АДАМ САЎДАСЫ — АЯНЫШЛЫ АҚЫБЕТ
Елимизде сыртқы мийнет миграциясы ҳаққында пуқаралардың шет елде мийнет етиўин тәртипке салатуғын ҳуқықый тийкарлар жаратылған болып, өткен дәўир ишинде мыңлаған жерлеслеримиз усы имканиятлардан пайдаланған ҳалда шет еллерде ислеп, тәжирийбе топлаўға еристи.
Бирақ, айырым пуқаралардың шет елде жумыс ислеўдиң нызамлы жоллары бола турып, нызамсыз рәўиште шет елге барып ислеўге ҳәрекет етип атырғанлығы сыр емес. Нәтийжеде олардың жәбир көриўи, мийнет ҳақыларын ала алмай яки болмаса алданып қалып трансмиллий жынаятлардың артыўы байқалмақта.
Адам саўдасы дүнья жүзилик машқалалардан бири болып, ҳәр жылы көплеген инсанлар усы жынаят қурбанына айланады. Мәмлекетимизде бундай жынаятлардың алдын алыў, оларға қарсы гүресиў мәселесине айрықша итибар қаратылған.
Адам саўдасы инсан абырайына, қәдир-қымбатына, тыныш турмысы ҳәм келешегине қәўип салатуғын трансмиллий уйымласқан жынаятшылық көринислеринен бири болып, өзиниң шегара таңламаслығы ҳәм тийкарынан жаслар менен ҳаял-қызлардың алдаўға ушырап атырғанлығы бәршеде үлкен тәшўиш туўдырмақта.
Бул иллет XX әсирдиң 90-жылларының басларынан ҒМДА мәмлекетлерине де жайыла баслады. Алданып қалыў ямаса жынаятшылардың ҳәрекетине бола, жәбир көргенлер саны бир неше миллионға артқан.
Адам саўдасы терминине усы ўақытқа шекем халықаралық ҳүжжетлерде толық түсиник берилмеген. Адам саўдасы түсинигине бирден-бир ҳуқықый жақтан мәжбүрий болған халықаралық сыпатлама «Адамлар, әсиресе, ҳаяллар ҳәм балалар саўдасының алдын алыў, оны сапластырыў ҳәм оның ушын жазалаў ҳаққында»ғы баянламада берилген. Бул баянлама Трансмиллий уйымласқан жынаятшылыққа қарсы БМШ Конвенциясын толықтырды. Онда адам саўдасына былайынша сыпатлама берилгенF «Адам саўдасы инсанларға күш ислетиў ямаса мәжбүрлеўдиң басқа формаларын қолланыў, урлаў, алдаўшылық, ҳәкимиятқа қыянет етиў, жағдайдың әззилигинен пайдаланыў жолы менен ямаса басқа шахс қадағалап турған адамның разылығын алыў мақсетинде төлеў, пайда көринисиндеги пара есесине эксплуатациялаў ушын адамларды жаллаў, алып өтиў, берип жибериў, жасырыў ямаса оларға ийе болыўын билдиреди».
Өзбекстан Республикасы БМШ Бас Ассамблеясының 55-сессиясында 2000-жылы 15-ноябрьде қабыл етилген «Трансмиллий уйымласқан жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Протоколын ратификациялады. Ҳәр бир пуқараның ҳуқықларын қорғаў бойынша исленип атырған илажлар улыўмаинсаныйлық цивилизацияға тәсирин тийгизбекте.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстанда инсан ҳуқықларын ҳуқықый қорғаў суд-ҳуқық реформаларының тийкарғы бағдарынан бири есапланады.
А.ХОЖАНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша
Шымбай районлық судының баслығы.