Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:48:47, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРЫ ИТИБАРДЫҢ НӘТИЙЖЕСИ

Хожели районында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы алдынан «Ҳәр бир шаңарақ бахытлы болыўы тийис» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Гүлистан Аннақличева қатнасып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси, ғәрезсизлик жылларында, әсиресе, кейинги еки жыл ишинде Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырыл­ған жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

Дөгерек сәўбетинде, Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар бәринен бурын ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақлардың мәплерин тәми­йинлеў, аналар ҳәм балаларды қорғаўда айрықша әҳми­йетке ийе болып атырғаны атап өтилди. Әсиресе, социаллық тараўларды раўажландырыў, социаллық хызметлердиң сапасын жақсылаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўларындағы жумыслар елимиз ҳаял-қызларының турмыс тәризин жақсылаўға хызмет етпекте.

Хожели районында да мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тармақларының кеңейип баратырғаны, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға бийпул ҳәм жеңиллетилген турақ жайлардың берилип атырғаны, жас шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаў, қызларды шаңараққа ҳәм кәсипке таярлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар өз нәтийжесин бермекте.

Илаж қатнасыўшылары Қарақалпақстанға, соның ишинде, ҳаял-қызларымызға көрсетилип атырған ғамқорлықлар Президентимиздиң жоқары итибарының нәтийжеси екенлигин айрықша атап өтти.

Илаж шеңберинде сенатор Гүлистан Аннақличева ҳаял-қызлардың мүрәжатларын тыңлап, бир қатар мәселелер бойынша сораўларына жуўап берди.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF