«САНЛЫ ТЕХНОЛОГИЯЛАР ОҚЫЎ ОРАЙЫ» АШЫЛДЫ
Беруний районында жаслардың өз билим ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыўлары, мәмлекетимиз Президенти Ш.Мирзиёев алға сүрген бес баслама бойынша жаңа имканиятларды әмелге асырыўлары ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.
Район орайындағы «Китаплар дүньясы» дүканынан жаслар өзлерине ең керекли әдебиятларды тапса, Музыка ҳәм көркем өнер мектеби, жүзиў бассейни, «Бәркамал әўлад» орайы, мәденият бөлими жанында, барлық мектеплерде шөлкемлестирилген дөгереклер олар ушын жаңа имканиятлар есигин ашпақта.
Жақында Беруний районында Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасы шеңберинде «Санлы технологиялар оқыў орайы»ның ашылыўы да район жасларына Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы алдынан үлкен жаңалық болды.
Онда Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Шуҳрат Содиқов, Беруний районы ҳәкими Атабек Сапарбаев, сондай-ақ, жәмийетшилик ўәкиллери, Халық билимлендириў бөлими жетекши қәнигелери, мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникациялары тараўы ўәкиллери ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасты.
Бул орай жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин асырыўға жәрдем береди. Орай компьютерлер ҳәм зәрүрли әсбап-үскенелер, Wi-Fi аймағы менен тәмийинленип, келешекте район жасларына мәлимлеме технологиялары, программаластырыў, робототехника, киберспорт тийкарлары ҳәм электрон коммерция киби жөнелислерде билим ҳәм көнликпелер бериледи.
Лобархан БАЗАРБАЕВА,
Беруний районы «Халқ минбари» газетасы арнаўлы хабаршысы.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.