МЕТАЛЛ ДЕГЕНИ ТАС ШЫҚТЫ
Жәмийетимизде жүз берип атырған жынаятлардың көпшилиги өзгениң исенимине кирип алдаўшылық, исенимге қыянет етиў менен байланыслы.
Жақында Тақыятас районы судында шешим қабыл етилген ҳүкимде еле 20 жасын толтырмаған С.ның ислеген жынаяты кимди болса да ойландырады. Оның бундай тәкирарый жынаятқа қол урыўына не жағдай себеп болған? Материаллық жақтан қыйналып, бул ҳәрекетке қол урған, деген жуўмақ шығарыўға ол еле үйленбеген, бала-шағасы жоқ, енди 20 жасын толтыратуғын жаста. Бундай жынаяттың өмирге енди қәдем қойып атырған жаслардың арасында жүз бериўи сол орталық жасы үлкенлериниң, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары хызметкерлериниң, ата-аналардың биргеликте үйренип, жаслар мәселесине жуўапкершилик пенен қарап, итибарлы болыўына шақырады.
Тақыятас районында жасайтуғын С.А. 2020-жыл июль айында көшеден өтип баратырған, реңли металл жыйнап жүрген «Лабо» маркалы автомашинаны көрип, онда жазылған телефон номерге қоңыраў етип, екилемши реңли металл акционерлик жәмийетине қараслы «Лабо» автомашинасының Ә. исмли айдаўшысы менен танысқан. Дәслеп 60 кг реңли металл алып келип, пулын алып кетеди. Соң оның исенимине кирип, «Қоңырат районында көп муғдарда реңли металл бар» деп алдын аванс ретинде өзиниң танысын жиберип, 19-август күни 2.300 мың сум, ал, ертеңине өзи барып 570 кг қорғасын, 530 кг мыс, 301 кг алюминий реңли металлар бар деп 10.476 мың сум пулын алып, өз пайдасына өзлестиреди. Ол және де 13-сентябрь күни Ә.ге қоңыраў етип: «Хожели постынан өте алмай турман, деп пулын толық төлеў керек екенлигин, 2.000.000 сум таярлап, көшесиниң басында күтип турыўын» айтады. Өзи «Нексия» маркалы автомашинада келеди. Ә. болса, машинаның артында қалталарға толтырылған жүклерди көрип, 2 миллион сум пулды да берип жибереди. Қалған металларды да әкелип беретуғынын, 5 минуттан айланып келетуғынын айтып кетип қалады. Оған исенген Ә. күтип-күтип шаршап, С.ның анасына қалталарды ашып көриўди өтиниш етип ашып көрсе, әпиўайы тас болып шығады. Сонда ол С.дан алданғанын билип, ишки ислер бөлимине мүрәжат етеди. Тергеў ўақтында С.ның әжапасы жәбиркеш Ә.ге 14.776 000 сум пулын толық төлеп береди. Ә.С.ға кеширим берди. Лекин, жынаят исленди ме, мәмлекетимиз нызамшылығында белгиленген шара бар. Әлбетте, жынаят жазасыз қалмайды.
Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими «б» бәнтинде тәкирар яки қәўипли рецидивист тәрепинен алдаўшылық, алдаў яки исенимине қыянет етиў жолы менен өзгениң мүлкин ямаса мүлкке болған ҳуқықын қолға киргизгенлиги ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Олий суды Пленумының 2017-жыл 11-октябрьдеги, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 34-статьясы талабына бола шахстың алдын қастан ислеген жынаяты ушын судланғаннан кейин қастан жаңадан жынаят ислеўи рецидив жынаят болады. Алдынғы ҳүким етилген жынаятына уқсас және жынаят ислесе, Жынаят Кодексинде айрықша көрсетилген жағдайларда болса Арнаўлы бөлимниң басқа статьялары менен ҳүким етилген шахстың қастан жаңадан жынаят ислеўи қәўипли рецидив жынаят деп табылады.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда,судланыўшы С.А. Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими «б» бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислегени ушын айыплы деп табылып, Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының 2020-жыл 9-июнь күнги ҳүкими менен оған Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 57-статьясы қолланылып, базалық есаплаў муғдарының 110 есеси муғдарында жәрийма жазасы тайынланған. Мәмлекетимиз нызамшылығында ҳәр тәреплеме жынаят түри, тәсири, басқа шахсларға зыяны үйренилип, ҳәр қандай жағдайда да әдалатлы қарар тайынланыўы нәзерде тутылады. Соның ушын, оның қамақта отырған ўақытлары да есапқа алынды. Жәриймасын толық өтеди. Лекин, және сондай жынаят ислегени ушын қәўипли рецидивист деўге ҳақылымыз.
Бизди ойландыратуғын мәселе — ол енди жигирма жасқа толады, еле үйленбеген. Не себеп бундай тәкирарлы жынаятқа қол урды? Бунда кимлерди айыплы деп есаплаймыз?
Биринши гезекте судланыўшының өзи айыплы. Лекин, ол еле жас, тәрбиясында ма яки жасаған орталығында ма, қандай да бир себеплери болыўы керек. Сол ушын себеплерин анықлап, «Бир балаға жети мәҳәлле ата-ана» дегендей, перзентлеримизди тәрбиялаўымыз, жәмийетке пайдалы инсанлар қатарына қосыўымыз — жасы үлкен әўлад ўәкиллериниң ўазыйпасы.
А.ҚОЩАНОВ,
Тақыятас районы Жынаят ислери бойынша судының баслығы.