ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ ЖАҚСЫ НИЙЕТ ҲӘМ ҮЛКЕН ҮМИТЛЕР МЕНЕН БАСЛАНДЫ
Усы жыл 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы барлық улыўма билим бериў мектеплеринде жаңа оқыў жылы басланып, биринши қоңыраў қағылды.
Балалар классларына киргизилди. Оларды билимлер дүньясы, меҳрибан устазлары, бири-биринен қызықлы сабақлар күтпекте.
Дәслепки сабақ, муғаллимлер ҳәм оқыўшылардың қатнасыўында «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында Ғәрезсизлик сабақлары өткерилди.
«Ғәрезсизлик сабақ»ларында район (қала) ҳәкимлери, сектор баслықлары жуўапкер шөлкем ҳәм мәкемелердиң жуўаплы хызметкерлери қатнасты.
Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы кең түрде белгиленген бир пайытта жаңа оқыў жылының басланыўы, бүгинги күнде мектеплердеги билимлендириўди түп-тийкарынан жетилистириў, оқыўдың сапасын пүткиллей жаңаша тийкарда жолға қойыў, педагоглардың мийнетин қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мәселелерине үлкен итибар қаратылып атырғанлығы менен әҳмийетли.
Халық билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма билим бериў мектеплериниң 1-класына қабыл етилген, жәми 35718 оқыўшы ушын «Президент саўғасы» (12 атамадағы оқыў қуралларының жәмленбеси) усы өткерилген илажларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, район (қала) ҳәкимлиги, жергиликли депутатлар, ҳаял-қызлар комитети, «Жаслар аўқамы» Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, пуқаралар жыйынларының баслықлары қатнасында салтанатлы түрде тапсырылды.
Елимиздеги мектеплер системасын раўажландырыў ушын Елбасшымыз тәрепинен қаржы, имканият, зәрүр шараятлар жаратылмақта. Муғаллимлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың мийнетин қәдирлеў, қосымша имканиятлар жаратыў бойынша барлық мүмкиншиликлер жаратылмақта. Бул болса, өз гезегинде педагогларды және де жуўапкерли болыўға ҳәм излениўге ийтермелемекте.
Президентимиз тәрепинен усы жылдың 23-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде мектеп билимлендириўине байланыслы ең әҳмийетли ўазыйпалар, тараўда жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм машқалалар ҳәр тәреплеме додаланған еди. Жаратылып атырған барлық қолайлылықлар, шараятлар ҳәм имканиятларға қарамастан оқыўдың сапасы, педагоглардың кәсиплик дәрежеси ҳәм шеберлиги, өз үстинде изленбей атырғаны атап өтилди.
Сөзге шыққанлар тәлим-тәрбиядағы реформалар оқытыўды сапа ҳәм мазмун жағынан еле де жақсылаў, балаларға пуқта билим бериў, оларды миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдай ийгиликли мақсетлерге қаратылғанына айрықша тоқтады.
— Республикамызда бүгинги күнде 725 улыўма билим бериў мектеплери жумыс алып бармақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы М.Асаматдинов. — Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декабрьдеги қарарына муўапық, 2019-жылғы Инвестициялық бағдарламаға Қарақалпақстан Республикасы бойынша 19 улыўма билим бериў объектлерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары киргизилген еди.
Соннан, 7 мектепте таза қурылыс (Нөкис қаласында 2, Төрткүл районында 2, Беруний, Қоңырат ҳәм Шоманай районларында 1 ден), 8 мектепте реконструкциялаў ҳәм 4 мектепте ири оңлаў жумыслары алып барылды. Бул жумысларға жәми 45,1 миллиард сум қаржы ажыратылды.
Усы күни бул объектлердиң барлығы салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 29-февральдағы қарарына муўапық, 2019-жылдың «Абат аўыл» бағдарламасына Қарақалпақстан Республикасы бойынша 36 улыўма билим бериў мектеплериниң қурылыс жумыслары ушын, жәми 53,4 миллиард сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс оңлаў жумыслары жуўмақланып, оқыў жылы басланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.