Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:23:41, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАҒДАРЛАМАДАҒЫ ЖАСЛАРҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ЎАЗЫЙПАЛАР ҚАЛАЙ ОРЫНЛАНДЫ?

Қарақалпақстан Республикасында жаслардың саны 1 миллион жүз мыңға шамаласып қалды. Жаслар улыўма халық санының 57,3 процентин қурайды. Соннан, 18-30 жасқа шекемгиси 406 мыңнан аслам. Ал, 200 мыңға шамаласы ҳаял-қызлардан ибарат.

Елимизде жасларды оқытыў, кәсипке бағдарлаў, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды жумыс пенен тәми­йинлеў, бәнтлигине көмеклесиў мәселелерин шешиў бойынша кең түрде илажлар әмелге асырылмақта. Бирақ, халықтың 57 проценттен асламын жаслардың қураўы, ҳәр жылы олар ушын мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыўды, олардың жоқары билим алыўы ушын шараятлар жаратыўды, кәсипке бағдарлаў бойынша оғада көлемли жумысларды әмелге асырыўды, усы мақсетте бир қатар жойбарларды ойлап таўып, иске қосыўды талап етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилип, онда быйылғы жылы усы бағдарда әмелге асырылатуғын ең әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген еди. Жасларды қоллап-қуўатлаў, халықтың саламатлығын беккемлеў, исбилерменликти  буннан былай да раўажландырыў және пандемияның экономикаға тәсирин жумсартыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларды өзинде сәўлелендирген усы пәрман жасларға байланыслы мәселелерди шешиўдеги алға қойылған ўазыйпаларды орынлаў ушын әҳмийетли ҳүжжет болды.

Биз Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор А.Данияров пенен сәўбетлесип, жыл даўамында жасларға байланыслы мәселелерди шешиў бағдарында әмелге асырылған илажлар туўралы қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

— Абатбай Сапарбаевич, Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы жаслар ислери агентлиги жумысларын шөлкемлестириў ҳақ­қында»ғы қарарына тийкарланып, Жаслар ислери агент­лиги мәмлекетлик уйым сыпатында шөлкем­лестирилип, өзине тийисли ўазыйпаларды орынлаўда көплеген мүмкиншиликлерге ийе болды. Жыл даўамында мәм­лекетлик бағдарламада көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў, жасларға байланыслы машқалаларды ше­шиў қалай әмелге асырыл­ды?

— Шынында да, Жаслар ислери агентлиги мәмлекетлик уйым сыпатында шөлкемлестирилгенлиги себепли, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы бирден-бир мәмлекетлик мәкеме статусына ҳәм министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жумысларын муўапықластырыў ушын зәрүр илажларды қолланыў имканиятына ийе болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында 2021-жылдың 27-январь ҳәм 13-апрель  күнлери өткерилген селектор мәжилислериндеги тапсырмалар ҳәм 20-апрельдеги пәрман менен жаслардың қәбилети ҳәм дәрежесин дурыс бағдарлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ең әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгилеп берилди.

Усы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәм жаслар менен ислесиў бойынша биринши, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, оларды кәсипке оқытыў, екинши, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, өткен жыл даўамында 55336 жастың бәнтлигиниң тәмийинлениўине көмеклесилди. Соннан, 17285 жас жумыс пенен тәмийинленди (бос жумыс орынларына жайластырыў есабынан 10445и, жаңа жойбарларды шөлкемлестириў есабынан 884и, ўақтынша жәмийетлик жумысларға 5956сы).

Сондай-ақ, 7034 жасқа 13 миллиард 770 миллион сумлық субсидиялар ажыратыў арқалы бәнтлигине жәрдем көрсетилип, 885 жастың шөлкемлестирилген миграциясы арқалы бәнтлиги тәмийинленди. Жаслардың исбилерменлик ҳәм өнерментшилик бойынша жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 6259 жастың исбилерменлик жумыслары ушын 177 миллиард 929 миллион сумлық кредитлер ажыратылды. Нәтийжеде, 6519 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Аўыл хожалығында да жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 28384 жасқа 11326 гектарлық жер майданы ажыратып берилди.

Буннан басқа, кәсип-өнер, исбилерменликтиң тийкарлары бойынша 9753 жас оқытылды.

«Жаслар 1+1» жойбары тийкарында исбилерменлер менен өнерментлерге 12897 жас бириктирилди.

— Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларын шешиў мақсетинде аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында «Жаслар дәптери» системасы енгизилди. Жасларға байланыслы машқалаларды шешиўде усы системадан қалай пайдаланып атырсыз?

— Сораўнама өткериў нәтийжесинде анықланған жумыссыз ҳәм қандай да бир машқаласы бар  47383 жас «Жаслар дәптери»не киргизилди. Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде, 2021-жылдың 22-ноябрь жағ­дайына 45516 (96,1 процент) жас «Жаслар дәптери»нен шығарылды.

Ҳәзирги ўақытта, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1867 (3,9 процент) жас дәптерде қалмақта.

— Жасларды социаллық жақтан қорғаў ҳәм оларды қоллап қуўатлаў бағдарында нелер исленди?

— Бүгинги күнге шекем «Жаслар дәптери» қорына 18,2 миллиард сум қаржы қәлиплестирилген болып, усы қаржылардың 13,7 миллиард сумы жаслар ушын әсбап-үскенелер, емлениўи, материаллық жәрдем ҳәм контракт пулларын төлеп бериўге жумсалды.

Атап айтқанда, 1618 жасқа 1 миллиард 459,5 миллион сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем, 1024 жасқа 1 миллиард 500,5 миллион сум муғдарында исбилерменлик ҳәм кәсип-өнерге оқытыў, 28 жасқа 32,9 миллион сум муғдарында туқымлық ҳәм нәллер сатып алыў, 3784 жасқа 6 миллиард 454,6 миллион сум муғдарында әcбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў, 266 жас­қа, жәми 965,2 миллион сум муғдарында жоқары оқыў орынларының контракт төлемлерин төлеў ушын, 23 жасқа 127,6 миллион сум муғдарында емлениўине байланыслы қәрежетлер ушын қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, 162 жасқа 918,2 миллион сум муғдарында дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў, 482 жасқа 1 миллиард  621,3 миллион сум бес әҳмийетли баслама бойынша жумысларын қаржыландырыў, 1339 жасқа 238,4 миллион сум муғдарында басқа да бағдардағы жумысларын қаржыландырыў ушын жумсалды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен жергиликли бюджет қаржыларының есабынан жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған кем тәмийинленген шаңарақлардағы 253 жасқа 1,5 миллиард сумлық контракт төлемлери төлеп берилди.

Республикамыздағы қала ҳәм районлардың ҳәр биринен кеминде 5 жастан,  жәми 85 қәбилетли жас анықланып, олар бурынғысынан басқаша түрде, 2020-2021-оқыў жылынан Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер институтының Нөкис филиалына оқыўға қабыл етилди ҳәм жергиликли бюджетлердиң есабынан бир жыллық шәртнама қаржылары төлеп берилди.

Социаллық қорғаўға мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 3  жасқа майыплық арбашасы, 5 жасқа компьютер топламы, 11 жасқа тигиў машинасы алып берилип, 26 жасқа контракт пуллары, 8 жасқа емлениўи ушын дәри-дәрмақлар, 5 жасқа медициналық тексериўден өткериўде ҳәм 35 жасқа басқа да әмелий жәрдемлер көрсетилди. Узақ аўыллық жерлерден улыўма билим бериў мектеплерине қатнап оқып атырған 379 оқыўшыға велосипедлер алып берилди.

Нөкис қаласындағы Президент мектебинен сырт еллердиң абырайлы жоқары оқыў орынларына қабыл етилген 18 қәбилетли питкериўшиге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен, жәми 19 миллион сум муғдарында материаллық жәрдем берилди.

Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм районлардағы сектор басшылары тәрепинен ҳәр ҳәптениң ярымы жаслардың мәселелери ушын ажыратылыўы белгиленген еди. Республикамыз бойынша сектор басшыларының жаслар менен 1175 мәрте ушырасыўы шөлкемлестирилип, бул ушырасыўларға аймақлардан 8 мыңға шамалас жаслар қат­нас­ты. Олар тәрепинен бир ярым мыңнан аслам мәселе көтерилип, 1174и унамлы шешим тапқан. Қалған мүрәжатлардың қосымша үйрениў талап етилетуғынлығы себепли орынланыўы қадағалаўға алынған.

Сондай-ақ, халықаралық имтихан системалары бойынша жоқары балл топлаған 25 жасқа имтихан тапсырыў қәрежетлери ушын 45,9 миллион сум төлеп берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен 100 ҳаял-қызға 2021-2022-оқыў жылы ушын жәми баҳасы 642 миллион 558 мың сум муғдарындағы шәртнама пуллары төлеп берилди.

Сондай-ақ, «Жаслар дәптери»не киргизилген, социаллық қорғаўға мүтәж 388 студентке «Студентке жәрдем» жойбары шеңберинде 526,1 миллион сум муғдарында шәртнама қаржылары төлеп берилди.

— Жаслардың бос ўықытларын мазмунлы өткериў ушын қандай илажлар әмелге асырылды?

— Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың спорт пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризине әмел етиўи ушын қолайлықлар жаратыў, усы мақсетте ҳәр қыйлы жарыслар, тәрбиялық мақсетке ийе мәдений илажларды шөл­кемлестириў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Усылар менен бирге, 5 баслама шеңберинде тийисли мәкемелерге, жәми 4422 инвентарь ҳәм үскенелер алып берилди. Соннан, 748 музыка ҳәм көркем өнер әсбаплары, 3332 спорт әнжамлары, 392 компьютер топламлары, 53486 көркем әдебий китаплар ажыратылды. 5 баслама шеңберинде мәкемелерде еки ярым мыңнан аслам жаңа дөгереклер ҳәм секциялар шөлкемлестирилип, оларға 33 мыңға шамалас жаслар қамтып алынды.

Бүгинги күнге шекем жаслар ушын жәми 248 объект қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. (189 “Streetworkout”, 29 “Streetbool” майданшасы, 9 китапхана ҳәм “bookcafe”,  9 заманагөй санлы оқыў орайы, 4 «Жаслар мийнет гүзары», 6 жасларға тийисли бас­қа объектлер).

«Жас китапқумар» таңлаўы, «Республика жаслар ҳаўазы» фес­тивалы шөлкемлестирилип, орынларда өткерилген «Жаслар форумы» шеңберинде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде 50 жойбар ҳәм илажлар, Нөкис қаласында «Таза қала» ғалаба көклемзарластырыў жойбары шөлкемлестирилди. Усындай жойбарлар басқа да бир неше районларда шөлкемлестирилди. Бул илажларға мыңлаған жаслар қамтып алынып,  бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилди.

СәўбетлескенӘ.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF