Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:53:19, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚМУ МАГИСТРАНТЫ — ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ОЛИМПИАДА

ЖЕҢИМПАЗЫ

2021-жылдың 29-декабрь күни Россияның Красноярск қаласында «Педагогикалық портал»  халықаралық орайы тәрепинен студентлер, магистрантлар ҳәм педагоглар арасында физика пәни бойынша онлайн  олимпиада болып өткен еди.

Бул олимпиадаға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәм­лекетлик университети магистратура басқышы физика қәнигелигиниң 2-курс магистранты Гүлчеҳра Бекниязова да қатнасып, пән олимпиадасы комиссиясы ағзалары тәрепинен жеңимпаз деп табылып ҳәм шөл­кемлестириўшилер тәрепинен алтын медаль, диплом ҳәм сертификатлар менен сыйлықланды. 

Сондай-ақ, магистранттың илимий басшысы университеттиң «Ярым өткизгишлер физикасы» кафедрасы баслығы Қанатбай Абдирейимович Исмайыловқа да олимпиада шөлкемлестириўшилери тәрепинен арнаўлы диплом берилди.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

СҮЎРЕТТЕ: Гүлчеҳра Бекниязова.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF