Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:39:05, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КАБИНЕТИ ЖАНЫНДАҒЫ ПРЕЗИДЕНТ, ДӨРЕТИЎШИЛИК ҲӘМ ҚӘНИГЕЛЕСТИРИЛГЕН МЕКТЕПЛЕРДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ АГЕНТЛИГИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өткен дәўир даўамында үзликсиз билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, сапалы билимлендириў хызметлеринен пайдаланыў имканиятларын арттырыў, мийнет базарының заманагөй талапларына муўапық жоқары маман кадр­ларды таярлаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, қәбилетли жаслар менен ислесиўдиң бирден-бир ҳәм нәтийжели системасын жаратыў, жас әўладтың қәбилетин ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў ушын бундай жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, алдынғы сырт ел тәжирийбелери талаплары тийкарында сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды, соның ишинде, электрон түрде басып шығарыў, сондай-ақ, халықаралық майданда мәмлекетимиздиң мәплерин профессионал ҳәм жоқары дәрежеде мүнәсип көрсете алатуғын, талап жоқары болған қәнигелерди таярлаўды тәмийинлеў бойынша қосымша илажларды әмелге асырыў зәрүр болмақта.

Қәбилетли жасларды анықлаў, таңлап алыў, оқытыў ҳәм тәрбиялаў, жас талант ийелерин буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды таярлаў ҳәм басып шығарыўдағы машқалаларды саплас­тырыў жумысларын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, сондай-ақ, улыўма билим бериў мәкемелериниң жумысын басқарыў ҳәм шөлкемлестириўдиң арнаўлы системасын жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги (кейинги орынларда — Агентлик) шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Агентликтиң уйымлық бойсыныўына өткерилсинF

 Президент мектеплери;

тастыйықланған штат кестесин ҳәм оларды қаржыландырыўдың әмелдеги тәртибин сақлап қалған ҳалда Халық билимлендириў минис­трлигиниң аймақлық уйымлары жанындағы Абдулла Арипов, Ҳамид Олимжон ҳәм Зульфия, Муҳаммад Юсуф, Ибрайым Юсупов, Эркин Воҳидов, Муҳаммад Ризо Эрниёзбек улы Огаҳий, Халима Худойбердиева ҳәм Абдулла Қадирий атындағы дөретиўшилик мектеплери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Исҳоқхон Ибрат атындағы дөретиўшилик мектеби (кейинги орынларда — дөретиўшилик мектеплери);

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў минис­трлиги жанындағы Муҳаммад ал- Хорезмий атындағы мәлимлеме —  коммуникация технологиялары бағдарына тийисли илимлерди тереңлес­тирип оқытыўды қәнигелестирилген мектеп және Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеп-интернаты ҳәм Әбиў Али Ибн Сино атындағы жас биологлар ҳәм химиклердиң қәнигелестирилген мектеп-интернаты (кейинги орынларда — қәнигелестирилген мектеплер).

  1. Төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде жасларды анықлаў, таңлап алыў, оқытыў ҳәм тәрбиялаў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм оны нәтийжели әмелге асырыў;

мәмлекетлик билимлендириў стандартларына муўапық Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын бирден-бир түрде муўапықластырыў ҳәм методикалық басшылықты әмелге асырыў;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң оқыўшыларында Ўатансүйиўшилик ҳәм Ўатанға муҳаббат, кеңпейиллик сезимлерин, нызамларға, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрметин қәлиплестириў, олардың руўхый, әдеп-икрамлылық, интеллектуаллық ҳәм физикалық раўажланыў дәрежесин буннан былай да арттырыў;

халықаралық шөлкемлер ҳәм экс­пертлерди тартқан ҳалда Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң педагогикалық кадр­ларын таңлап алыў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың алдынғы ҳәм ашық-айдын шөлкемлестирилген ҳуқықый механизмлерин енгизиў;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў ҳәм үйлестириў бойынша усыныслар таярлаў;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң  материаллық-техникалық базасын беккемлеў усы мәкемелердеги объ­ект­лер менен имаратлардан пайдаланыў бойынша жумысларды мониторинг етиў ҳәм муўапықластырыў.

  1. Агентлик республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланатуғыны;

Агентликтиң өз ўәкиллиги шеңберинде қабыл еткен қарарлары барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм пуқаралар ушын мәжбүрий екенлиги;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер Агентлик жумысын қаржыландырыў дәреклери есапланатуғыны;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер ушын орнатылатуғын мәмлекетлик билимлендириў стандартлары Агентлик тәрепинен тастыйықланатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги жанындағы «O'qituvchi» илимий-методикалық баспа орайы (кейинги орынларда — Орай) Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер ушын сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды таярлаў ҳәм басып шығарыўға байланыслы жумысларды муўапықластыратуғыны;

Орай Агентлик буйыртпасы тийкарында мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық сабақлықлар, оқыў-методикалық қолланбалардың, соның ишинде, электрон көринисте таярланыўы ҳәм басып шығарылыўын тәмийинлейтуғыны ҳәм олар кейин ала Агент­лик тәрепинен тастыйықланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентликтиң жумыс нәтийжелигиниң төмендеги ең тийкарғы көрсеткишлери белгиленсин:

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң оқыўшыларында, соның ишинде, Ўатансүйиўшилик, Ўатанға шексиз муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға болған терең ҳүрметти қәлип­лестириўге бағдарланған тәлим-тәрбия процесиниң сапасын арттырыў;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди питкериўшилердиң мәмлекетлик ҳәм шет тиллерди жетик билиўи;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге маман ҳәм тәжирийбели, терең билимлерге ийе, мәмлекетлик ҳәм шет тиллерди заманагөй педагогикалық технологияларды ҳәм оқытыўдың инновациялық усылларын билетуғын педагогларды тартыў;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң питкериўшилери жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўды даўам еттириўи ушын, соның ишинде, қәнигелестирилген жоқары билимлендириў системасының жумыс ислеўи арқалы керекли шараятларды жаратыў;

Президент мектеплери питкериўшилериниң ең кеминде 20 проценти халықаралық тән алын­ған шөлкемлердиң рейтингинде жоқары билимлендириў мәкемелери арасында дәслепки 1 мыңлықта орын ийе­леген жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўи;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң питкериўшилерине мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да шөлкемлер, дипломатиялық ўәкилханалар, үлкен компаниялар және ассоциацияларға жумысқа орналасыўына жәрдемлесиў;

оқытыўдың инновациялық түрлери ҳәм усылларын енгизген ҳалда талап жоқары болған билимлендириў бағдарлары бойынша  дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң санын көбейтиў;

барлық Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде  миллий ҳәм дүнья әдебияты,  музыка, кино, мүсиншилик, әмелий көркем өнер ҳәм басқа да дөретиўшилик бағдарлардағы шығармаларға ийе болған заманагөй китапханалардың ислеўи;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде оқыў-методикалық процессти автоматластырыўды тәмийинлеў ҳәм оларды жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғаў;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер оқыў процесине билимлендириўдиң алдын­ғы түрлерин, педагогикалық технологияларды ҳәм мәлимлеме жаңалықларын енгизиў мақсетинде сырт ел билимлендириў шөлкемлери менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди  заманагөй спорт зал, инвентарьлар, үскене ҳәм басқа да үскенелер менен тәмийинлеў.

Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы бәнтте нәзерде тутылған мақсетли көрсеткишлерди өз ўақтында орынлаў ҳәм оларға ерисиў бойынша илажларды көрсин.

  1. Агентлик жанында Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў фонды (кейинги орынларда Фонд) шөлкемлестирилсин ҳәм оны қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

физикалық ҳәм юридикалық шахс­лардың, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы резидент емеслериниң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық қаржы шөлкемлери ҳәм сырт мәмлекетлердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдем көрсетиў қаржылары;

Фондтың ўақытша бос турған қаржыларын жайластырыўдан алынған дәраматлар;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да түсимлер.

Онда усы Пәрманның 2-бәнтинде нәзерде тутылған Агентликтиң бойсыныўына өткерилетуғын шөлкемлерди тәмийинлеў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржылар ажыратылады.

Фондтың қаржылары төмендегилерге бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын:

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў, соның ишинде, зәрүр жағдайларда оқыў устаханаларын ҳәм лабораторияларын, спорт залларын, майданшалар ҳәм басқа да инфраструктуралық объектлерди шөлкемлестирген ҳалда оқыў корпусларын кеңейтиў жумысларын қаржыландырыўға;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди заман талапларын есапқа алған халда ҳәм тастыйықланған нормалардан келип шығып, ең жаңа оқыў лабораториялық, илимий, өндирислик ҳәм спорт үскенелери, музыка әсбаплары, компьютер техникасы, мебель ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў (қосымша үскенелеў) жумысларын қаржыландырыўға;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм бағдарламалық өнимлерди енгизиўге;

Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде оқыў-методикалық басшылықты тәмийинлеў, билимлендириў процесин жүргизиў бойынша хызмет көрсететуғын қәнигелескен сырт ел шөлкемлериниң хызметине ҳақы төлеўге;

Агентликке жоқары маман қәнигелерди, соның ишинде, сырт ел экс­пертлерин ҳәм сырт елде жасап атыр­ған ўатанласларымызды пуқаралық-ҳуқықый шәртнама тийкарында ислеў ушын тартыўға;

Агентликтиң жумысын жетилистириўге қаратылған басқа да илажлар ушын.

  1. Агентлик Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылардың ийе­си болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Агентлик, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының 2020-2021-оқыў жылынан баслап төмендегилерде нәзерде тутатуғын тәртипти орнатыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:

дөретиўшилик мектеплеринде ҳәр бир класстағы оқыўшылардың саны 20 ны қурайды, 7-классларға қабыл етиў болса дөретиўшилик таңлаўлар, тест ҳәм басқа да сынақлар тийкарында әмелге асырылады;

дөретиўшилик мектеплерине оқыўшылардың санына қарамастан, 1 штат бирлигинде китапханашы лаўазымы киргизиледи;

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары турақлы түрде дөретиўшилик мектеплеринде оқыўшылардың дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыўға қаратылған сабақларды алып барады;

дөретиўшилик мектеплеринде оқытыўшылық пенен шуғылланып атырған Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзаларының мийнетине ҳақы төлеў улыўма орта билим бериў мектеплери оқытыўшыларының мийнетине саат есабы менен ҳақы төлеўге муўапық әмелге асырылады.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамына бир ай мүддетте дөретиўшилик мектеплерин миллий ҳәм дүнья әдебияты, музыка, кино, мүсиншилик, әмелий көркем өнер ҳәм басқа да дөретиўшилик бағдарлардағы  100 ең жақсы шығармалар (бестселлерлер) менен тәмийинлеў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Республикасы мәлимлеме техноло­гиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-январьға шекем дөретиўшилик мектеплериниң китапханаларын Алишер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасының мәлимлеме-ресурс базасына жалғаныўын тәмийинлесин.
  2. Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм «Чорвоқ» еркин туристлик зонасы дирекциясы» МУК Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң оқыўшылары ушын жазғы спорт саламатландырыў орайы, сондай-ақ, Агентлик ҳәм Орай хызметкерлери ушын дем алыў зонасының қурылысы ушын қолайлы тәбийғый шараятларға ийе жер участкасын ажыратыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизсин.
  3. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин.

Халық билимлендириў минис­трлиги еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов­қа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахи­товқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

 Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ.

 Ташкент қаласы, 2019-жыл 9-сентябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF