ЎАТАНҒА САДЫҚЛЫҚТЫҢ ҮЛГИСИ
Республикамызда Ўатан қорғаўшылыры күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 30 жыллығы кең түрде белгиленди.
Усы мүнәсибет пенен 14-январь күни Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары атынан гүл шеңберлер қойылды.
Өзбекстан ҳәм Қарақлпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң Қураллы Күшлер дүзилгениниң 30 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўын халқымыз айрықша қанаатланыўшылық пенен қарсы алды. Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын жоқарылатыў, Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, мәмлекеттиң қәўипсизлиги ҳәм шегераларамыздың қол қатылмаслығын көздиң қарашығындай сақлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў бағдарындағы ибратлы хызмети ушын бир топар Ўатан қорғаўшылары орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Байрам мүнәсибети менен орайлық көше бойлап байрақларымызды бәлент көтерген әскерий хызметкерлердиң сап тартып жүриўи болды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги