Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:41:53, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА  МӘЎСИМ  АШЫЛДЫ

Елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамынан соң жаңа оқыў жылының басланыўы менен Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры жәмәәти де 41-мәўсимин К.Рахмановтың «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек» комедиясы менен ашты.

Көп жыллар бурын сахна жүзин көрген бул спектакльди жаслық дәўиримизде де қызығып тамашалаған болсақ, бүгинги күни дөретиўши жәмәәттиң жас актёрлар менен толысыўы ­ комедияның және де тәсирли шығыўында үлкен жетискенлик екенлигин ҳеш ким бийкарлай алмайды. Спектакльди тамашалаған ҳәр бир адамды республикамызға белгили талант ийелериниң устаз-шәкирт бағдарындағы алып барып атырған жумыслары изсиз емеслиги қуўандырады. Көп жыллар даўамында театр сахнасынан түспей киятырған бул спектакль театр жәмәәтиниң үлкен табысларға ерисиўине тийкар болса, белгили драматург К.Рахмановтың өшпес таланты халқымыз арасында елеге шекем жасап атырғанына дәлил болады.

Комедия ўақыяларын 13 актёрдан ибарат дөретиўши топар табыслы атқарып шықты. Спектакль қарақалпақ халық аўызеки дөретпеси тийкарында, мийнет сүйгиш, ақыллы, пайдасына пүтин шиңкилдек ҳәм қосжақпас, ҳәр бир исти келте пәмлик пенен ойлайтуғын тоңқылдақлар ҳаққында сөз етиледи. Шиңкилдек ақыллығы себепли жаманлықлардан тоңқылдақлар қойған дузаққа өзлерин түсиреди. Бул жағынан қарағанда комедия қызықлы сатиралық ўақыяларға қурылғаны менен инсанды мийнет сүйгишликке тәрбиялайды, жаманлық етиўдиң жазасыз қалмаслығын ҳәм тиришилик етиўдиң жеңил тәреплерин гөзлегенлер қандай ақыбетлерге жолығатуғынлығын уғындырады.

Театр мәўсиминиң ашылыў мәресиминде театр директоры, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери П.Айт­муратов, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артистка А.Наўрызова, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Ы.Айбатовлар шығып сөйлеп, жәмәәттиң дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF