Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:33:24, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ШЕШИЛМЕКТЕ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманына тийкарланып Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары шөлкемлестирилген еди.

Хожели ра­йонында шөлкемлестирилген усындай Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен райондағы исбилерменлерге жақыннан жәрдем көрсетип, олардың көплеген маш­қалаларын шешиўге жәрдем бермекте.

Атап айтқанда, қабыллаўхана хызметкерлери орынларға шығып, пуқаралардың  мүрәжатларын үйрениў нәтийжесинде райондағы «Сарышүңгил» АПЖ аймағында жасаўшы пуқара Русланбек Еркиновтың өнермент болыў тилеги бар екенлиги, бирақ, исти ўақытша жумыссыз болғанлықтан баслаўға қаржысы жоқ екенлигин билдирген еди. Оның мүрәжатын үйренип шығып, районның бәнтликке көмеклесиў орайының Фонды есабынан Мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын ең кем ис ҳақының бир барабары муғдарында мәмлекетлик бажы пулы төлеп берилди ҳәм мәмлекет хызметлери орайынан исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Жеке тәртиптеги исбилермен Диларам Алламбергенова миллий мазалы тағамлар ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў үскенесин сатып алыў ушын «Микрокредит» АТБ Хожели филиалынан 30 миллион сум муғдарында кредит ажыратыўға жәрдем сорап мүрәжат етти. Бул мүрәжатты қабыллаўханамызда тийисли басшылар менен үйренип шығып, Д.Алламбергеноваға үш жыл мүддетке жеңилликли кредит ажыратылды. Сондай-ақ, «ARTIMICT» ЖЖШ басшысы Азамат Бабажанов еки қабатлы заманагөй саўда орайын қурыў ушын  кесент беретуғын электр линиясын басқа жерге көшириў ҳаққында мүрәжат етти, бул мәселе де унамлы шешилди.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасын шөлкемлестирилгенлигинен исбилерменлер жүдә разы екенлигин билдирмекте. Бул қабыллаўхана исбилермен пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғап әмелий жәрдем берип атыр.

Н.ЕСНАЗАРОВ,

Хожели районы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң

исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF