Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:25:07, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СТУДЕНТЛИК ГҮЎАЛЫҚЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жылдың 7-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» ураны астында жаңа оқыў жылы ­ «Билимлер күни» салтанатлы кешеси болып өтти.

Кешеде университет ректоры А.Реймов, академик Ж.Базарбаев, профессорлар Б.Абдикамалов, Қ.Жәримбетовлар шығып сөйлеп, университеттиң 1-курсына қабыл етилген студентлерге берилген имканиятлардан үнем­ли пайдаланып, халқымыздың ийгилиги, ана-Ўатанымыздың пәраўанлығы жолында жемисли хызмет етип, ғәрезсизлигимизди және де беккемлеўге, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға өзлериниң салмақлы үлесин қосатуғын жетик кадрлар болып жетилисиўине тилек билдирди.

Усы жылдың 20-21-август күнлери Президентимиздиң Қарақалпақстанға еткен сапары даўамында республикамыздың тий­карғы таяныш жоқары оқыў орны есапланған Қарақалпақ мәмлекетлик университетин раўажландырыў бойынша Президент қарарын таярлаў бойынша берген тапсырмасы университетимизди, қалаберсе, Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынларын раўажландырыў ушын үлкен әҳми­йетке ийе болмақта.

Басланып атырған жаңа 2019-2020-оқыў жылы ушын бакалавриаттың күндизги бөлимине 58 тәлим бағдары бойынша жәми 3181 студент, соннан 728, ал, қосымша қабыллаў квотасынан тысқары 122 абитуриентлер мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. 2453 абитуриент болса төлемли-шәртнама тийкарында студентликке қабылланды. Ал, бакалавриаттың сыртқы бөлимине 11 тәлим бағдары бойынша 386 абитуриент, кешки бөлимге 5 тәлим бағдары бойынша жәми 121 абитуриент оқыўға қабыл етилди. Магистратураға 32 қәнигелик бойынша жәми 164 студент, соннан 88и мәмлекетлик грант тийкарында (4 стипендиат), 72си төлемли-шәртнама тийкарында қабылланды.

Илаж даўамында ең жоқары балл менен оқыўға қабыллан­ған жасларға студентлик гүўалықлары салтанатлы түрде тапсырылды.

­ Мен ҚМУниң юриспруденция қәнигелигине ең жоқары балл топлап, мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылландым. Келешекте усы билим дәргайында жақсы тәлим алып, елимиздиң раўажланыўына өзимниң үлесимди қоссам деймен, ­ дейди Алымжан Исматов.

Салтанатлы илаж университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамблиниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Б.ИБРАГИМОВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF