Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:22:38, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПӘРМАН ҲӘМ ҚАРАРЛАР САРРАС ОРЫНЛАНЫЎЫ МЕНЕН ӘҲМИЙЕТЛИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги ПҚ-2916-санлы «2017-2021-жылларда турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша комитети, ўәлаятлардағы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша басқармалары жанында «Таза аймақ» («Тоза ҳудуд») мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилди.

Қарарға муўапық, бир айдың ишинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен район ҳәкимликлери жанындағы Абаданластырыў басқармаларының турмыслық шығындыларды алып шығыў бойынша хызмет көрсететуғын участкаларға бириктирилген арнаўлы автотранспорт қураллары менен үскенелери, шығынды жыйнаў пунктлери менен контейнерлери «Таза аймақ» МУКна бийпул өткерип берилди. Кәрханаға 2017-2021-жылларда халықаралық қаржы шөлкемлериниң қаржыларын тарта отырып, қалаларда турмыслық шығындыларды жыйнаў, тасыў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў сис­темаларын раўажландырыў бойынша инвестициялық жойбар дүзиў ўазыйпасы жүклетилген еди.

Қарақалпақстан Республикасы «Таза аймақ» МУК 2017-жылдың июль айынан баслап Қарақалпақстан Республикасының 14 районы халқына турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў бойынша хызмет көрсетип баслады.

Мине, арадан саррас еки жыл өтти. Пикирлеўимизше, бул ўақыт ишинде исленген жумысларды таллаўға ўақыт жетерли болды. Олардың хызметинен халық разы ма? Тараўда қандай машқалалар бар? Қарарда белгилеп берилген ўазыйпалар кәрхана тәрепинен толық орынланып атыр ма? Усы саўалларға жуўап излеп, журналистлик изертлеў жүргиздик.

 

ШЫҒЫНДЫ ТАСЫЎШЫ МАШИНАЛАР КЕЛИП ТУР,

БИРАҚ, АДАМЛАР НЕГЕ НАРАЗЫ?

   Жақында бир мерекеде жасыүлкен көпшиликке шағынып отырғанын еситип қалдым. Қулағымды түрсем, гәп шығынды туўралы кетип атыр екен. Оның айтыўынша, буннан еки жыл бурын «Таза аймақ» шығынды алыўшы кәрханасы күнде болмаса да, айына бир мәрте келип турған.           — Ислеген хызметине ақша төледик. Мәселен, мен шығынды салсам, ақшасын төледим, ал, салмаған күни төлемейтуғын едим. Өйткени, үйде 6 жан болсақ та, олар менен еки адамға шәртнама дүздик, соған жараса ақшасын алатуғын еди. Үйимизде айына көп болса 1 қалта шығынды жыйналады, гейде еки айда зорға бир қалта толады. Булардың хызмети кеўилдегидей еди. Себеби, шығынды салсам төлеймен, салмасам төлемеймен. Ал, усы жылдан баслап болса шығындыға ҳәмме мәжбүрий төлейди деген тәртип шықты. Енди бизлер бурынғыдай ҳаялым екеўимизге емес, ал 6 адамға төлем төлейтуғын болдық. Оның үстине шығынды салсам да, салмасам да 6 жанға айына 12600 сум төлеўге мәжбүрмен. Төлемесем, мәжбүрий орынлаў бюросы үйиме қарыздарлығым ҳаққында талапнама қағазын жиберетуғын болды.

­ Ҳаў, балаларға төлем алынбайтуғын еди ғой, - деди усы ўақытта жанындағы адам.

­ Мен де соны айттым. Бирақ, МОБ хызметкери: «Ол бурын еди, ҳәзир үйдеги адамлардың барлығынан төлем алынады. Сениң балаларың шығынды шығармай ма? Музқаймақ, хрустяшкалардың шығындысына ким пул төлейди?» деди.

Бирақ, олардың төлеми артқаны менен, хызметине қа­наатланбайман. Себеби, мен де, ҳаялым да жумыста. Балалар оқыўда. Шығынды тасыўшы машинаның қашан келетуғыны да белгисиз. Қоңсылардың айтыўынша, ҳәр ҳәптениң үшинши күни келип-кетеди екен. Қырсығына, бизлер бул күни  жумыста боламыз. Сонда мен 12600 сумды не ушын төлеп атырман, деп ойлап қаламан гейде, - деди жаңағы жасыүлкен.

 Мерекеде отырған тағы бир жасыүлкен сөзге араласты:

­ Оларды жаманлағанша шығындыны қалтаға салып көшеге шығарып қойсаң болмай ма, өзи алып кете береди ғой, - деди.

