ФЕРМЕРЛИКТИ ИЛИМ МЕНЕН БАЙЛАНЫСТЫРҒАН АЗАМАТ
Хожели районы «Әмиўдәрья» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Султанов Тохтабай» фермер хожалығы республикамызда шөлкемлестирилген ең дәслепки фермер хожалығының бири саналады.
Фермер хожалығының ирге тасын қалаған Тохтабай ата 2014-жылға шекем басқарды. Изине қараса, әзелден атыз арасында өскен балалары, ақлықлары да әдеўир тәжирийбе топлаған екен. Ол көп ойланып отырмады, ақлықларының аяқ алысларын тәрезиге тартып көрди. Барлығы да басланған жумысты даўам еттире алатуғын жигитлер болып жетилискен. Солай да, оған шешим қабыллаў қыйын болмады, ақлықларының ҳәммеси де усы тараўда оқып атырған болса да, Юсупбегиниң меҳри басқаша. Өйткени, ол дийқаншылықты илим менен байланыстырып, бир қанша жетискенликлерге ерисип киятыр еди. Сонлықтан, ақлығына ақ пәтиясын берип, ҳақ жол тиледи.
Солай да, атамыз хожалықты ақлығына тапсырса да, оның басы-қасынан кетпеди. Ақлығына жол-жоба көрсетип, көп жыллық ис-тәжирийбесин үйретип барды. «Алдынғы арба қайдан жүрсе, кейингиси де соннан жүреди» дегенинше бар екен. Балалары, келинлери, ақлықлары да тиси шыққаннан аўыл хожалығы тараўына араласып өсти. Сонлықтан, оларда мектепти питкергенде «Қайсы қәнигеликти ийелеймен!» деген саўал пайда болған жоқ. Барлығы да ТашМАУ Нөкис филиалының ҳәр түрли факультетлеринде оқып, билимин жетилистирди.
Атаның ең жақсы көрген, фермер хожалығын тапсырған ақлығы Юсупбек Султанов негизинде 2012-жылы Хожели транспорт кәсип-өнер колледжиниң «Нефть ҳәм газды қайта ислеў» бөлиминде оқып жүрип, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары арасында өткерилген пән олимпиадасының Өзбекстан Республикасы басқышында рус тили ҳәм әдебияты пәнинен биринши орынды ийелеп, усы бағдардағы қәлеген жоқары оқыў орнына имтихансыз кириў ҳуқықына ийе болған еди. Егер басқа болғанда жан-жан деп имтихансыз кириўге қайыл болар еди. Бирақ, ол өз қызығыўшылығы себепли ҳүжжетлерин ТашМАУ Нөкис филиалының «Менеджмент ҳәм зоотехния» факультетине тапсырды. Әзелден алған тыянақлы билими, топлаған тәжирийбеси изсиз кетпеди. Ол мәмлекетлик грант пенен оқыўға қабыл етилди.
Ол басқалар қусап, оқыў менен шекленип қалғысы келген жоқ. Буны ўақтында аңлаған устазлары оны да илимий жумысларға тарта баслады. Нәтийжеде аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор Розымбай Турғанбаев пенен «Пал ҳәррешиликтиң шарўашылықта тутқан орны ҳәм оннан қосымша дәрамат алыў жоллары» атамасындағы илимий жумысты қолға алды. Юсупбек бул илимий мийнет пенен шуғылланыў барысындағы жетискенликлерин республикалық газета-журналларда жәриялап барды. Сондай-ақ, республикалық ҳәм сырт еллилер менен биргеликте өткерилген илимий конференцияларда қатнасты. Тәжирийбесине-тәжирийбе қосты. Үйренди, изленди. Нәтийжеде 2016-2017-оқыў жылында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жылғы таңлаўының аўыл ҳәм суў хожалығы тәлим бағдарлары бойынша мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы болды.
— Мен бул жетискенликке Президентимиздиң ҳәр бир студентке көрсетип атырған айрықша итибарының, устазларым ҳәм өз мийнетимниң нәтийжесинде еристим,-дейди Ю.Султанов.
Ол оқыўды питкерип бир жыл «Өзнәсилшилик» кәрханасының Қарақалпақстан бөлиминде технолог-лаборант болып ислеп, алған билимин тәжирийбеде сынады. Ал, 2018-2019-оқыў жылында ТашМАУ Нөкис филиалының «Нәсилшилик иси» факультетиниң магистратура бөлимине жоқары балл менен кирди, ҳәзир 2-курста оқып атыр. Ҳәзирги ўақытта ол «Нәсилшиликте қойларды гамоген ҳәм гитроген шағылыстырыў нәтийжелерин үйрениў» атамасындағы илимий мийнети үстинде жумыс алып барып атыр. Усы илимий мийнетиниң нәтийжесинде 2018-жылы Р.Турғанбаев пенен бирге «Зоотехния» қәнигелиги магистрлери ушын диссертация жумысын орынлаўға арналған оқыў методикалық қолланба, быйылғы жылы «Аўыл хожалығы ҳайўанларын өршитиў», Р.Турғанбаев ҳәм А.Тилеўмуратовлар менен биргеликте «Аўыл хожалығы ҳайўанларын өршитиў» пәнинен 2-курс зоотехния тәлим бағдары студентлери ушын курс жумысын орынлаў бойынша методикалық көрсетпе, Р.Жумашев ҳәм А.Тилеўмуратовлар менен биргеликте «Қарамалшылық» методикалық көрсетпе атлы илимий мийнетлери «Билим» баспасынан басылып шықты.
Илимий жумыс пенен фермерликти бирге алып барып атырған Ю.Султановтың фермерлик хожалығындағы жумысларын да тилге тийек етиўге арзыйды. Бүгинги күнде хожалықтың улыўма жер майданы 151 гектар, егислик жер майданы да 151 гектар болып, ҳәр жылы мәмлекетке пахта, бийдай тапсырыў шәртнамаларын артығы менен орынлап киятыр. Быйылғы жылы 50 гектар майданға пахтаның «С-4727» сорты егилип, шигит егилген барлық майданлардан бир тегис нәл алынды. “аўашаның тәрбиясы агротехникалық қәделерге сай алып барылмақта.
— Өткен жылы 31 гектар майданға гүзлик бийдай егилген еди. Гүзлик бийдай егилместен алдын топырақ астына гектарына 400 килограммнан фосфор бердик. Гүзлик бийдайдың орым-жыйым жумысларын 19-июнь күни басладық. Буған еки комбайн берилди. Режедеги 62 тонна орнына 93 тонна мәмлекетке бийдай тапсырып, миннетлемени еки күнде орынлаўға еристик.
Қуўанышлы тәрепи, быйылдан баслап Президентимиздиң басламасы менен гүзлик бийдайдың қаржылары 100 процент берилди. Сондай-ақ, режедеги 93 тоннаға мәмлекетлик баҳада 900 сумнан берилген болса, қалған 147 тоннаға еки есе баҳада төлеп берилди.
Быйыл мәмлекетке бийдай тапсырыўды районда бириншилерден болып орынлап, Хожели районы ҳәкиминиң қарары менен хожалығымыз ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды, - дейди Тохтабай ата.
Буннан тысқары фермер хожалығы быйылғы жылы 9 гектар жерге боян өсимлигин туқымнан, 14 гектарға айғабағар, 20 гектар жерге малларға от-жем ушын жоңышқа, 20 гектар жерге салы еккен. Хожалық шарўашылық пенен де шуғылланады. 100 бас ири қарамал, 4 бас түйе, 5 бас жылқы, 400 бас қой-ешкилер күтимли бағылып атыр.
Юсупбек Султановтың магистрлик илимий жумысы ушын 2017-жылы Тахтакөпир районынан Едилбай породалы 5 бас, Бухара ўәлаяты Ромитан районындағы шарўалардан 5 бас, Сурхандәрьядағы шарўалардан 5 бас жәми 15 бас гисcар қошқарлары ҳәм 5 бас жайдары ешки алып келинди. Олар жергиликли қой-ешкилер менен өз-ара шағылыстырылып, нәсилди жақсылаў жумыслары алып барылып атыр. Бул шағылыстырыўдың биринши әўлад нәсилиниң қан сиңдириў этапы өзиниң унамлы нәтийжесин бере баслады. Соның менен бирге, фермер хожалықта 150 қуты пал ҳәррелери де жетилистирилип, елимиздиң пал ҳәррешилик тараўына да өз үлесин косып келмекте. Быйылғы жылы мәмлекетке 2 тонна пал, 4,5 тонна гөш өнимин тапсырды.
«Султанов Тохтабай» фермер хожалығында бүгинги күнде 20ға жақын адам жумыс ислейди. Оларға мийнет ҳақылары өз ўақтында берилип киятыр. Айлықтан тысқары жумысшыларға фермер хожалығының дәраматы есабынан бийдай ҳәм гүриш берилип, олар материаллық тәрептен де қоллап-қуўатланып атыр.
Сондай-ақ, жумысшыларға өз хожалығын палыз өнимлери менен тәмийинлеўи ушын да егислик жер ажыратылған. Жерди егиўге, жыйнап алыўға фермер хожалығы техникадан жәрдем береди.
Улыўма алғанда, ҳәзирги күнде елимизде истиң көзин билип ислесең, өзиң де, хожалығың да қурғын жасайды. Сондай-ақ, бир қанша адамды жумыс, күнделикли дәрамат пенен тәмийинлеп, олардың алғысына ерисесең. «Султанов Тохтабай» фермер хожалығына атасының исенимин ақлап, жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлерден кең түрде пайдаланып, елимиз экономикасының раўажланыўына үлесин қосып киятырған Юсупбек Султановтың келешекте буннан да жоқары нәтийжелерге ерисе бериўине исенемиз.
Усындай дийқаншылықты илим менен бирлестирип ислеп атырған азаматлар қатары еле де артса, елимиз экономикасы бәлентлей беретуғынына гүман жоқ.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Хожели районы.
СҮЎРЕТТЕ: Юсупбек Султанов.
Автордың түсирген сүўрети.