Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:30:56, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДЕПУТАТ «ҚАРАҚАЛПАҚСТАН» ПОСЁЛКАСЫНДА

Жақында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Зафар Ханиязов республикамыздың ең шетки аймағы есап­ланған Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлкасына барып, аймақтағы 56-санлы мектепте усы елатта жасаўшы халық пенен ушырасыў өткерди.

Илажда депутат мектеп оқыўшылары менен де гүрриңлесип, оқыў дәргайында жаратылған шараятлар менен танысты.  Ушырасыў даўамында З.Ханиязов соңғы жыллары мәмлекетимиздиң билимлендириў сис­темасында жүргизилип атырған реформалар, ондағы өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳаққында жыйналғанларға кең түрде түсиниклер берип, мектеп китапханасы ушын бир қанша көркем әдебий китаплар саўға етти.

Сол күнниң өзинде Нызамшылық палатасы депутаты аймақта жаңадан ашылған «Үстирт текстил» тигиўшилик цехына барып, ол жерде ислеўши ҳаял-қызлардың да күнделикли турмысы, жумыс ислеў шараятлары менен жақыннан танысып, олардың пикир-усынысларын тыңлады ҳәм өзлерин қызықтырған саўалларына жуўаплар қайтарды.

Буннан соң депутат усы елатта жайласқан бажыхана шегара постына барып, онда хызметкер ҳәм пуқараларымыз ушын жаратылған шараятлар менен де танысты, сырт еллерде жумыс ислеп елимизге қайтып киятырған пуқаралар менен сәўбетлесиўлер өткерди. Шегара посты хызметкерлерине болса, республикамыз пуқараларының нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша өз пикирлерин билдирди.

Усы ушырасыўдан соң З.Ханиязовтың усынысы тийкарында бажыхана посты еки майыплар ҳәм төрт жүк тасыў арбашалары менен тәмийинленди.

Р.ОТАРБАЕВ,

Бердақ атындағы ҚМУ журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF