Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:47:17, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МУЗЕЙ  ИМАРАТЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 29-август күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң жаңа имаратын пайдаланыўға тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйнал­ғанларды мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы, музей имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Буннан кейин Олий Мажлис Сенатының ағзасы Қарақалпақстан халық ша­йыры Г.Аннақлычева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткери, белгили композитор Н.Муҳамеддинов бул музейдиң тарийхы, миллий мийрасларымыз бенен қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, оны келешек әўладқа жеткериўдеги орнына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басламасы менен мәденият, әдебият, көркем өнер тараўларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамаша­гөйлер ҳәм Қуўыршақ театр­ларында, Мойнақ районындағы Мәденият бөлими,  Амфитеатр ҳәм басқа да имаратларда алып барылған қурылыс және реконструкция жумыслары буның ай­қын мысалы болып табылады. Нөкис қаласында жаңадан қурып питкерилген Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи имараты қаламыздың көркине көрик қосыў менен бир қатарда, халқымызды, соның ишинде, жасларымызды тарийхымызға, мәдениятымызға, миллий үрп-әдет және салт-дәстүрлеримизге ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди.

Ҳақыйқатында да, музей ҳәр бир халықтың өтмишинен бүгинги күнге шекемги сақланып келген шежиреси болып табылады. Солай екен, музей арқалы сол үлкеде өмир сүриўши халықтың тарийхын, дәўир руўхын сезиўимизге болады. Мәлим болғанындай, қай жерде мәдений ҳәм тарийхый мийрас қәдирленсе, көздиң қарашығындай қәстерленсе, сол жердиң перзентлери кәмил инсанлар болып жетилиседи.

Халқымыздың тамыры терең, бай тарийхын, көркем өнер дөретпелерин өзинде жәмлеп, дерлик 90 жылдан бери минсиз хызмет атқарып киятырған, өзиниң бай экспонатына ийе бурын­ғы Қарақалпақ мәмлекетлик үлкетаныў музейине Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-декабрьдеги «2017-2018-жылларда мәмлекет музейлериниң жумысларын жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша ком­плексли илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳақ­қында» ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи атамасы берилди. Қарардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде 2017-2027-жылларда  музей имаратларын қурыў,  рекон­с­трукциялаў, ири оңлаў ҳәм үскенелеўдиң мәнзилли бағдарламасы қабыл етилди. Усы тийкарда музейдиң жаңа имаратының қурылысы басланып, оны «Нөкис үй жай қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәми­йети жәмәәти сапалы етип питкерип, елимиз ғәресизлигиниң 28 жыллық байрамы алдынан халқымызға саўға етилди.

— Бундай итибар және ғамқорлық республикамыздың тарийх, этнография, мәденият, көркем өнер ҳәм экология бағдарындағы ишки туризмди буннан былай да раўажландырыў, республикамызға келип атыр­ған сырт елли туристлердиң ағымын көбейтиў, бул жердеги экспонатларды қәстерлеп сақлаў және оны келешек әўладқа кеңнен таныстырып барыўдай ийгиликли ўазыйпаларды жүклейди,-дейди музей директоры Венера  Матекеева. — Миллий архитехтуралық үлгиде қурылған имаратта барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, 7 заманагөй үскенелер менен тәмийинленген фонд бөлмеси,  витрина, жақтыландырыўшы аудиогидлер менен тәмийинленген көргизбе залы келиўшилердиң хызметинде.

Музей алдына тартылған қырмызы лента кесилип,  қатнасыўшылар жаңа имараттағы шараятлар, бул жерге қойылған экспонатлар менен танысты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF