МУЗЕЙ АРҚАЛЫ АТА-БАБАЛАР МӘРТЛИГИ УЛЫҒЛАНАДЫ
Колониаллық дүзим дәўириндеги репрессия сиясатының себеплери ҳәм қайғылы ақыбетлерин терең үйрениў, оларды ҳақыйқый рәўиште көрсетип бериў музейдиң тийкарғы ўазыйпалары екенлиги көрсетилип, Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи 2018-жыл 28-август күни рәсмий түрде ашылды.
Музей сегиз экспозициялық бөлимнен ибарат.
2018-жылы тийкарғы итибар музей экспозиция залы, музей фонды ушын экспонатларды жыйнаў, экспозиция залына экспонатларды жайластырыўдың дизайны, музей экспозициясының материаллық-техникалық базасын жаратыў, музей ушын зәрүрли экспонатларды жыйнаўға итибар қаратыў менен бирге музейдиң ашылыўы ҳәм ашылғаннан кейинги исленетуғын жумысларды шөлкемлестириўге қаратылды.
Музейге экспонатлар жыйнаў ушын Нөкис қаласы ҳәм районларда болып, репрессия дәўири ҳаққында буйым ҳәм ҳүжжетлер, тийисли мағлыўматлар жәмленди. Соның менен бирге, үлкемиздеги халық азатлық гүреслери тарийхы ҳәм елимиздиң раўажланыўына үлес қосқан тарийхый тулғалардың өмир жолын үйренген устаз тарийхшылар Алпысбай Төреев, Хожахмет Есбергенов, Баҳаўаддин Алланиязов, Гүлайша Есемуратова ҳәм тағы басқалардың үйлерине барып, олардың жыйнаған мағлыўматлары, қолжазбалары менен таныстық. Әсиресе, Қарақалпақстанда репрессия тарийхы бойынша изертлеў жумысларын алып барған профессор Шәрип Бабашевтың үй архивиндеги көплеген материаллар менен танысыўға мүмкиншилик болды. Бул ушын университет ректораты ҳәм музей жәмәәти Ш.Бабашевтың шаңарақ ағзаларына, әсиресе, устаздың өмирлик жолдасы Жумагүл апаға терең миннетдаршылық билдиреди. Қарақалпақстан Автономиялы Республикасының биринши председатели Көптилеў Нурмухаммедовтың ақлығы Мариника Бабаназарова музей туўралы баҳалы пикирлерин билдириў менен бирге үйинде сақланып киятырған көплеген фотосүўретлер, ҳүжжетлер, китапларын саўға етти. Усы дәўирдеги репрессияға ушыраған белгили уламалардан Сәлмен ийшан Камалов, Қәлимбет ахун Өтемуратов, Шымбайдағы Айымбет ийшан әўладларынан ҳүжжетлер ҳәм олар услап-тутқан буйымларын музейге алыўға еристик. Сондай-ақ, «Пахта иси» бойынша ҳәр қыйлы айыплаўларға ушыраған инсанлардың үйинен ҳәм Шымбай, Кегейли, Хожели, Қараөзек, Төрткүл, Елликқала, Беруний, Әмиўдәрья, Тақыятас, Нөкис районларынан, Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық, ҚМУ китапханаларынан музей ушын зәрүрли материаллар алынды.
Музей ашылғаннан кейин қысқа ўақыт ишинде экспонатлар жыйнаў мақсетинде быйыл Әмиўдәрья районынан 1984-1986-жыллары «Пахта иси» бойынша репрессияға ушыраған Юлдаш Файзуллаев, Ешимбет Кенжаев, Умар Юлдашев, Шукурулла Гулманов, Сабур Бабажанов, Юлдаш Сабировлардың үйлеринде болып, олардың өзлери пайдаланған буйым, қамаққа алынған ҳәм ақланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерин, Шымбай районындағы Ахунбаба қойымшылығына барып, 1801-1888-жылларда жасап өткен Ережеп бий ҳаққында мағлыўматлар жыйналды ҳәм 1950-жыллары репрессияға ушыраған Қәлимбет ахун Өтемуратовтың өзи пайдаланған буйымларын алып, музей фонды ҳәм көргизбе залына қойылды. Сондай-ақ, бундай жумыслар Қараөзек, Нөкис районлары бойынша да алып барылады. Музей халқымыздың репрессия дәўири тарийхын үйрениў менен бирге жасларды келешек жумысларында туўры қарар қабыл етиўге, турмысқа ҳақыйқый көзқарас пенен қараўда үлкен әҳмийетке ийе. Усы мақсетте Нөкисте бирнеше ушырасыў ҳәм көргизбелер шөлкемлестирилди.
Музей фондын экспонатлар менен толтырыў мақсетинде музей хызметкерлери тәрепинен республикамыздың бәрше районлары ҳәм аўылларынан экспонатларды жыйнаў ислери алып барылмақта, нәтийжеде усы күнге шекем музей фондына мыңнан аслам экспонат жыйналды.
Соның менен бирге, музей ушын колониаллық ҳәм репрессия дәўирине тийисли ҳүжжетлер, кино, фотоматериаллар ҳәм экспонатлар менен толтырыўға әмелий жақтан жәрдем бериўиңизди соранамыз.
Алишер ҚУДИЯРОВ,
ҚМУ қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи директоры.