Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:49:15, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ БОЗАТАЎ РАЙОНЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ТУЎРАЛЫ   

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ҚАРАРЫ

Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районының «Бозатаў» посёлка пуқаралар жыйыны, «Еркиндәрья», «Қусқанатаў», «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм де Шымбай районы «Көк-суў» аўыл пуқаралар жыйынының мүрәжатлары, халық депутатлары Кегейли ҳәм де Шымбай ра­йонлық Кеңеслериниң қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийисли пуқаралар жыйынлары аймақларын бирлестирип Бозатаў районын дүзиў ҳаққында берилген усынысын инабат­қа алып, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 67-статьясы, «Қарақалпақстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелерин шешиў тәртиби ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 1-статьясы, «География­лық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 7-статьясы ҳәм де «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 49-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҚАРАР ЕТЕДИ:

 

  1. Қарақалпақстан Республикасының қурамында Бозатаў районын дүзиў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесиниң усынысы мақулланып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгаши ҳәм Нызамшылық палатасы Кенгашиниң қарарлары менен Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районын дүзиўге келисим берилгенлиги есапқа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасының Кегейли районы қурамындағы «Бозатаў» посёлка пуқаралар жыйыны, «Қусқанатаў», «Еркиндәрья», «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм де Шымбай районы қурамындағы «Көк-суў» аўыл пуқаралар жыйыны аймақлары бирлестирилип улыўма майданы 2035,44 кв. км. болған Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районы дүзилсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районының ҳәкимшилик орайы етип «Бозатаў» посёлка пуқаралар жыйыны белгиленсин.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Кегейли, Шымбай ҳәм Бозатаў районларының шегаралары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен усынылған сызылмаға муўапық тастыйықлансын (қосымша етиледи).
  5. Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесине:

Бозатаў районы дүзилиўине байланыслы район ҳәкимлиги структурасын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының районлық бөлимлерин шөлкемлестириў жумысларын алып барыў;

район аймағындағы барлық социаллық мәкемелердиң ҳәзирги жағдайы ҳәр тәреплеме хатлаўдан өткерилип кемшиликлерди сапластырыў бойынша «Жол карта»сын таярлаў;

аўыл хожалығы, санаат, хызмет ҳәм бас­қа экономикалық тармақ ҳәм тараўлары жағдайы сын көзқарастан үйренилип Бозатаў районын 2019-2021-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың турмыслық шәраятын жақсылаў Бағдарламасын ислеп шығыў, зәрүр бол­ған қәрежетлер көлеми ҳәм де оның дереклери бойынша анық усыныслар бериў:

Бозатаў районы орайын Бас жойбар тийкарында қайта реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў бойынша усынысларын ислеп шығыў ҳәм де Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс етиў тапсырылсын.

  1. Кегейли районы қурамындағы «Бозатаў» посёлка пуқаралар жыйыны, «Қусқанатаў», «Еркиндәрья», «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм де Шымбай районы қурамындағы «Көк-суў» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында жайласқан сайлаў округларынан сайланған халық депутатлары Кегейли ҳәм Шымбай районлық Кеңеслериниң депутатлары — халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң депутатлары болып есапланатуғынлығы белгиленсин.
  2. Халық депутатлары Кегейли, Шымбай ҳәм Бозатаў районлық Кеңеслерине сайлаў округларын дүзиў ҳәм депутатлар сайлаўын өткериў илажларын көриў тапсырылсын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң «Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў районын тарқатыў ҳаққында»ғы 2004-жыл 26-февраль күнги 561-санлы қарары өз күшин жойтқан деп есаплансын.
  4. Қарардың орынланыўын тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Хам­раевқа жүкленсин.

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                  М.Ерниязов.          

Нөкис қаласы,  4-сентябрь  2019-жыл.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF