы халқымыздың абаданлығы ушын барлық имканиятларды жаратып қойыпты. Әсиресе, мәмлекетлик хызметкердиң мәҳәллеге келгени ҳәр бир шаңарақтың өзин мәмлекет қорғаўында екенине исенимин арттырды. Елимизде өнерментлер үйлери, кәсипке бағдарлаў, қаржы менен тәмийинлеў сыяқлы жеңилликлер бар. Қайсы ўазыйпа ортаға шықса орынланыўы тәмийинленбекте.

Мен нураный сыпатында ойлап қаламан...

Қандай күнлерди көрген едик...

Халықтың дәрти, тәшўишлери, машқалалары айтылатуғын еди. Бирақ, айтылған жерде ўәделер қалып кететуғын еди. Айырым қарарлар жазылып, қағазларда қалып кететуғын еди. Бүгинги күнде Президентимиздиң жеке басламасы менен ҳәммесиниң анық есабы бар. Ўазыйпалар белгиленген, орынланыўы қадағалаўда, нәтийжеси халықтың абаданлығында.

Беруний районында белсендилер мәжилисинде мәмлекетимиз басшысыF «Қарақалпақстанның адамлары мийнеткеш, жери бай. Енди самаллары да экономикаға пайда келтиреди. Егер биз үлкен кәрханалар қурамыз, десек, бирге ислесиўшилеримиз бәринен бурын «энергетикаң бар ма, жолың бар ма, инфраструктураң бар ма» деп сорайды. Бул жерде қуўатлылығы 100 мегаватт болған самал электр станциясының қурылысы аймақ экономикасына қосымша күш, тийкар болады.

— Инсан қәдири ушын, деген баслы принцип тийкарында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша да үлкен мақсетлер қойғанбыз.

Келеси бес жылда 2 мың 500 жаңа кәрхана шөлкемлестирилип, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин дерлик еки есеге арттырыў режелес­тирилген. Қайта тиклениўши энергия дәреклери бул жумысларға күшли түртки береди. Буннан перзентлеримиз, келешек әўладлар да пайда көреди, - деп исеним менен атап өтти.

Мине сапар етиў де жуўмақланды. Мен мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға алдынғы сапар етиўлери даўамында бул үлкениң және де абат болыўын белгилеп берген тийкарғы бағдарлары, олардың нәтийжелери ҳаққында ойладым.

Бүгин халқымызды көбирек қайсы машқалалар қыйнап атыр! Ишимлик суўы, электр энергиясынан үзилислер, газ тәмийнатындағы қолайсызлықлар, оңлаў талап ететуғын жоллар, турақ жайлардың жетиспеўи, жумыссызлық, кәсип-өнер бойынша маманлық жетиспеўи, кәмбағаллық машқалалары.

Өзим де депутат сыпатында сайлаўшыларым менен ушырасқанда усы мәселелер бойынша наразылықлар көбейеди. Сораў-жуўаплар, усыныслар, пикирлер айтылады.

Усы жерде бир ҳақыйқатлықты атап өтпекши едим. Мәмлекетимиз басшысы халқымыз кеўлинен өтип атырған нийетлер, мақсетлерди ҳәмийше итибарға алады. Адамлар не деп атырған болса, селектор мәжилислеринде усы машқалалар айтылады ҳәм олардың шешими де табылады.

Өткен жылларда Қарақалпақстанда усы тараўларда әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтсек. Халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаў, көрсетилип атырған коммуналлық хызметлердиң сапасын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар — ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системаларын жақсылаў тараўында:

Қарақалпақстан Республикасында 2022-жыл 1-январь жағдайына жәми 1,9 миллион халықтан 1,32 миллионы ямаса 68,1 проценти орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген.

2017-2021-жылларда ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери тараўында әмелге асырылған жумысларға жәми 612,8 миллиард сум орайласқан қаржылар ажыратылып, 2 мың 222,3 км ишимлик суў, 59,6 км ақаба суў тармақлары ҳәм 88 ишимлик, 14 ақаба суў имаратлары жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 2017-жылдың басында халықтың орайласқан ишимлик суў менен тәмийинленгенлик дәрежеси 50,8 процентти қураған болса, 2022-жылдың басына келип 68,1 процентке жеткерилиўине ерисилди.

Өткен 5 жыл даўамында аймақтағы 411 мың халық дәслепки мәрте орайласқан ишимлик суў менен тәмийинлениўине ҳәм 420 мың халықтың ишимлик суў тәмийнатының жақсыланыўына ерисилди.

Атап айтқанда, шараяты аўыр 61 мәҳәлле, мысал ушын Хожели ра­йонындағы «Саманкөл», «Ғәрезсизлик», «Куляб» мәҳәллелери, Шымбай районындағы «Кеңес», «Қаракөл», «Абат» мәҳәллелери биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленди.

Электр энергиясының сапасын буннан былай да арттырыў ҳәм зәрүр қуўатлылықлар менен тәмийинлеў мақсетинде өткен 5 жылда 2 мың 155,3 км электр тармақларын ҳәм 761 дана трансформатор пунктлерин жаңадан қурыў, модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды. Бул жумысларды әмелге асырыў нәтийжесинде Республика аймақларындағы 98 мыңнан аслам тутыныўшылардың электр тәмийнаты жақсыланды ҳәм 3,1 мыңнан аслам жаңа квартиралар электр энергиясы менен тәми­йинленди.

Соның ишинде, өткен 2018-2021-жыллар даўамында «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде 709,4 км узынлықтағы төмен күшлениўши электр узатыў тармақлары ҳәм 249 дана трансформатор ноқатлары жаңадан қурылып ҳәм реконструкцияланды, 6,3 км жоқары күшлениўши электр узатыў тармағы ҳәм қуўатлылығы 6300 кВА «Саманкөл» подстанциясы жаңадан қурылды.

Республика халқының электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў, физикалық ҳәм мораллық жақтан ескирген электр үскенелерин модернизациялаў мақсетинде Нөкис қаласында қуўатлылығы 6300 кВА электр подстанциясы жаңадан қурылды, «Шаббаз», «Қаракөл», «Қуралпа», «Орайлық», «Тоқымашы», «Бийбазар» ҳәм «Кегейли» подстанцияларындағы киши қуўатлылықтағы күш трансформаторлары жоқары қуўатлылықтағы трансформаторларға алмастырылды.

Республикамыздың ең алыс аймағы болған тек ғана Мойнақ ра­йонында 53,6 км электр тармақлары ҳәм 13 дана трансформатор пункт­леринде модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары орынланды. Мойнақ районында заманагөй жойбардағы соңғы үскенелер менен тәмийинленген электр тәмийнаты кәрханасының жаңа ҳәкимшилик имараты қурылды.

Булардан тысқары, республика халқының электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 2017-2021-жыллар даўамында узынлығы 8 мың 130,5 км электр узатыў тармақлары ҳәм 2 мың 235 дана трансформатор пунктлерине ири оңлаў жумыслары алып барылып, 165 мың 529 тутыныўшының электр тәмийнаты жақсыланды.

Газ тәмийнатын жақсылаў бо­йынша өткен 5 жылда бағдарлама бойынша халыққа ҳәр қыйлы диаметрдеги жоқары, орта ҳәм төмен басымдағы жәми 82,8 км газ тармағы жаңадан қурылды ҳәм 4,2 миллиард сум муғдарында материаллық-техникалық ресурслар жумсалды.

Республика аймағындағы 86,3 км газ тармақларына ири оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары орынланды ҳәм 5,2 миллиард сумлық материал ресурслар жумсалып, нәтийжеде 118 мың 381  шаңарақтың ҳәм 265 социаллық әҳмийетке ийе кәрханалардың газ тәмийнаты жақсыланды.

Сондай-ақ, бағдарлама тийкарында Кегейли районында  қуўатлылығы 400 суйылтылған газ баллонларын сақлаў ҳәм тарқататуғын 3 сервис орайы ҳәм Төрткүл районында қуўатлылығы  1000 суйылтылған газ баллонларын сақлаў ҳәм тарқатыў сервис орайы қурылып 1,7 миллиард сум жумсалды.

 2019-жылы жаңадан шөлкемлес­тирилген Бозатаў районы халқын тәбийғый газ бенен тәмийинлеў ушын «Бозатаў» газ бөлистириў станциясы (ГБС) қурылысы жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Буннан тысқары, халықты ҳәм социаллық тараў объектлерин бир бапта суйылтылған газ бенен тәмийинлеўде өндирис қуўатлылығын арттырыў ҳәм хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў мақсетинде, Нөкис суйылтылған газ толтырыў станциясы ҳәм Беруний, Әмиўдәрья, Шымбай, Қоңырат газ толтырыў шақапшаларына жәми баҳасы 1,8 миллиард сумлық 3  компрессор, 3 насос, 2 электр генераторы, 6 газ қәддин өлшегиш ҳәм 3 автотәрези, 86 бақлаў камералары орнатылып, иске түсирилди.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасындағы 106 мың 115 халық шаңарақларына суйылтылған газди автоматластырыл­ған система арқалы жеткерип бериў жолға қойылды. Онда 106 мың  115 халық шаңарақлары толық «8D» карталары менен тәмийинленип, айланыстағы 181 мың 817 турмыслық баллонларға арнаўлы штрих кодлы стикерлер бириктирилди.

Сондай-ақ, өткен 2017-2021-жылларда көп квартиралы турақ жай фондын оңлаў, әтирапты абаданластырыў мақсетинде барлық дәреклердиң есабынан 261,2 миллиард сумлық қаржылар өзлестирилген.

Бул қаржылардың есабынан 771 көп квартиралы турақ жайлардың төбелери оңланды,  336 балалар майданшасы жаңадан қурылды, 145 жайдың алдында тротуарларды бетонлаў жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, 307 көп квартиралы жайлардың фасад бөлеги ҳәм  1879 кириў жоллары оңланып, 1614 темир есиклер орнатылды және 310 жер төле бөлегинде оңлаў жумыслары алып барылды.

Аймақтағы көп квартиралы турақ жай фондын, инженерлик-коммуникация тармақларын оңлаў ҳәм басқа да коммуналлық тараўға байланыслы хызметлерди көрсетиў мақсетинде «Таъмирлаш тиклаш хизмат» МУК жанындағы диспетчерлик хызмети жолға қойылған болып, арнаўлы техника ҳәм зәрүр әсбап-үскенелер менен тәмийнленген.

Ҳәзирги күнде «Тез коммунал хызмет» сервиси, яғный, 1184 қысқа номери арқалы хызметлер көрсетиў жолға қойылды.

Қарақалпақстан  Республикасында халықтың саны 1939,5 мың, мийнет ресурслары 1077,4 мың адам, экономикалық белсенди халықтың саны 794,5 мыңды қурайды. Бүгинги күнде жумыссызлардың саны 76,0 мың адам болып, жумыссызлық дәрежеси 9,6 процентти қурайды.

Халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыўға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, жумыссызлар, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар және мийнет базарына биринши мәрте кирип киятырғанлар ушын жаңа жумыс орнын шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде әмелге асырыл­ған илажлар нәтийжесинде 2021-жылда 22,7 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестирилген.

Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары тәрепинен 35,4 мың жумыссыз адамларды турақлы жумыс орынларына жайластырыўға ерисилди.  Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары тәрепинен 26,8 мың пуқара ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылыўына жәрдем берилди.

Жумысшы кәсиплер бойынша кадрларды таярлаў, оқыў процесслерин әмелият пенен байланыстыр­ған ҳалда шөлкемлестириў, жумыссыз халық, соның ишинде, жаслар ҳәм ҳаял-қызларда заманагөй кәсип ҳәм исбилерменлик көнликпелерди қәлиплестириў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм районларда халықты кәсипке оқытыўдың жаңаша системасы шөлкемлестирилди.

Соның ишинде, «Нөкис — жумысқа мәрҳәмат» моноорайы, Нөкис қаласында қурылыс кәсибине оқытыў орайлары, Елликқала ҳәм Нөкис районларындағы 2 кәсип өнерге оқытыў орайлары ҳәм 8 мәҳәлледе кәсип өнерге оқытыў орынларында халықты кәсип өнерге оқытыў жолға қойылды.

Мен тилге алған бул санлардың артында жүдә үлкен өмир тур.

Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға сапары даўамында районларда халық пенен ушырасыўдағы баянатларын тыңлап, бүгинги күнге шекем Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўы ушын исленген барлық жумыслардың жуўмағы — 2022-2026-жылларға мөлшерленип атырған әҳмийетли бағдарлардың басламасы екенин түсиндим. 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясында Қарақалпақстанның айрықша орны бар.

Әсиресе, жаңа Өзбекстанда инсан қәдири ушын исленип атырған жумыслар, жаратылып атырған барлық имканиятлар көбеймекте. Қарақалпақстанлы аналар жас балалары ушын мектепте бийпул азық-аўқат пенен тәмийинленип атырғанынан кеўли толып атырғаны куўанышлы жағдай.

Әсиресе, туўғаннан кейинги 3 жыл  дем алыс 6 жылға созылғаны ҳәм майып перзентлер ушын жаратылып атырған жеңилликлер анаға жумыс орны ҳәм мийнет стажы сақланып, перзент тәрбиясы менен толық шуғылланыўы кепилленип турғаны да Қарақалпақстан аналарының кеўилин көтермекте.

Бир ҳақыйқатлық бар, мен ҳәр сапары Президент пенен ушырасыўдан кейин адамлардың көтериңки руўхын көрип қуўанаман.

Мәмлекетимиз басшысы халқымызға Мойнақ мысалында да, Қарақалпақстандағы дөретиўшилик мысалында да бирлик, кеңпейиллик, бирге ислесиў, дослықтың қүдиретин көрсетип берди.

Сапар алдынан барлық ўәлаят басшыларын районларға, район басшыларының мәҳәллелерге бекитилгени дослық қатнасықларын және де беккемледи. Бул ҳәр бир район­ға жаңа инвестициялық жойбарлар, үлкен қаржылар кирип келиўине себеп болмақта.

Нөкис қаласына  Ташкент қаласы ҳәкимлиги бириктирилген. Аймақтың драйвери — азық-аўқат ҳәм қурылыс материаллары санааты, туризм. Сол тийкарда Нөкис қаласын 2022-жылда комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылған. Оған бола, улыўма нырқы 1 миллиард 361 миллион сумлық 10 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген. Буның нәтийжесинде қосымша 3 мың жумыс орны жаратылады.

Мойнақ районына бекитилген Ташкент ўәлаяты тәрепинен де Мойнақтың социаллық-экономикалық тараўларда буннан былай да раўажланыўы ушын үлкен жумыслар көлеми белгилеп алынды. Қарақалпақ ели ушын да үлкен қаржылар ажыратылып атырғанлығы алып барылып атырған барлық реформаларда, әлбетте, өз нәтийжесин көрсетеди.

Быйыл Қарақалпақстан ушын қәддин және де бәлент көтеретуғын жыл болады. Халқымыз бул дөретиўшилик ислердиң қатнасыўшылары болып атырғанынан кеўли толмақта. Белгиленип атырған ҳәр бир үстинликлер, әлбетте, орынланатуғынына исеним және де артпақта.

Халықтың аўырын жеңиллетиў ушын жер асты, жер үсти байлықларын абаданлық ушын қолланыў, Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў, дийқаншылыққа жаңа технологиялар алып келиў, аўыллардың абатлығы, суў тамтарыслығы бойынша мәмлекетимиз басшысы белгилеп берип атырған ўазыйпаларды әмелге асырыўға халқымыз исенеди. Бул «үш әўлад» ушырасыўларында нураныйлар ҳәм жаслардың бирлик, кеңпейиллик, дослық, мийрим-шәпәәт, миллетлер аралық татыўлығында өз дәлилин таппақта.

Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары халқымыздың жаңа мақсетлери, бул елдиң раўажланыўы ушын әмелге асырылатуғын барлық жумыслар ушын кең имканиятлар есигин ашты. Бул имканиятлар ҳәр бир инсанның қәдирин улығлап, абадан турмыс тәризин кепиллеп тур.

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

Олий Мажлис Сенаты ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агент­лиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF