ЖЕРЛЕСИМИЗ ЖЫЛДЫҢ ЕҢ ЖАҚСЫ СТУДЕНТИ БОЛДЫ
Жаңа жыл байрамы алдынан жыл жуўмағы шығаралып, түрли тараўлар бойынша жеңимпазларды анықлаў дәстүрге айланбақта.
Бүгинги күни Татарстанның Қазан мәмлекетлик архитектура-қурылыс университетинде билим алып атырған Ахмед Қайыпбергенов жаңа жыл босағасында қос қуўанышқа бөленди. Ол «Сырт елли студент» номинациясы ҳәм «2021-жылдың студенти» гран-при жеңимпазы деп табылды.
Жеңимпаз диплом, статуэтка ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланды. Россияның абырайлы жоқары оқыў орынларының биринде билим алып атырған жерлесимиздиң алдағы оқыўларында табыслар тилеймиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.