МЕКТЕП БИЛИМЛЕНДИРИЎИ ТАРАЎЫНДА ЖАҢАША БАСҚЫШ
Усы жыл 27-август күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Халық билимлендириў хызметкерлериниң «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында дәстүрий август кеңеси болып өтти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов кирис сөз бенен ашты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы, жақынласып қалған Билимлер күни менен қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 23-август күни халық билимлендириў системасын раўажландырыў, педагоглардың қәнигелигин ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў, жас әўладтың мәнаўиятын жетилистириў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинен келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Елимизде муғаллимлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў, оларды руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў менен бир қатарда Инвестиция, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында улыўма билим бериў мектеплерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумыслары алып барылып, материаллық-техникалық базалары беккемленбекте. Усы жылдың өзинде Инвестициялық бағдарлама бойынша республикамыз бойынша 19 объектти жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бул жумысларға мәмлекетлик бюджеттен 45 миллиард 114,5 миллион сум қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 36, «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 2 мектепте жәми 53 миллиард 465,8 миллион сумлық оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Жаңа 2019-2020-оқыў жылы алдынан министрлик тәрепинен бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды. Быйылғы оқыў жылынан баслап «Президент мектеби» жумыс баслайды. Сонлықтан да усы мектепке жоқары тәжирийбеге ийе басшы кадрларды ҳәм педагог-хызметкерлерди таңлап алыў жумыслары алып барылмақта. Инвестиция, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районларында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылған мектеплер қабыл етип алынады. Республикамыз бойынша 137 филиал мектеплерге бириктирилип, быйылғы жылы олардан 4 филиалды мектепке айландырыў, 13 мектептиң филиалын сапластырыў, 120 мектеп филиалы бурынғысынша қалдырылады. Усыларды есапқа алған ҳалда жергиликли бюджет есабынан 31 мектептиң филиалын жаңадан қурыў режелестирилмекте. Улыўма билим бериў мектеплерин қатты ҳәм жумсақ мебель менен тәмийинлеў ушын жергиликли бюджет қаржылары есабынан 38 миллиард сум, спорт инвентарьлары менен тәмийинлеў мақсетинде 64 миллиард сум ҳәм басқа да қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.
Илажда Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң жуўаплы хызметкери С.Очилов, Әмиўдәрья районындағы 64-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Ш.Қурбанов, Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Г.Дәўлетова шығып сөйлеп, Халық билимлендириў тараўына қаратып атырған итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылығын бирдирди. Соның менен бирге, видеоселектор мәжилисинен келип шығатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Илажда халықаралық пән олимпиадаларында, таңлаўларда ҳәм спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен мектеп жәмәәтлерине Ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.