Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:23:54, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫНА МӨЛШЕРЛЕНБЕГЕН БОС ТУРҒАН ЖЕР УЧАСТКАЛАРЫН БЕРИЎ ЖӘНЕ АРХИТЕКТУРА-ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫН ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ ТӘРТИП-ҚАҒЫЙДАЛАРЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос тур­ған жер участкаларын бериў ҳәм архитектура-қурылыс жумысларын әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын оптималластырыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-августтағы «Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша қосымша илажлар, сондай-ақ, исбилерменлик субъект­лериниң финанслық ресурс­лар ҳәм өндирис структурасынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ҳаққында»ғы ПП-5780-санлы Пәрманына муўапық:

  1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап енгизилетуғын тәртипке муўапық:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында аўыл хожалығына мөл­шерленбеген бос тур­ған жер участкалары (ке­йинги орынларда — жер участкалары) исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын  тек ғана «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукцион арқалы берилетуғыны, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларына муўапық жер участкаларын бериў жағдайлары буған кирмейтуғыны;

физикалық ҳәм юридикалық шахсларға «YERELEKTION» автоматластырылған мәлимлеме системасында (ке­йинги орынларда — «YERELEKTION» АМС)  анық инвестициялық миннетлемелер менен бирге жер участкасы ҳәм режелестирилип атыр­ған қурылыс объекти ҳаққындағы мағлыўматларды кейин ала оларды электрон онлайн-аукционға қойыў мәселесин белгиленген тәртипте көрип шығыў ушын жайластырыў бойынша усыныслар киргизиў ҳуқықы берилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

а) жер участкалары бойынша мағлыўматларды қәлиплестириў бөлими бойынша:

«YERELEKTION» АМС­қа жер участкалары бойынша мағлыўматларды киргизиў Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық жер участкалары ҳәм көшпес мүлк кадастры мәмлекетлик кәрханаларының тийисли районлық (қалалық) фи­лиаллары тәрепинен (кейинги орынларда — «Давергеодезкадастр» уйымлары) еркин түрде әмелге асырылады;

физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен мағлыўматлар «YERELEKTION» АМСқа киргизилгенде «Давергеодезкадастр» уйымлары тәрепинен бес жумыс күни даўамында нызамшылықта нәзерде тутыл­ған зәрүр материаллар таярланады. Онда жер участкасын таңлаў материалларын таярлаў жумысларының баҳасы жер участкасын электрон онлайн-аукцион сатыўдан түсетуғын қаржылар есабынан нызамшылықта белгиленген тәртипте қапланады;

жер участкасын таңлаў материалларын келисиў ҳәм (ямаса) ол бойынша жуўмақлар бериў ўәкилликли шөлкемлер тәрепинен тек ғана электрон түрде «YERELEKTION» АМС арқалы оған жер участкалары бойынша мағлыўматлар киргизилген күннен баслап бес жумыс күни ишинде автоматластырылған тәртипте әмелге асырылады;

жер участкасын таңлаў материалларын келисиўде Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң аймақлық бөлимлери тәрепинен аймақларды раўажландырыў режелерин ҳәм қурылыс жумысларын әмелге асырыў бойынша тасты­йықланған қала қурылысы ҳүжжетлериниң тийкарында анық жер участкасында қурылысына рухсат берилген ямаса қадаған етилген объектлердиң түри анықланады, архитектуралық режелестириў тапсырмасы ислеп шығылады. Онда архитектуралық режелестириў тапсырмасын ислеп шығыў қәрежетлери жер участкасын электрон онлайн-аукцион арқалы сатыўдан түсетуғын қаржылар есабынан қапланады;

жер участкасын таңлаў материалларын келисиўде районлық (қалалық) эксплуатация шөлкемлери тәрепинен де инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў ушын техникалық шәртлер усынылады;

электрон онлайн-аукционға қойылатуғын жер участ­касына болған ҳуқықтың түри жер участкасын таңлаў материалларын келисиўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйым­лары тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде орнатылған тәртипте белгиленеди;

жер участкасын таңлаў материаллары бойынша Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, өрт қәўипсизлиги аймақлық басқармалары ҳәм бөлимлери, санитариялық-эпидемиология бақлаў хызметиниң аймақлық шөл­кемлери, районлық (қалалық) жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлимлери, районлық  (қалалық) мәмлекетлик салық инспекцияларының жуўмақларын алыў талабы бийкар етиледи;

б) жер участкасын  «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукционға қойыў бөлими бойынша:

 жер участкасы ҳаққында мәжбүрий түрде көрсетилетуғын мағлыўматтың минимал көлеми оған болған ҳуқықтың түри, майданы (гектарда) ҳәм жайласқан орны, электрон онлайн-аукционға қойылатуғын жер участкасына тутас жер участ­калары (объектлери)ның белгиленген мақсети түрлери, жер участкасы киретуғын жерлердиң категориясы ҳәм түри, улыўмалық пайдаланыўдағы автомобиль жолларына  шекемги бол­ған аралық ҳаққында мағлыўмат, усы жер участкасында қурылысына рухсат берилген ямаса қадаған етилген объектлер түрлериниң дизими, сондай-ақ, инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў ушын архитектуралық-режелестириў тапсырмасын ҳәм техникалық шәртлерди өз ишине алыўы керек;

жер участкаларының дәслепки баҳасы жер участкаларының тастыйықланған минимал баҳасы тийкарында «Давергеодезкадастр» уйым­лары тәрепинен келисим әмелге асырылғаннан ҳәм унамлы жуўмақ берилгеннен соң бес жумыс күни ишинде анықланады. Ҳәр бир район ушын жер участкаларының минимал баҳасы ҳәр жылы 10-июнь ҳәм 10-декабрьге шекем нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте тастыйықланады. Электрон онлайн-аукцион­ға қойылатуғын жер участкасына болған ҳуқықтың түри, жер салығының жыллық муғдары, жер участкасын таңлаў бойынша материалларды таярлаў қәрежетлери, сондай-ақ, жер участкасының жайласқан орны, онда инженерлик-коммуникация тармақларына жал­ғаныў имканиятларының бар екенлиги жер участкасының минимал баҳасын белгилеў нормалары болып есапланады;

район (қала) ҳәкимлиги тәрепинен жер участкасы келисилген ҳәм унамлы жуўмақ алынғаннан соң бес жумыс күни даўамында Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, ўәлаятлар және Ташкент қалалық инвестициялар ҳәм сыртқы саўда басқармалары менен келисилген ҳалда  жер участкасына бол­ған инвестициялық миннетлемелери белгиленеди;

жер участкасы «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында элек­трон-онлайн-аукционға «YERELEKTION» АМС арқалы автоматластырылған тәртипте жер участкасының дәслепки баҳасы анықлан­ғаннан ҳәм инвестициялық миннетлемелер белгиленгеннен соң қосымша қарарлар қабыл етилмей жайлас­тырылады.

в) жер участкасын «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукционда сатыў бөлеги бойыншаF

электрон онлайн-аукцион өткериў ҳаққында хабардар етиў ҳәм лот ҳаққындағы мағлыўматты жайластырыў аукцион басланыўынан 15 календарь күн бурын әмелге асырылады, электрон онлайн-аукционда қатнасыў ушын арзаларды қабыл етиў мүддети ол өткерилетуғын күннен алдынғы күни саат 24:00 де жуўмақланады;

электрон онлайн-аукцион өткерилмеген деп табыл­ғанда, жер участкасының дәслепки баҳасын азайтыўға жол қойылмайды;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) ҳәкимлериниң аукцион жеңимпазының атына жер участкасын ажыратыў бойынша қарар қабыл етиўи ҳаққындағы талап бийкар етиледи;

жер учаскасының баҳасы толық төленгеннен соң электрон онлайн-аукцион нәтийжелери ҳаққындағы протокол аукцион жеңимпазының атына жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын «Давергеодезкадастр» уйымларына, сондай-ақ, аукцион жеңимпазына инвестициялық миннетлемелерди орынлаў тармақлық кестесин бериў ушын район (қала) ҳәкимлигине электрон түрде жибериледи;

жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў протокол алынған күннен баслап еки жумыс күни даўамында әмелге асырылады ҳәм ти­йисли тәртипте аукцион жеңимпазына жибериледи;

