ҒӘРЕЗСИЗЛИК ШАРАПАТЫ
Соңғы жыллары пүткил мәмлекетимиз бойлап жүргизилип атырған кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының айқын көринисин бүгинги күни Тахтакөпир районы турмысында да көриўимизге болады.
Әсиресе, бундай әмелий ислер быйылғы жылы «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген «Тахтакөпир», «Дәўқара» ҳәм «Мүлк» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында қызғын алып барылып атыр. Атап айтқанда, мәмлекетлик бағдарлама тийкарында усы елатлардағы 7, 13, 16-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери, 9, 12-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, «Дәўқара» аўыллық-шыпакерлик пункти, «Тахтакөпир» аўыллық-шаңарақлық поликлиникасы, усы үш елаттың пуқаралар жыйыны кеңселерине капитал оңлаў жумыслары исленип, бул социаллық объектлер Ғәрезсизлик байрамында аўыл халқына салтанатлы жағдайда тапсырылды. Ал, 9-12-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери болса, жақын күнлер ишинде пайдаланыўға тапсырылады. Сондай-ақ, аймақларда халық турмысы ушын оғада зәрүр болған ишимлик суў ҳәм электр тармақларын сапалы оңлаўдан шығарыў ислерине де айрықша итибар қаратылмақта.
Мектебимиз 1975-жылы қурылып, 2004-жылы капитал реконструкция жумыслары жүргизилген еди, - дейди мектеп директоры Қуралай Үсенова. Мине, соннан берли де арадан он бес жыл ўақыт өтип, оқыў ханалары әдеўир тозған еди. Ҳүрметли Президентимиздиң билимлендириў тараўы ҳәм онда ислеўши хызметкерлерге қаратып атырған айрықша итибары ҳәм ғамқорлығының нәтийжесинде муғаллимлердиң ис ҳақылары көбейтилип, жумыс ислеў шараятлары жақсыланбақта. Бул ғамқорлықлар биз оқытыўшыларға тәлим-тәрбия процесинде қатаң жуўапкершилик жүклейди. Сонлықтан, алдағы ўақытлары республика ҳүкиметиниң бизлерге билдирген исенимин толық ақлап, оқыўшыларымызды келешекте елимиз раўажланыўына өз үлесин қосатуғын, ҳәр тәреплеме билимли ҳәм тәрбиялы инсанлар болып жетилисиўи ушын аянбай мийнет етемиз...
Шынында да, мектептиң ишки турмысы ҳәм онда жаратылған шараятлар менен танысар екенбиз, қолы гүл қурылысшылар тәрепинен исленген жумысларды көрип, оған ҳәўесимиз артты. Бул болса, алдағы ўақытлары мектепте тәлим бериў сапасы жақсыланып, онда оқыўшылардың билим дәрежеси жоқарылайтуғынлығынан дәрек берип турғандай.
Ә.ОРАЗОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Тахтакөпир районы.