Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:49:38, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЎ ҲӘМ СЕРВИС ТАРАЎЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимети тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўды күшейтиў бо­йынша қабыл еткен Пәрман ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған Мәмлекетлик ста­тистика комитетиниң комплекс ис-илажлары режесине муўапық өз жумысларын әмелге асырып келмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 26-февральдағы 55-санлы «2016-2020-жылларда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық 2016-2020-жылларда Қарақалпақстан Республикасында хызметлер тараўын раўажландырыўдағы төмендеги баслы бағдар ҳәм ўазыйпалар белгиленген.

Атап айтқанда, хызметлер тараўын раўажландырыў есабына жалпы ишки өнимди көбейтип, оның республика экономикасындағы үлесин 48,7 процентке шекем жеткериў, 2020-жылға барып аўыллық жерлерде хызметлерди 1,8 есеге өсириў, инженерлик-коммуникация, жол-транспорт инфрадүзилмесин раўажландырыў, тармақларда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў есабынан хызметлер тараўын, қурамалы өзгерислерди жедел раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, бәсекилик орталығын қәлиплестириў, киши ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыўға көмеклесиў, ҳәр қыйлы инновация хызметлерин, жаңа байланыс қуралларын кеңейтиў режелестирилген.

Соның менен бирге, халықтың телекоммуникация тармақларынан пайдаланыў бойынша техникалық имканиятларын тәмийинлеў ҳәм олар тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў, телефон байланысы ҳәм телевидениениң санлы системасына толық өтип, 2020-жылға барып байланыс ҳәм мәлимлемелестириўдиң республика экономикасында үлесин 2,5 процентке шекем жеткериў, ең жаңа электрон төлем технологияларын турмысқа енгизип, финанс хызметлерин ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялық хызметлерди еле де раўажландырыў белгиленген.

Республикамызда 20l9-жыл январь-июль айлары жуўмағы бойынша көрсетилген жәми хызметлердиң көлеми 3022,6 млрд. сум болып, өсим пәти өткен жыл­ға салыстырғанда 116,6 процентти, соннан аўыллық жерлерде 826,0 млрд. сум, яғный, көрсетилген жәми хызметлердиң 27,3 процентин қурады. Соның ишинде, хызметлер көлеминдеги киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлер субъектлериниң үлеси 53,4 процентти қурап, жыл басынан жан басына l6ll,3 мың сумлық хызметлер көрсетилген.

Б.ТАЖИБЕКОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы Хызметлер

тараўы статистика бөлими баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF