РЕФОРМАЛАР ХАЛЫҚТЫҢ АБАДАНЛЫҒЫНА ХЫЗМЕТ ЕТПЕКТЕ
Бүгинги күнде бир қатар тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар ең дәслеп инсан қәдири ҳәм оның ҳуқықый мәплерин қорғаў, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға нызамшылыққа тийкарланып жеңилликлер жаратыў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Соның ишинде, мәлимлеме-технологияларынан пайдаланған ҳалда бажыхана хызмети уйымлары жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған реформалар бүгинги күнде өз нәтийжелерин бермекте. Бул өз гезегинде бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўи бойынша жумыслардың әпиўайыластырылыўы, оларға кететуғын ўақыттың қысқарыўы менен бирге, сапа дәрежесиниң артыўына тийкар жаратпақта.
– Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы мысалында алып қарайтуғын болсақ, өткен жылдың 12 айы даўамында басқарма тәрепинен баҳасы 431,21 миллион АҚШ доллары муғдарындағы өнимлер экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди,-дейди басқарма баслығының биринши орынбасары, бажыхана хызмети майоры А.Муқимов. – Улыўма баҳасы 646,66 миллион АҚШ долларын қурайтуғын республиканың сыртқы саўда айланысының 66 проценти товарлардың экспортына туўра келеди.
Республикамыздан тийкарынан полиэтилен, ийирилген жип, фармацевтикалық өнимлер, пахта, артемия цистасы, азық-аўқат, химия санааты, гүнжи өнимлери, пропилен, боян тамыры ҳәм оның экстракты, калцийленген сода ҳәм тери өнимлери дүньяның Түркия, Қытай, Россия, Қазақстан, Латвия, Украина, Қырғызстан ҳәм Ирак сыяқлы бир қатар мәмлекетлерине экспорт етилди.
Технологиялық әсбап-үскенелер, химия санааты өнимлери, ағаш, тақтай, аўыл хожалығы, азық-аўқат өнимлери, транспортлар ҳәм оның аўысық бөлеклери, нефть ҳәм нефт өнимлери сыяқлы, улыўма баҳасы 215,45 миллион АҚШ долларына тең өнимлер басқарма тәрепинен импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.
Сондай-ақ, өткен жыл даўамында басқарма тәрепинен бажыхана уйымларының өзине тийисли фискал ўазыйпаларын әмелге асырыўы шеңберинде бажыхана төлемлеринен 334 миллиард 511 миллион сум қаржының мәмлекетлик бюджетке өткерилиўи тәмийинленди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерине бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў арқалы экспорт көлемин арттырыў ҳәм импортты ғалаба ен жайдырыў бағдарында бир қатар жеңилликлерди ҳәм имканиятларды өзинде жәмлеген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте. Усы нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, бажыхана уйымлары тәрепинен өткен 2021-жыл даўамында сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына, жәми 268 миллиард 600 миллион сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды.
Есап бериў дәўиринде, бажыхана тараўына байланыслы нызамшылықтың бузылыўына байланыслы 381 ҳуқықбузарлық анықланып, баҳасы 15 миллиард 858 миллион сумлық товар-материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде сыпатында алынды. Соннан, жәми 14 жағдайда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша жынаят иси қозғатылды.
Басқарма тәрепинен нәшебентлик қураллар, психотроп затлар, қурал-жарақ ҳәм оқ-дәрилердиң нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бағдарында да бир қатар илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 2021-жыл даўамында 102,35 грамм опий, 119,42 грамм марихуана, 53,41 грамм гашиш, 6 түп каннабис, 1,83 грамм нәшебентлик өсимликтиң туқымы, 4201 таблетка «Трамадол» атамасындағы нәшебентлик қурал, 222 флакон «Тропикамид» ҳәм 314 капсула «Регапен» атамасындағы күшли тәсир етиўши қураллар, сондай-ақ, 52 дана психотроп таблеткалар анықланды.
Оқ атыў қуралларынан 6 дана оқ-дәри, 2418 дана гильза, 1,15 килограмм дроблардың нызамсыз түрде бажыхана шегералары арқалы кирип келиўи ҳәм нызамсыз айланыста болыўының алды алынып, тийисли тәртипте нызамшылық шаралары көрилди. Сондай-ақ, 15 жағдайда 37242 дана пиротехникалық қураллардың алып кирилиўиниң ҳәм нызамсыз түрде ишки айланыста болыўының алды алынды.
Әмелге асырылып атырған бул реформалар халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етпекте
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги