Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:11:46, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚ ИЙГИЛИГИ ЖОЛЫНДАҒЫ ИСЛЕР

Соңғы жыллары Бозатаў районында қурылыс тараўында бир қатар тилге тийек етип айтарлықтай ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

 Атап айтқанда, район орайында  «Boztex» тоқымашылық кәрханасы, 1000 орынлық орайлық стадион, 1000 орынлық Амфитеатр,  районлық қаржы, ғазнашылық ҳәм пенсия қорлары  бөлимлери имараты, районлық бәнтликке көмеклесиў орайы, Мәмлекетлик хызметлер орайы, өнерментлер аллеясы, 4 қабатлы 24 квартиралы турақ жай қурылысы, заманагөй саўда комплекси, «Халық банк»и  Кегейли филиалының хызметлер көрсетиў орайы, Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт комплекслериниң жаңадан бой тиклеп ҳәм басқа да социаллық объектлерге капитал реконструкция ҳәм қурылыс оңлаў жумысларының жүргизилиўи жоқарыда айтып өткен сөзлеримиздиң айқын дәлили болып табылады.

Әсиресе, район саплас­тырылғаннан соң койкалары қысқарып қалған Бозатаў ра­йонлық медицина бирлеспеси имаратына жәми баҳасы 7299,5 млн сумлық реконструкция жумысларының алып барылыўы аймақ халқының шексиз қуўанышқа бөлениўине себеп болмақта.

— Емлеўханамызда қурылыс жумысларының жүргизилиўи, заманагөй медициналық әсбап-үскенелердиң алып келип орнатылыўы емлениўшилер ушын да, бул жерде ислеўшилер ушын да көплеген қолайлылықларды жаратып берди,-дейди бизге туўыў бөлиминиң акушеркасы Ықлыйма Сапаева. — Буның ушын Президентимизге ҳәм республика ҳүкиметине, тараў басшыларына жәмәәтимиз, қалаберсе, пүткил районымыз халқы атынан шексиз алғыс айтамыз. Мине, өзлеримизге жаратылып берилип атырған қолайлы шараятлардан нәтийжели пайдаланып, халықтың саламатлығын қорғаў жолында аянбастан хызмет ете беремиз...

Ҳақыйқатында да, районда бой тиклеген жаңа имаратларды аралап көрер екенбиз, ондағы жаратылған шараятларға кеўлимиз толды. Себеби, бул объектлердиң барлығы да халықтың мүшкилин жеңиллетиўде айрықша хызмет атқарады.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF