Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:16:40, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИНЕ ЖЕР УЧАСТКАЛАРЫН БЕРИЎ ТӘРТИБИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 15-майдағы Пәрманы менен тастыйықланған Жеке меншик мүлк, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти исенимли қорғаўды тәмийинлеў, оларды жедел раўажландырыў жолындағы тосқынлықларды сап­ластырыў илажларын әмелге асырыў мақсетинде 2015-жылдың 7-октябринде Министрлер Кабинетиниң «Исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын таңлаў тийкарында жер участкаларын бериў тәртиплерин ҳәм қурылыс ушын руқсатнамалар алыў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, «Юридикалық ҳәм физикалық шахсларға исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын турақлы пайдаланыўға таңлаў тийкарында жер участкаларын бериў тәртиби ҳаққындағы Реже» тас­тыйықланған еди.

Бул қарар­ға муўапық, 2016-жыл 1-январьдан баслап юридикалық ҳәм физикалық шахсларға исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын елатлы пункт­лерде удайы пайдала­ныўға майданы 1 гектарға шекем ҳәм 1 гектар болған жер участкалары тек таңлаў тийкарында бериледи. Исбилерменлик ҳәрекетин әмелге асырыў ушын таңлаў тийкарында берилетуғын жер участкаларының дизимин өз ўақтында қәлиплестириў жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен тәмийинленеди. Яғный, олар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр мәмлекетлик комитети менен биргеликте пайдаланылмай атырған жерлер анықланып, исбилерменлерге таңлаў тийкарында берилетуғын жер участкалары дизимине киргизиледи.

Жоқарыдағы Реже талаплары киши санаат ҳәм арнаўлы индустриал зоналар аймағында жайласқан, Өзбекстан миллий автомагистралы бойында инфраструктура ҳәм сервис объектлери ҳәм де Президент ҳәм ҳүкимет қарарларында нәзерде тутылған объектлердиң анық түрлерин қурыў ушын, жәмийет ҳәм мәмлекет зәрүрликлери ушын, алып қойылатуғын жер участкалары орнына юридикалық ҳәм физикалық шахсларға, аўыллық емес хожалық зәрүрликлери ушын, сондай-ақ, еки ҳәм оннан көп районлар (қалалар) яки ўәлаятлар аймағында жайласатуғын объектлерди қурыў ушын елатлы пунктлер сыртындағы жер участкаларын бериўге қолланылмайды. Ўәкилликли уйымлар тәрепинен жер участкасын бериў бо­йынша материалларды таярлаў ҳәм келисиў, жер участкасының топографиялық картасынан жер участкасы шегараларын натураға көшириў протоколынан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Архитектура ҳәм қурылыс мәмлекетлик комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы архитектура ҳәм қурылыс бас басқармалары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен дүзилетуғын шәртнама тийкарында, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте аванс төлеў шәрти менен әмелге асырылады.

Жер участкаларының дизимин дүзиў исбилерменлик жумысын шөлкемлестириў ушын жер участкаларын бериў ҳаққында түскен арзаларды бериў нәтийжелери бойынша районлар (қалалар) ҳәкимликлери тәрепинен, сондай-ақ, тастыйықланған қала қурылысы ҳүжжетлерине муўапық — районлар (қалалар) архитектура ҳәм қурылыс бөлимлериниң, тийисли район (қала) жерлеринен пайдаланыўдың жағдайы мониторинги нәтийжелери бойынша районлар (қалалар) жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлимлериниң, районларды (қалаларды) комплекс раўажландырыў бағдарламасына киргизилген жойбарлардың анализи нәтийжелери бойынша — районлар (қалалар) экономика бөлимлериниң, исбилерменлик субъект­лери ортасында өткерилетуғын сораўлардың нәтийжелери бойынша — Саўда-санаат палатасының районлық (қалалық) бөлимлериниң усыныслары тийкарында әмелге асырылады.

Жер участкаларын бериў бойынша таңлаў таңлаў ҳүжжетлерин таярлаў, таңлаўды ғалаба хабар қуралларында жәриялаў, талапкерлерден таңлаў усынысларын ҳәм зәрүр ҳүжжетлерди қабыл етиў, түскен таңлаў усынысларын баҳалаў, таңлаў жеңимпазын анықлаў ҳәм нәтийжелерин рәсмийлестириў, таңлаў жеңимпазы ҳаққында билдириў сыяқлы басқышлардан ибарат болады. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери «Көшпес мүлк саўда хызмети» ЖШЖниң аймақлық филиаллары менен таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў хызметлерин көрсетиў бойынша шәртнама дүзеди.

Таңлаў жеңимпазы тәрепинен шәртнама миннетлемелериниң орынланыўын қадағалаў белгиленген тәртипте, яғный, таңлаў жеңимпазы ҳәм жойбарлаў шөлкеми тәрепинен жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыўда қабыл етилген миннетлемелерге әмел етилиўи — Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы архитектура ҳәм қурылыс бас басқармалары, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитетиниң мәмлекетлик экс­пертизасы аймақлық бас­қармалары тәрепинен алып барылады. Объекттиң қурылысы бойынша қабыл етилген миннетлемелерге әмел етилиўи — тийисли архитектура-қурылыс қадағалаў аймақлық инспекциялары, қабыллаў комис­сиялары, қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық қәўипсизлик бойынша қабыл етилген миннетлемелерге — Қарақалпақстан Республикасы тәбиятты қорғаў мәмлекетлик комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы тәбиятты қорғаў комитетлери, таңлаў ҳүжжетлериниң коммерциялық бөлимине муўапық қабыл етилген миннетлемелерге әмел етилиўи — районлар (қалалар) ҳәкимликлери тәрепинен әмелге асырылады. Таңлаў жеңимпазы тәрепинен қабыл етилген миннетлемелерге әмел етилмеген жағдайда, оның жер участкасына болған ҳуқықы нызам ҳүжжетлеринде ҳәм таңлаў миннетлемелерин орынлаў ушын дүзилген шәртнамада белгиленген тәртипте тоқтатылады. Жер участкаларын бериўде пайда болатуғын келиспеўшиликлер нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте көрип шығылады.

Саламат ТУРДЫМУРАТОВ,

Шоманай районы юридикалық хызмет көрсетиў орайының бас юрисконсульты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF