ЖАЎЫНГЕР-ВЕТЕРАНЛАРҒА МЕДИЦИНАЛЫҚ ЖӘРДЕМ КӨРСЕТИЛДИ
Нөкис әскерий прокуратурасы, Қорғаныў ислери бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы район ҳәм қалаларының турғыны болған Аўғанстан урысы қатнасыўшылары ҳәм Чернобыль АЭС индеги аварияны сапластырыўшылары-майыпларын социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериў илажлары әмелге асырылмақта.
Жақында Нөкис қалалық көп тармақлы поликлиникасында аўған урысы ҳәм Чернобыль АЭСи авариясын сапластырыўға қатнасыўшылар гезектеги медициналық тексериўден өткерилди. Дәслеп, Нөкис әскерий прокуратурасы, Қорғаныў ислери бөлими ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында ашық сөйлесиў болып өтти. Сөйлесиў даўамында мәмлекетимиз тәрепинен жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыпларды социаллық жақтан қорғаў мақсетинде қабыл етилген ҳүжжетлер менен таныстырылып, бар машқалалар бойынша мүрәжатлар көрип шығылды. Кардиолог, терапевт, офтальмолог, уролог, хирург, невропотолог сыяқлы қәнигелердиң тексериўинен өткен жаўынгер-ветеранларға денсаўлықлары бойынша тийисли усыныслар ҳәм мәсләҳәтлер берилди, сондай-ақ, оларды саламатландырыў ушын бийпул дәри-дармақлар тарқатылды.
— Республикамыз аймағында 2367 аўған урысы қатнасыўшылары ҳәм Чернобыль АЭСиндеги аварияны сапластырыўшылар бар, - дейди Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими кеңесиниң баслығы Бабур Таджимов. — Ҳәзирги күнге шекем олардан 500ге шамаласы медициналық жәрдемге мүтәж екенлиги анықланып, жәрдем көрсетилди. Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте өткерилип атырған бул илажлардан гөзленген мақсет — урыста зыян көрген жаўынгерлердиң денсаўлығын тиклеў ҳәм кеселлик белгилерин сапластырыўдан ибарат.
Усы сыяқлы илажларды әмелге асырыў, әлбетте, биз, жуўапкер шөлкемлердиң алдында турған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Арқа-Батыс әскерий
округи баспасөз хызмети.