инвестициялық миннетлемелерди орынлаў тармақлық кестеси район (қала) ҳәкимлиги тәрепинен бес жумыс күни даўамында таярланады ҳәм аукцион жеңимпазына тапсырылады;

жер участкасының баҳасы базалық есаплаў муғдарының бес мың есесинен зыят болса, аукцион нәтийжелери ҳаққындағы протокол рәсмийлестирилген күннен баслап бес банк күнинен кешиктирилместен электрон онлайн-аукцион даўамында белгиленген баҳаның елиў проценти муғдарында аванс төлеми киргизилиўине рухсат етиледи. Гиреўге қойыў киргизилип атырған аванс төлеми есабынан қабыл етиледи. Қалған сумма электрон онлайн-аукцион нәтийжелери ҳаққындағы протокол рәсмийлестирилген күннен баслап отыз календарь күннен кешиктирмей киргизиледи;

жер участкасы  электрон онлайн-аукционда еки ай даўамында сатылмаған жағдайда, мәпдар шахслардың арзасына бола жер участкасы «Давергеодезкадастр» уйым­лары тәрепинен қайта келисилместен бирлестирилиўи ямаса өз алдына бөлимлерге ажыратылыўы мүмкин. Зәрүрликке бола Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң аймақлық бөлимлери тәрепинен бирлестирилген ямаса ажыратылған жер участкаларында қурылысы қадаған етилген объектлери түрлериниң дизими жаңаланады;

г) архитектура ҳәм қурылыс жумысларын әмелге асырыў бөлими бойынша;

қурылыс объектлериниң қала қурылысы ҳүжжетлерин мәжбүрий экспертизалаў талап етилмейди, орайласты­рылған дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын қурылыс объектлер буған кирмейди;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң бөлимлери тәрепинен жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң архитектура бөлимин келисиў және объекттиң жер силкиниўине шыдамлылығы ҳәм өрт қәўипсизлиги бо­йынша жойбарлық шешимлерин экспертизалаў бир ўақытта әмелге асырылады;

жойбарлаў шөлкемлери тәрепинен (инженерлик-коммуникациялық тармақлары шөлкемлеринен бас­қа) ислеп шығылған инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў бо­йынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин келисиў қурылыс уйымлары тәрепинен объект, имарат ҳәм басқа да объектлердиң қурылыс жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин келисиў процеси менен бир ўақытта әмелге асырылады;

имарат ҳәм объектлердиң кадастр топламын таярлаў оларды пайдаланыўға қабыл еткенге шекем Мәмлекетлик хызметлер орайларына берилген арзаларға тийкарланып әмелге асырылады. Қабыл етиў жуўмақланғаннан соң Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестринен нусқа бериледи.

  1. Аукцион жеңимпазы ямаса жер участкасына байланыслы ҳуқыққа ийе бол­ған шахстың айыбы болмаған жағдайда, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларына әмел етилмегенлиги ушын электрон онлайн-аукцион нәтийжелери ҳаққындағы протоколды бийкарлаў ямаса өзгертиўге жол қойылмайтуғынлығы;

 Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бас­қармалары тәрепинен ҳәр шеректе жер участкасына болған инвестициялық миннетлемелердиң орынланыўы бойынша мониторинг әмелге асырылып, нәтийжелери зәрүр жағдайларда тийисли илажлар көриў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине жиберилетуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Усы қарардың 2-бәнтинде белгиленген тәртиптиң бузылыўы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы нызамшылықтың бузылыўы деп есапланатуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы сатыўға байланыслы нызамшылыққа сөзсиз әмел етилиўи үстинен системалы қадағалаў орнатсын ҳәм нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына жол қойған айыпкер шахс­ларға тәсиршең жуўапкершилик илажларын қоллансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети 2019-жыл 1-октябрьге шекем исбилерменлик жумысы ушын берилиўи мүмкин болмаған аймақлардың координаталарын көрсеткен ҳалда электрон карталарды «Давергеодезкадастр» комитетине усынсын және оны ҳәр айда жаңалап барсын.
  2. «Давергеодезкадастр» комитети электрон картаны қәлиплестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте «Давергеодезкадастр» комитети жанындағы «Геоинновация орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасының ушыўшысыз ушыў аппаратлары жәрдеминде орнатылған тәртипте жер участкалары үстинен мәжбүрий қадағалаў ушып өтиўлердиң әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  3. «Давергеодезкадастр» комитети 2020-жыл 1-март­қа шекем:

исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын жер участкаларын бериў бойынша «YERELEKTION» электрон саўда майданшасын ислеп шығыў жойбарының әмелге асырылыўын;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте жер участкаларын сатыў процесслериниң «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасынан «YER AUKSION» электрон саўда майданшасына өткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:

Мәмлекетлик хызметлер орайларында физикалық шахсларға тек ғана «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукционда қатнасыў мақсетинде бийпул пайдаланыў имканиятын беретуғын Интернет тармағына жалған­ған компьютер қураллары менен үскенеленген арнаўлы бөлмелерди таярласын;

«E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукционда қатнасыў тәртиби ҳәм қағыйдаларын сәўлелендиретуғын тарқатпа мәлимлеме материалларын ислеп шықсын ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайларының арнаўлы бөлмелерин олар менен үскенелесин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм  Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте Мәмлекетлик хызметлер орайларының арнаўлы бөлмелерин компьютерлер ҳәм керекли мебельлер менен тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына электрон онлайн-аукционға қойылған жер участкалары ҳаққындағы мағлыўматларды аймақлық телерадиоканалларда трансляция етиў ушын белгиленген тәртипте эфир ўақтын ажыратыў усыныс етилсин.

«Давергеодезкадастр» комитети ғалаба хабар қуралларының сораўы бо­йынша электрон онлайн-аукционға қойылған жер участкалары ҳаққындағы мағлыўматларды усынсын.

  1. «Давергеодезкадастр» комитети Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы қарар талапларынан келип шыққан ҳалда «YERELEKTION» АМС ҳәм «Е-IJRO AUKSION» саўда майданшасының ислеўин жетилистириў илажларын көрсин. Онда төмендеги имканиятлар нәзерде тутылсын:

барлық мәпдар шахслар, соның ишинде, үшинши шахслар тәрепинен Интернет тармағы арқалы кириў;

физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен жер участкалары ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиў, сондай-ақ, жер участкасын таңлап алыў материалларын келисиў процесин бақлаў;

физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен лаўазымлы шахслардың ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етиў;

электрон онлайн-аукционның ҳадал емес қатнасыўшылары, соның ишинде, жер участкасы баҳасының толық төлениўин избе-из еки мәрте тәмийинлемеген қатнасыўшылардың дизимин қәлиплестириў ҳәм оларды электрон онлайн-аукционға ўақтынша қоймаў;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Әдиллик министрлигине материалларды таярлаў ҳәм келисиў процесин аралықтан турып ҳәр ҳәптелик мониторинг етиў, сондай-ақ, жер участкасы материалларын келисиўде ўәкилликли шөлкемлердиң бийкарлаў нызамшылығын үйрениў мақсетинде системаға кириў имканиятын бериў.

  1. Мәмлекетлик кадастр­ларды жүргизиў тараўындағы ўәкилликли уйым­лар (кейинги орынларда — ўәкилликли уйымлар) мәмлекетлик кадастр геомәлимлеме системаларын таярлаў жумысларын тезлетсин ҳәм ҳәр айда кадастр объектлери ҳаққындағы тийисли мағлыўматларды «Давергеодезкадастр» комитетине берип барсын.

«Давергеодезкадастр» комитетиниң баслығы усы бәнттиң орынланыўын тәмийинлемеген ямаса керекли дәрежеде тәмийинлемеген ўәкилликли уйымлардың басшыларын жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы мәселени Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ўәкилликли уйымлардың тийкарланған есап-санақларына бола мәмлекетлик кадастрды жүргизиў ушын мәмлекет бюджетинен қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте:

 өз ўақтында өзлестирилмеген жер участкаларын ислетилмей атырған объект­лерге теңлестириў ҳаққындағы усынысларды;

Исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы бериў тәртиби ҳаққындағы режениң жаңа редакциядағы, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте жер участкаларын усы қарарға муўапық бериў тәртибин бузғанлығы ушын жуўапкершиликти белгилеў ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 26-август.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF