ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫЛАРДЫҢ МАҚТАНЫШЫ
Буннан бир-еки күн илгери телевидение ҳәм социаллық тармақлардан Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовқа елимиздиң ең жоқары атағы — Өзбекстан Қаҳарманы атағы берилгенин еситкен қарақалпақстанлылардың төбеси көкке жетип қуўанғанының гүўасы болғанман.
Шынында онлаған жыллар бойы Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажланған еллер қатарына алып шығыў ушын табыслы түрде жумыслар алып барған ел азаматына берилген жоқары атақ мийнеткеш, кеңпейил, баўыры кең, дөретиўши қүдиретке ийе халқымыз ушын көрсетилген ҳүрмет ҳәм берилген баҳа десек, асыра айтқан болмаймыз.
Муса Тажетдинович Жоқарғы Кеңес басшысы болып келгенде елимиз еки жылғы қатаң суўсызлықтан кейин қыйыншылықларды басынан кеширип атырған пайыт болып, ҳәзирги «Дослық» каналының ултанында ғана суў жылтырап көринер еди. Ертеңине канал толыса баслады, арадан үш-төрт күн өткенде болса ылай суў ҳағлап аға берди. Бул қубылысты көрген адамлар: — Иншаалла жаңадан болған басшымыздың басында бәлент дәўлети бар екен, суў келди, суў! - деп қуўанысқанын жақсы еслеймен.
Соңғы үш жыл ишинде Қарақалпақстанда жүз берген дөретиўшилик ислерди тәрийиплеп бериў ушын бир неше томлық китап жазса да кемлик қылады. Себеби, жаңаланыўлар тек ғана пайтахт Нөкис пенен үлкемиздиң ең шетки аймағы Мойнақта жүз берип қойған емес, бүгин жаңаланбаған район орайы ямаса посёлка, аўылдың өзи жоқ. Бул үлкен жаңаланыўлар алды бурын Өзбекстан Президентиниң, қала берди Қарақалпақстан Республикасы басшысының тиккелей басшылығы астында әмелге асырылмақта. Сөзимди қысқа етип:
Бүгин елимизде ең уллы байрам, Санмың кеўиллерге қуўаныш толды. Халқына қәдирли азамат инсан, Муса Ерниязов Қаҳарман болды, |
деген қатарлар менен жуўмақлағым келеди.
Өзбекстан Президентиниң Қарақалпақстан басшысына берген ҳүрметли атағы бәрше қарақалпақстанлыларға қутлы-мүбәрек болсын.
К.Каримов,
Қарақалпақстан халық шайыры,
Қарақалпақстан Жазыўшылар
аўқамы баслығы.