Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:44:14, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕЛИМИЗ ҚӘЎИПСИЗЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ ЖОЛЫНДА

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы хызметкерлери Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкерлери менен биргеликте бүгинги күнде елимизде жәмийетлик тәртипти сақлаў, хал­қымыздың тынышлығын ҳәм қәўипсизлигин, пуқараларымыздың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, сондай-ақ, республикамыз аймағында ишки қәўипсизликти тәмийинлеў, жүз бериўи мүмкин болған ҳәр қандай жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық ис-ҳәрекетлерге қарсы гүресиў жолында күни-түни хызмет етип келмекте.

Ғәрезсиз заманымыздың еркин нәпеси астында оқып билим алып, өнер үйренип, өсип киятырған жасларымыздың руўхый көзқарасын байытыў, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың спорт түрлерине болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде өткерилип атырған мәдений илажлардың тыныш, қәўипсиз шөлкемлестирилиўине өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосып келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2019-жыл 8-август күни «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Бул нызамда Өзбекстан Республикасы Жынаят процессуал кодексиниң 38-статьясына киргизилген қосымшаға муўапық, белгиленген хызмет ўазыйпаларын орынлаў, жынаят ислери бойынша сорастырыў ишки ислер уйымлары, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Мәжбүрий орынлаў бюросы, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети сорастырыў хызметлери менен бирге Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳәм оның орынлардағы бөлимшелери тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген. Қосымша және усы нызам тийкарында Өзбекстан Республикасы Жынаят процессуал кодексиниң 391-статьясына киргизилген қосымшаға тийкар тергеўге шекемги тексериўди әмелге асырыў ҳуқықы Миллий гвардия ҳәм оның орынлардағы бөлимшелерине берилгенлиги, Миллий гвардияның сорастырыў бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 2501-статьясының (пиротехника өнимлериниң нызамға қайшы айланысы) биринши бөлиминде (бажыхана ҳаққындағы нызам ҳужжетлерин бузыў менен байланыслы жынаятлардан тысқары) ҳәм 2591-статьясында (оғада әҳмийетли ҳәм категорияланған объект­лердиң қорғалыўын тәмийинлеўге тийисли миннетлемелерди орынламаў) нәзерде тутылған жынаятлы ислер бойынша сорастырыў жумыслары алып барылады. Сондай-ақ, нызам тийкарында Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы кодексине киргизилген қосымша ҳәм өзгерислерге бола, бул кодекстиң 2481-статьясы менен Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы органлары, усы кодекстиң 1851-статьясында (пиротехникалық затлардың нызам­ға қарсы айланысы) (Бажыхана ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў менен байланыслы жынаятлардан тысқары)  ҳәм 2101-статьясында (оғада әҳмийетли ҳәм категорияланған объект­лердиң қорғалыўын тәмийинлеўге тийисли миннетлемелерди орынламаў) нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар бойынша тийисли тәртипте ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы баянламаны рәсмийлестириўге ҳәм тийисли тәртипте судқа жибериўге ҳақылы екенлиги белгиленген. Бул бөлимниң хызметкерлери тәрепинен Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслер бо­йынша жоқарыда көрсетилген статьяларға тийкар жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды болдырмаў бойынша кең жәмийетшилик ҳәм жасларымыз арасында профилактикалық үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Әсиресе, бул жынаятлар менен ҳуқықбузарлықлардың мазмуны, оларды келтирип шығарыў мүмкин болған факторлар, нызам алдындағы жуўапкершилик мәселелери инновациялық қурал ҳәм усыллардан пайдаланған ҳалда түсиндирилип келинбекте.

Халқымызда «аўырыўды емлегеннен көре, оның алдын алған абзал» деген даналық гәп бар. Ҳақыйқатында да жүз берген жынаятларды ашыў менен оны келтирип шығарған факторларды үйрениў ҳәм баҳалаўдан көре, олардың алдын алыў, басқа бундай жағдайларды болдырмаў бәршемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болыўы тийис.

М.УТЕГЕНОВ,

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Сорастырыўды муўапықластырыў басқармасы

Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими баслығы ў.ў.а., подполковник.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF