ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МӘКЕМЕЛЕРИНИҢ БАСШЫ ҲӘМ ПЕДАГОГ КАДРЛАРЫНЫҢ ҮЗЛИКСИЗ ҚӘНИГЕЛИГИН АРТТЫРЫЎ СИСТЕМАСЫН ЕНГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Соңғы жылларда жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог кадрларының (кейинги орынларда — басшы ҳәм педагог кадрлар) кәсиплик билимин, қәнигелигин ҳәм көнликпелерин раўажландырыўға кеңнен имканиятлар жаратылмақта. Қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курслары оқыў процесине оқытыўдың заманагөй түри ҳәм технологиялары, соның ишинде, аралықтан оқытыў, вебинар технологиялар, автоматласқан мониторинг, электрон портфолио мәлимлеме системалары енгизилмекте.
Соның менен бирге, басшы ҳәм педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыўдың әмелдеги тәртибиниң нәтийжеси төмен болғанлығы, көп ресурс жумсаўды талап етип атырғаны ҳәм заманагөй талапларға жуўап бермей атырғанлығы усы процесске инновациялық көзқарасларды енгизиўди ҳәм кадрлардың кәсиплик компетентлигин турақлы раўажландырыў механизмлерин қолланыўды талап етпекте.
Басшы ҳәм педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў системасын жаңа басқышқа алып шығыў, олардың кәсиплик маманлығын арттырыўдың заманагөй түрлерин ҳәм илимий және илимий-педагогикалық жумыс нәтийжелерин есапқа алатуғын дифференцияластырылған ҳәм альтернатив үзликсиз қәнигелигин арттырыў системасын әмелиятқа кеңнен енгизиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, өз қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың 2019-жыл 1-сентябрьден басшы ҳәм педагог кадрлардың үзликсиз қәнигелигин арттырыў системасын енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Төмендегилер басшы ҳәм педагог кадрлардың үзликсиз қәнигелигин арттырыў системасының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
басшы ҳәм педагог кадрлардың кәсиплик билимин, көнликпелерин ҳәм шеберлигин үзликсиз жаңалап барыў механизмлерин енгизиў, заман талапларына муўапық жоқары билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ушын зәрүр дәрежеде кәсиплик таярлықты арттырыў;
қәнигелигин арттырыўдың тиккелей кәсиплик жумысқа байланыслы жанапай түрлерин вариатив ҳәм бирин-бири толықтырыў принциплери тийкарында әмелиятқа енгизиўди тәмийинлеў және мониторинг алып барыў;
басшы ҳәм педагог кадрлардың илимий-педагогикалық потенциалынан келип шығып, олардың кәсиплик талапларын қанаатландырыўға бағдарланған үзликсиз қәнигелигин арттырыўдың түрлерин еркин түрде таңлаў ҳәм өзлестириў имканиятын жаратыў;
басшы ҳәм педагог кадрлардың кәсиплик шеберлигин турақлы түрде арттырыў тийкарында олардың илимий ҳәм әмелий изертлеўлер, технологиялық раўажланыў ҳәм оқытылып атырған пәнлер бойынша инновациялар, оқыў процесин шөлкемлестириўдиң заманагөй усыллары тараўларындағы көнликпелерин раўажландырыў;
жоқары нәтийжели заманагөй билимлендириў ҳәм инновациялық технологиялар, алдынғы сырт ел тәжирийбесин кеңнен тартқан ҳалда басшы ҳәм педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў бойынша маманлық талаплары, оқыў режелери менен бағдарламаларын турақлы жаңалап барыў, олардың жумысын керекли дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў;
басшы ҳәм педагог кадрларда Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы, мультимедиа системалары ҳәм аралықтан оқытыў усылларынан пайдаланған ҳалда алдынғы педагогика, мәлимлеме-коммуникация ҳәм инновациялық технологияларды ийелеў және оларды оқыў процесине жедел енгизиў көнликпелерин раўажландырыў;
басшы ҳәм педагог кадрлардың шет тилин әмелий өзлестириў дәрежесин арттырыў, өзлериниң кәсиплик шеберлигин, педагогикалық ҳәм илимий жумысының нәтийжелилигин үзликсиз арттырып барыў имканиятларын жаратыў.
- Басшы ҳәм педагог кадрлардың үзликсиз қәнигелигин арттырыўы:
қәнигелик бойынша еркин маманлығын арттырыўы;
альтернатив қәнигелигин арттырыўы;
билимлендириў бағдарламалары тийкарында қәнигелестирилген қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў мәкемелеринде тиккелей оқыў түрлерин өз ишине алатуғыны белгилеп қойылсын.
Онда басшы ҳәм педагог кадрларға олардың кәсиплик, оқыў-методикалық ҳәм илимий-педагогикалық жумысының нәтийжелеринен келип шығып, альтернатив қәнигелигин арттырыў ямаса билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқыў түрлерин таңлаў имканияты бериледи.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң 2019-жыл 1-сентябрьден баслап:
басшы ҳәм педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларында жумыстан босаған ҳалда тиккелей (жанапай) оқыўдың улыўма даўамлылығын 144 саат етип белгилеў;
басшы ҳәм педагог кадрларды қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў орайларында профессор-оқытыўшылардың санынан келип шығып белгиленетуғын, кеминде 3 штат бирлигинен ибарат билимлендириў технологияларының кафедраларын шөлкемлестириў;
басшы ҳәм педагог кадрларды қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў орайларында нәтийжели сабақ берип атырған профессор-оқытыўшылар, тәжирийбели әмелиятшы қәнигелер жумысының анализинен келип шығып, оларға базалық лаўазымлық мийнет ҳақысының 30 процентине шекем айлық үстемелер белгилеў, сондай-ақ, сабақлар өткериў ушын саат есабы менен мийнетине ҳақы төлеў шәртлери менен тартылған маман профессор-оқытыўшыларды, тәжирийбели әмелиятшы қәнигелерди саат есабы менен ҳақы төлеў муғдарының 20 процентине шекем көбейтилген ҳалда материаллық хошаметлеў;
пенсия жасындағы, үш жасқа толмаған перзенти бар ҳаяллар ҳәм майыплығы болған басшы ҳәм педагог кадрлардың қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларында оқыўын аралықтан оқытыў түринде шөлкемлестириў;
басшы ҳәм педагог кадрларды қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў орайларының қосымша билимлендириў хызметлерин көрсетиў тийкарында жумыс ислеп тапқан бюджеттен тысқары қаржылары есабынан усы орайлардың хызметкерлерине лаўазымлық мийнет ҳақыларына бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына бола 200 процентке шекем үстеме ҳақы төлеў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрларын қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў регионаллық ҳәм тармақ орайлары структурасына халықаралық бирге ислесиў бойынша қәниге лаўазымын киргизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте басшы ҳәм педагог кадрларды қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў орайлары хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдары менен шәртлерин усы Пәрманның талапларынан келип шығып қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы Пәрманның әмелге асырылыўы ушын зәрүр қаржыларды 2019-жылы социаллық тараў ушын тастыйықланған қаржылар шеңберинде ажыратсын, 2020-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджеттиң параметрлеринде зәрүр қаржыландырыўды ҳәр жылы нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте усы Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша басшы ҳәм педагог кадрлардың үзликсиз қәнигелигин арттырыў процесслерин шөлкемлестириў тәртибин нәзерде тутатуғын қарар қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог кадрларын қайта таярлаў және қәнигелигин арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2015-жыл 12-июньдеги ПП-4732-санлы Пәрманына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдуваҳитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 27-август.