­ Мен сизиң айтқаныңызды ислеп көрдим. Келиспеди. Себеби, шығынды тасыўшы машина ўақтында келмей қалып, қалтадағыларды майда балалар шашып кетип, қоңсылардан бираз гәп еситтим. Енди не ислеримди билмей отырман.

 Былай қарағанда, оның гәпинде жан бар сыяқлы. Сонлықтан, буларға анықлық киргизиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасына барып, жумыслары менен қызықтық.

 

ТАРАЎДА ПӘРМАН ҲӘМ ҚАРАРЛАР ҚАЛАЙ ОРЫНЛАНЫП АТЫР?

 

Дурыс, Президентимиздиң 2018-жыл 22-ноябрьдеги ПФ-5580-санлы Пәрманында былай деп айтылған: Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы мәжбүрий орынлаў бюросына 2019-жылдың l-январынан баслап қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын халық тәрепинен мәжбүрий төлемлер толық ҳәм өз ўақтында төлениўин тәмийинлеў бойынша қосымша ўазыйпа жүклетилди. Сонлықтан, МОБ хызметкерлери төлемлерди қабыллап жүргени бар гәп. Бирақ, усы жерде көпшиликти ойландырып жүрген бир саўал бар: пәрман ҳәм қарарлар бойынша шығынды төлеми кимлерден алынады?

Мәселен, быйылдан баслап көшемизде шығынды төлеми бойынша қарыздарлар көбейип кетип, халық пенен мәжбүрий орынлаў бюросы хызметкерлери арасында келиспеўшиликлер жийи-жийи ушырасып атыр. Көпшилиги «Неге балалардан төлем алып атырсыз?» деген саўал қояды. Бул саўалға МОБ хызметкерлери: «пәрманда солай көрсетилген» деп аңсат жуўап берип қутылады.

 Неге усындай болып атыр? Мәселен, ҳәзирги ўақытта үйимизде 7 жан жасаймыз. Бурын бизлер шығынды ушын 5 адамға  төлем төлейтуғын едик. Ал, быйылғы жылдан баслап 7 адамға алатуғынды шығарды.

Пәрманды оқыйық: Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-ноябрьдеги 5580-санлы пәрманында: «Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы мойнына 2019-жылдың 1-январынан баслап қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын халық тәрепинен мәжбүрий төлемлер толық ҳәм өз ўақтында төлениўин тәмийинлеў бойынша қосымша ўазыйпа жүклетилсин» делинген.

Усы жерде «мәжбүрий төлем» ҳәм «ҳәммеден алынады» деген сөзлерди ажыратып алыўымыз керек болады. Себеби, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 15-февральдағы ПФ-5343-санлы «Прокуратура органларының қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеўдеги жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бо­йынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманының 6-пунктинде былай деп айтыладыF «2018-жыл 1-марттан турақ жай объекти мәнзили бойынша прописка етилген ержеткен физикалық шахслар усы турақ жай объектине жалғанған электр ҳәм газ тармақлары, суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системалары арқалы жеткерип берилген энергия ресурслары ҳәм де көрсетилген суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў  хызмети ушын төлем төлеў мәжбүриятлары бойынша ерикли түрде жуўапкер есапланады» деп атап өтилген.

Аңлаған болсаңыз, «төлемлер ҳәммеден емес, ал, сол мәнзилде пропискада турған, ержеткен физикалық тәреплерден алынады» деп анық көрсетип берилген. 

Әлбетте, көпшилигиңиз бул пәрманда қатты турмыслық шығынды туўралы айтылмаған ғой деўиңиз мүмкин. Бирақ, 5580-санлы пәрманның 3-қосымшасы, в) 11-бәнтиниң «б» киши бәнтинде:

Биринши хатбасыдағы «энергия ресурслары» сөзлеринен кейин «суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў хызмети төлемлери, сондай-ақ, қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў ушын мәжбүрий төлемлер» сөзлери менен толықтырылсын, деп көрсетилген. 

Солай екен, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 15-февральдағы ПФ-5343-санлы «Прокуратура органларының қабыл етилип атыр­ған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеўдеги жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы қатты турмыслық шығындыларды алып шығыўға да тийисли екенлигин аңлатады.

Бул болса, алдын айтқан, мәжбүрий төлем ҳәм ҳәмме төлеўи керек дегенниң бир-биринен айырмашылығын көрсетип тур.

Соның менен бирге, кем тәмийинленген, көп балалы, жалғыз баслы, бағыўшысынан айырылған, майып пуқараларға да мәмлекетимиз тәрепинен жеңилликлер берип қо­йылған. Не ушын сонда шығынды төлеми ҳәммеден алынады деген саўал пайда болады!.. 

Бүгинги күнде шығынды тасыўшы мәкемелер пуқаралар менен ҳеш қандай шәртнама дүзбестен хызмет көрсетип киятыр. Еситиўимше,  оның орнына пуқаралардың атынан АПЖ ҳәм МПЖ баслықлары менен жәмәәтлик шәртнама дүзилетуғын қусайды. Ал, бул бойынша пәрман ҳәм қарарларда не делинген!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги 2916-санлы қарарында былай деп айтылған: «Таза аймақ» МУК пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен тығыз байланыста шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша көрсетилип атырған хызметлер ушын абонентлер менен шәртнамалар дүзиў ҳәм төлемлердиң өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша нәтийжели жумысларды шөлкемлестирсин». Сондай-ақ, бул ҳаққында Президентимиздиң 2018-жыл 22-ноябрьдеги ПФ-5580-санлы «Қатты шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў ушын төлемлерди төлеў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында да усылай айтылған.

Деген менен, Президенттиң жоқарыда айтылған пәрман ҳәм қарарлары толық орынланбай атыр. Буған мысал ретинде Қарақалпақстан Республикасы «Таза аймақ» МУК Кегейли районы филиалы баслығы О.Кәримбердиевтиң мағлыўматына көз жуўыртамыз. Мағлыўматта Кегейли районындағы 9 МПЖ ҳәм 2 АПЖ менен турмыслық қатты шығындыларды алып шығыў бойынша жәмәәтлик шәртнамалар дүзилгенлиги айтылған.

 Дурыс, қарарда айтылыўынша,  «Таза аймақ» МУК ҳәм пуқаралар жыйынлары менен бирге ислесиў бойынша жәмәәтлик шәртнама дүзиўи керек. Ал, шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша көрсетилип атырған хызметлер ушын абонентлер менен шәртнамалар дүзиў ҳаққындағы талабы болса орынланбай киятыр.

  Сондай-ақ, неге «Таза аймақ» МУК пуқаралар менен емес, ал АПЖ ҳәм МПЖ басшылары менен шәртнамалар дүзиў менен шекленеди, деген орынлы саўал туўылады. Абонентлер менен шәртнама дүзилместен неге бүгинги күнге шекем төлем өндирилип киятыр? Не ушын АПЖ, МПЖ басшылары менен дүзилген жәмәәтлик шәртнама абонентлер менен дүзилетуғын шәртнаманың хызметин атқарып киятыр?

Бириншиден, ҳәзирги күнде ҳәр қандай жумыс шәртнама менен ислениўи белгиленген. Өйткени, шәртнамада хызмет көрсетиўши менен буйыртпашы арасындағы ҳуқық ҳәм миннетлемелер көрсетип өтиледи. Ал, бул жағдайда неге бул принцип бузылған! Хызмет көрсетиўши төлем өндириўге ҳақылы, бирақ, буйыртпашы халықтың болса ҳеш қандай ҳуқықы белгиленбеген сыяқлы. Себеби, пуқараның ҳуқықын кепиллеп беретуғын еки тәреплеме дүзилген шәртнамасы жоқ...

Екиншиден, сондай-ақ, АПЖ ҳәм МПЖ менен дүзилген жәмәәтлик шәртнамаларда бир тәреплемелик көзге тасланады. Себеби, Пәрман ҳәм қарардағы төлемлердиң алыныў тәртиби бузылған. Бир үйде қанша адам болса, барлығынан төлем алынып киятыр. Не ушын халық пенен шәртнама дүзилмей, ержетпеген адамлардан да төлем алынбақта?

 Бул жерде басқа сыр бар сыяқлы. Себеби, усындай «жал­ған исбилермен»лер жеке мәпи ушын халықтың ҳуқықын билмегенлигинен пайдаланып келмекте, деген ойға барасаң. Негизинде, АПЖ ҳәм   МПЖ баслықлары халықтың сайлап қойған исенимли ўәкиллери, олар халықтың турмысын жақсылаў, оларға ҳәр тәреплеме жәрдем қолын созыў, пәрман ҳәм қарарлар бойынша халыққа үгит-нәсият жумысларын алып барып, орынланыўын тәмийинлеўи керек емес пе!

 Мағлыўмат орнында соны айтып өтпекшимиз, мысалы, бир үйде 6 адам жасайды. Соның екеўи балалар. Бир адамға айына 2100 сум шығынды пулы белгиленген. Буны 12 айға көбейтсек... Буны республика бойынша көбейткенде, олардың халықтан артықша қаншама ақша өндирип атырғанлығының гүўасы боламыз. Сонда бул ақшалар қайда кетип атыр ҳәм қандай мақсетлерге жумсалып атыр, деген орынлы саўал өз-өзинен пайда болады. Ең баслысы адамлар олардың хызметинен кеўли толмай атыр.

Ҳәр бир исте «Халықты разы етиў керек» деген Президентимиздиң талабы қайда?

 

АРТЫҚША ТӨЛЕМ ҚАЙДА ЖУМСАЛЫП АТЫР

ямаса хызметкерлердиң мийнет шараяты қандай?

 

Қарақалпақстан Республикасы «Таза аймақ» МУКна қараслы Кегейли, Хожели, Тақыятас районларындағы филиалларындағы жумыслар менен танысқанымызда, төмендегилерди анықладық.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы «Таза аймақ» МУК балансында жәми 145 техника бар. Соның 99ы турмыслық қатты шығындыларды тасыўшы техникалар (мусоровоз), 15и өзи аўдарыўшы (самосваль) автотранспорт, 14и ассенизатор, 15си  бульдозер, екеўи өзи жүклеўши тракторлар.

Кегейли районында жәми 13 техниканың бесеўи шығынды тасыўшы машина. Хожели ҳәм Тақыятаста бесеўден шығынды тасыўшы арнаўлы техникалар бар. Усы техникалар халыққа сапалы ҳәм ўақтында хызмет көрсете ала ма!  Мысалы, Кегейлиде 9 МПЖ ҳәм 2 АПЖна хызмет көрсетиледи. Өзлериңиз ойлап көриң, олардың ҳәр бириниң аралығы ашық ҳәм узақ жайласқан. Оның үстине, кәрхана халыққа ҳәптениң тек 5 күнинде хызмет көрсетеди екен. Ал, қалған шемби ҳәм екшемби күнлери кәрханалардың шығындыларын алып кетеди. Ал, сонда бары-жоғы 5 техника усыншама хызметти қалай атқарады! Машина айдаўшылары ҳәм шығынды жүклеўшилерге қанша аўыр мийнет жүкленгенин усы санлар-ақ көрсетип тур.

Бул бир жағы. Екинши тәрепи, кәрханада ислеп атырған айдаўшылар менен шығынды жүклеўши хызметкерлер арнаўлы хызмет кийимлери менен тәмийинленбеген. Оны қоя турайық, шығынды жүклеўши хызметкерлердиң ҳәр бири денсаўлыққа зыянлы ийислерден қорғайтуғын респираторлар менен тәмийинленбей жумыс ислеп атыр. Базыбиреўлери өзлери сийледен жасалма маска ислеп алған. Бирақ, бул масканың олардың денсаўлығын қорғайтуғынына ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Себеби, бул жумысшылар ҳәр күни сасық, бәд ийисли шығындылар менен жумыс ислеп, өзлериниң денсаўлығына қаншелли зыян берип атыр. Ертең аўырып қалса, олардың алатуғын мийнет ҳақылары буған жете ме? Шығынды жүклеўши хызметкерлердиң орташа айлығы 600-700 мың сум. Оған 12 процент зыянлы жумыста ислегени ушын қосылады екен. Деген менен, зыянлы шараятта ислеп, жуқпалы кеселликлер менен аўырса, емлениўге қанша қаржы жумсайды?!

 

ЖУЎМАҚ ОРНЫНА

Көрип өткенимиздей, тараўда исленип атырған жумысларды үйренгенимизде, халықтың наразы болыўына тийкар болатуғындай бир қатар себеплер тапқандай болдық. Себеби, бүгинги күнде ҚР «Таза аймақ» МУК тәрепинен пәрман ҳәм қарарларда белгиленген ўазыйпалар саррас орынланып атыр деўге болмайды. Жумыслар елеге дейин бир системаға түсирилмеген. Төлемлерди алыў системасында да кемшиликлер жетерли. Атап өткенде, Өзбекстан Республикасы СанПиНниң Қ0297-11-санлы буйрығына тийкар жан басына 1.170 грамм шығынды алынады делингени бойынша исленип атыр. Бул дурыс шығар, бирақ халықтың жасаў ҳәм материаллық жағдайынан келип шығылып, төлем алыў сис­темасы енгизилсе мақул болар ма еди!

 Жуўмақлап айтқанда, тез арада тараў басшылары бул қәте-кемшиликлерден айқын жуўмақ шығарады, деп исенемиз.

  

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: ҚР «Таза аймақ» МУКна қараслы Кегейли районы

филиалы хызметкерлериниң жумысы барысынан көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF