«ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРҒА ЖӘРДЕМ» ЖОЙБАРЫ ШЕҢБЕРИНДЕГИ ИЛАЖЛАР
Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы ҳәм оны «Инсан қәдирин улықлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Тахтакөпир районы Кеңеси тәрепинен «Ҳаял-қызларға жәрдем» жойбары өткерилди.
Илажға райондағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының ағзалары, Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Тахтакөпир районы Кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, халық депутатлары районлық Кеңестеги партия топарының ағзалары, белсендилер, кәрхана ҳәм мәкеме басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, «Темир дәптер», «Жаслар дәптери», «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген, социаллық жәрдемге мүтәж, сондай-ақ, ийек артыўшылық кейпиятында жүрген пуқараларға жәрдем бериў арқалы олардың шаңарақларын кәмбағаллықтан шығарыў, кем тәмийинленген, жумыссыз, майыплығы болған шахслардың қәлеўине ҳәм қәбилетине қарай кәсип-өнерге оқытыў, оларға жеке исбилерменлик ҳәм қыйтақ жерин раўажландырыў ушын жеңилликли кредит қаржысын ажыратыўда жәрдемлесиў болып табылады.
Илаж қатнасыўшылары район орайындағы «Тахта шебер қоллары» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, ол жерде ислеўши ҳаял-қызларға жаратылған шараятлар менен танысты. Бул жерде бәнт болмаған, тигиўшиликке қызығыўшылар оқытылып, арнаўлы сертификат бериледи. Оны алғанлар усы жердиң өзинде жумыс пенен тәмийинленеди. Партия кеңеси ҳәм депутатлық топар тәрепинен ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўдей әҳмийетли жумысларды жетилистириў бойынша әмелий жәрдем берилетуғын болды.
Күнниң екинши ярымында партияның жуўаплы хызметкерлери ҳәм депутатлар тәрепинен қайырқомлық илажлары өткерилди. Атап айтқанда, Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы екинши топар майыплығы болған Айымхан Орынбетованың ҳал-жағдайынан хабар алынды. Ол көп жыллардан берли жүрек кеселлигине шатылған болып, емлениў ушын ордер алыўда жәрдем сорады. Сондай-ақ, оның биринши топар майыплығы болған қызына тигиў машинасы берилген болып, ҳәзирги ўақытта көрпе-төсек ҳәм басқа да үй-руўзыгершилик буйымларын тигиў менен шуғылланып келмекте.
Илаж қатнасыўшылары усы аймақта жасаўшы Бағдагүл Көбейсинованың шаңарағында болды. Ол бағыўшысынан айрылған ҳәм онкологиялық кеселлик пенен аўырған. Кирейде жасап киятырғанлығы себеп, турақ жай менен тәмийинлеўде жәрдем сорады.
Халық депутатлары районлық Кеңесиндеги партия топарының ағзалары тәрепинен ҳаял-қызлар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың унамлы шешилиўи бойынша ўазыйпалар белгиленди ҳәм олардың ҳәр бирине әмелий жәрдем көрсетилетуғын болды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы