Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:14:08, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕҢИМПАЗЛАРҒА СЕРТИФИКАТЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 13-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик грантлар бойынша жәрияланған сегизинши таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Таңлаўда Өзбекстан «Аграр тараў ҳаяллары» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы аймақлық  бөлимининиң «Кеўилли фермерлер», «Өзбекстан Чернобылшылары» ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң «Бир қәдем», «Шаңарақ» илимий, социаллық, гуманитар ҳәм жаслар басламалары орайының «Жаңа Өзбекстан-жаңаша көз-қарас» атамаларындағы жойбарлары жеңимпаз деп табылып, оларға сертификатлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF