Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:33:18, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЎАТАНДЫ СҮЙИЎ — ПИДАЙЫЛЫҚ, САДЫҚЛЫҚ ҲӘМ МӘРТЛИК

Усы күнлерде халқымыз ең уллы, ең әзиз байрамымыз ­ Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық салтанатларын ҳәр қашанғыдан да үлкен шадлық, көтериңкилик пенен белгилемекте.

Мәмлекетимиз басшысының байрам мүнәсибети менен халқымызға жоллаған қутлықлаўындағыF

«Бүгин бир пикирди исеним менен атап өтиўди зәрүр, деп билеменF Өзбекстандағы демократиялық процесслер енди артқа қайтпайтуғын, турақлы түс алды.

Биз мине усындай жақты күнлер ушын гүресип, жанын пида еткен ата-бабаларымыздың ҳүрмети, 33 миллионлық халқымыздың ҳүрмети, бизге үмит ҳәм исеним көзи менен нәзер салып турған балаларымыз, ақлықларымыздың ҳүрмети ­ ғәрезсизлик жолынан ҳеш қашан қайтпаймыз!

Өз мақсетлеримизге әлбетте, жетемиз ­ келешеги уллы Өзбекстанды ҳәммемиз биргеликте қурамыз!», деген сөзлери Ўатансүйиўшилик, пидайылық, өз халқына садықлық руўхы менен суўғарылған.

Бул сөзлер әлбетте, бийтәкирар Өзбекстанымыздың дүньяға бахыт ҳәм абаданлық, тынышлық ҳәм турақлылық есиклерин ашқанын пүткил дүнья көрип тур.

Елимиз басшысының жақында ғана Қарақалпақстанға сапары ҳәм усы сапар даўамында қарақалпақ халқының ертеңги пәраўан турмысы ушын белгилеп берген көлемли ўазыйпалары, халқымызға айтқан меҳирли сөзлери журтымыздың кекселери менен жасларын жаңа арзыў-мақсетлерге руўх­ландырмақта.

Ҳәр күнимизде бир жаңалық, жаңа объектлердиң иске түсип атырғаны, социаллық тараўларға хызмет ететуғын имаратлардың ашылып атырғаны, түрли хош хабарлар ағымы тынбайды.

Ең үлкен қуўаныш болса, Президентимиздиң 28-август күнги пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовқа «Өзбекстан Қаҳарманы» атағының берилгени болды. Бул уллы сыйлықта халқымыз Қарақалпақстан Республикасы басшысының мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын беккемлеў, оның дүнья көлеминдеги абырайын жоқарылатыў, Ўатанымыздың абатлығын, турмысымыздың абаданлығын тәми­йинлеў бағдарындағы үлкен хызметлери, соңғы жылларда елимизде жеделлик пенен алып барылып атырған түпкиликли реформалар процесиндеги басламалары ҳәм пидайылығы, мәмлекет ҳәм халық мәплерин жүзеге шығарыў жолындағы пидакерлик мийнети, өндирис ҳәм социаллық-руўхый тараўлардағы көп жыллық нәтийжели ҳәм ибратлы жумысы, жас әўладты Ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға қосқан үлкен үлеси және жәмийетлик турмыстағы белсендилиги менен мийнетлерин шын мәниде көрмекте.

Ең уллы, ең әзиз байрамымыз қарсаңында халқымыз Қарақалпақстанға жайылған бул хош хабардан елин сүйген, оның абаданлығы, социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын пидайылық пенен мийнет етип атыр­ған ҳәр бир перзентиниң көксине «Алтын Жулдыз» тағылғандай қуўанды. Бул қуўанышты Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы мүнәсибети менен бир топар қарақалпақстанлы мәмлекетлик хызметкерлер, өндирис, социаллық-экономикалық, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлерин «Меҳнат шуҳрати», «Дўстлик», II дәрежели «Соғлом авлод учун»  орденлери, «Шуҳрат», «Жасорат» медальлары менен сыйлықланғанлығы және де толықтырды.

Қарақалпақстанлылар елдиң раўажланыўы, оның социаллық-экономикалық тараўлардағы табыслары, халықтың турмыс абаданлығының күн сайын артып атырғаны, жаңаланыўлар, кең көлемдеги дөретиўшилик ислериниң нәтийжеси мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақ елине болған шексиз меҳири, үлкен итибары, анық ҳәм режели ўазыйпалары, барлық тараўларға жаңа инновациялық технологиялардың енгизилиўин тәмийинлеп атырғаны мысалында жақсы аңлайды.

Соның менен бирге, Президентимиз белгилеп берген бул тийкарғы ўазыйпаларды булжытпай әмелге асырыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдиновичтиң шебер шөлкемлестириўшилик, басшылық қәбилети, кадр­лар менен ислесиўдеги айрықша таланты, адамлар арасында өзиниң кишипейиллиги менен ҳүрметке ерискени, ҳәр бир пуқараны дыққат ҳәм итибар менен тыңлай билетуғын пазыйлети, машқалаларды шешиўдеги тәжирийбелериниң мол екенлигин де халқымыз жоқары қәдирлеп киятырғаны ҳақ гәп.

Егер биз, М.Т.Ерниязовтың өмир жолына көз жуўыртсақ, оның қайсы тараўда жумыс алып барыўына қарамастан ­ район басшысы ма, ҳүкимет қурамындағы басшы ма, қурылыс тараўында жумыс жүргизиў ме, бәршесинде Қарақалпақстан елиниң ертеңги күниниң абат болыўын мақсет етип қойғанын көремиз. Ол өзиниң мийнет жолында ҳәр бир ўазыйпа, анық дүзилген ис-илаж ҳәм режелер нәтийжесинде қарақалпақ халқының әсирлик арзыў-үмитлерин жүзеге шығарыўға умтылды. Мәмлекетимиз басшысы М.Ерниязовқа «Өзбекстан Қаҳарманы» атағын берип, «Алтын Жулдыз» медалын тағар екен, әлбетте, бул сыйлық бүгин де, келешекте де Қарақалпақстанның абат турмысын тәмийинлеўде жол көрсетиўши жарық жулдыз, үлкен бағдарлама болыўына шын жүректен исенди.

Бүгин бул исеним ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы белгиленип атырған салтанатлы күнлерде халқымыз тәрепинен де атап өтилмекте. Буларда Мойнақтың пүткиллей жаңа турмысы ҳәм жаңа келбети бар. Бул гәплерде жаңадан тикленген Бозатаў районының исенимли келешеги бар.

Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстанды раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болған 5 тийкарғы ўазыйпаны белгилеп берди. Бул ўазыйпалар ­ инвестицияларды кеңнен тарта отырып, санаатты жедел раўажландырыў, тараўларда өндирис кәрханаларын шөлкемлестириў, исбилерменликке кең жол ашыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығына заманагөй технологияларды енгизиў, зүрәәтлиликти арттырыў, өндирис кәрханаларын иске түсириў ҳәм хал­қымыз ушын заманагөй инфраструктураны жаратыў, Аралбойы халқының жасаў шараятларын жақсылаўдан ибарат. Сондай-ақ, быйылғы жылдың алты айы даўамында қурылыс жумыслары көлеми 45 процентке, инвестициялар көлеми 19,4 процентке, тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми 8,4 процентке, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлеми 5,4 процентке, хызметлер көлеми 18 процентке өскени айқын көринип тур.

Ең тийкарғысы, ғәрезсизликтиң 28 жыллығы салтанатларында мәмлекетимиз басшысының қолы менен көксине «Алтын Жулдыз» таққан Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязовтың талантлы қурылысшы сыпатындағы хызметлерин айрықша атап өтиўге арзыйды. Дурыс, бүгинги күнде Өзбекстанның барлық аймағы қурылыс майданына айланған. Журтымыздың жаңа келбетин және де көркейтип атырған бул дөретиўшилик ислери күни-түни даўам етпекте.

Биз мақтаныш пенен соны айтпақшымыз, кейинги еки жыл ишинде Қарақалпақстанның усы дәрежеде өзгерип жаңаланғаны, әлбетте, Өзбекстанға хызмет көрсеткен қурылысшы М.Ерниязовтың шебер басшылығы, тынып-тыншымаслығы, талапшаңлығы, қурылыслар пәти ҳәм сапасын дыққаттан шетте қалдырмай әмелге асырып атырғанлығының нәтийжеси екенлигин оның менен қатар турып, бирге жумыс алып барып атырған барлық басшылар, халқымыз да жақсы биледи.

Ғәрезсизлик байрамының қуўанышлары ең әжайып, ең пәкизе қуўаныш. Өткен 28 жыл даўамында халқымыздың жети жастан жетпис жасқа шекем болған инсанлары өзлигин аңлап, бабалар қалдырған мийрас­тың ҳәр бир ҳикметин өз турмысына үнлес тәризде Ўатан ушын, халық ушын жан пида етип жасаўды үйренди. Ҳүрметли Президентимиздиң ғәрезсизликтиң 28 жыллығына бағышлан­ған салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, «Өз Ўатанын, ана халқын раўажландырыў ушын өзин аямай мийнет етиў: бул ­ мәртлик, бул ­ ана жерге муҳаббат ҳәм садықлық, бул ­ дурыс тәрбия ҳәм әмелий үлги болып есапланады».

 

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF