ПАРТИЯ ЖЕТЕКШИСИ КЛАСТЕР ЖУМЫСЫ МЕНЕН ТАНЫСЫП, ҲӘКИМ ЖӘРДЕМШИЛЕРИ МЕНЕН УШЫРАСТЫ
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы, O’zLiDeP фракциясының басшысы Актам Хайтов Әмиўдәрья районында болды.
Район ҳәкими менен биргеликте «Расулов Эркин асалчи» пал ҳәррешилик кластериниң жумысы менен танысты. Ғәллешилик, пахташылық ҳәм пал ҳәррешилик пенен шуғылланып келген фермер хожалығын агрокластерге айландырыў ушын «Агробанк»тен алынған 1 миллиард 200 миллион сум жеңилликли кредит есабынан Қытайдан қадақлаў үскенелери алып келинди. Ҳәзирги ўақытта 1 мың 800 пал ҳәрре уясы бар. Бул жерде 20 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Олардан көпшилиги жаслардан ибарат. Усының нәтийжесинде өткен жылы 9 тоннаға шамалас пал жетистирилип, ишки базарларда сатылды.
Буннан тысқары, 83 гектар майданға пахта, 23 гектарға бийдай егилип келинбекте. Сондай-ақ, қусшылық ҳәм шарўашылықта да жақсы нәтийжелерге ерисип киятыр. Әсиресе, таўық, ғаз ҳәм үйрек гөшине талап жоқары. Себеби, оның мәйеги менен гөши сиңимлилиги менен ажыралып турады.
Партия жетекшиси агрокластер жумысларын жетилистириў бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.
Буннан кейин Актам Хайтов райондағы «Орта қала» аўыл пуқаралар жыйынына бириктирилген ҳәким жәрдемшиси Ҳамза Ҳайтымбетовтың аймақта фермер ҳәм дийқан хожалығын раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумысы менен танысты.
Атап өтилгениндей, Президентимиз ҳәким жәрдемшилерине үлкен исеним билдирмекте. Себеби, олар өзлерине бириктирилген аймақларда ҳәр күни тынымсыз жумыс алып барып, халыққа мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған шараятларды жеткериўи, исбилерменлик ҳәм дийқаншылыққа үйретиў арқалы оларды кәмбағаллықтан шығарыўы тийис.
Бул аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 801 шаңарақ болып, оларда 4 мыңнан аслам халық жасайды. Ҳәким жәрдемшиси менен ашықтан-ашық пикирлесиў барысында аймақты раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмйинлеў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери менен ушырасыў өткерилип, онда алда турған әҳмийетли ўазыйпалар туўралы сөз болды. Ҳәким жәрдемшилери Президентимиздиң мәҳәллелердеги ўәкили болып, аймақтағы жумыс ислеў имканияты ҳәм тилеги бар, бирақ, шараяты аўыр шаңарақ ағзаларын оқытыў ҳәм өз жумысын баслаўы ушын жеңилликли кредит, субсидия ямаса дийқан хожалықлары ушын оларға жер ажыратыў мәселелери менен шуғылланыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Ушырасыў соңында бир топар ҳәким жәрдемшилери партия қатарына қабыл етилип, оларға гүўалықлар тапсырылды. Районда жәми 49 ҳәким жәрдемшиси болса, соннан 39 ҳәким жәрдемшиси усы партияның ағзасы болып есапланатуғынын атап өтиў орынлы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги