ЖӘҲӘН ЧЕМПИОНЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде муай-тай бойынша жәҳән чемпионатының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.
Усы жылдың 19 ҳәм 28-июль күнлери аралығында профессионаллар арасында Тайландтың Бангкок қаласында болып өткен жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасының қурамында қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги оператив ўазыйпаларды орынлаў көшпели отрядының аға қәнигеси, киши сержант Жәҳәнгир Юлдашев 60 килограмм салмақта, усы көшпели отрядтың және бир аға қәнигеси Оңғар Баймуратов 81 килограмм салмақта жәҳән чемпионлары болды.
— Жарыста дәслеп Қытай Халық Республикасы, соң Мексика, Беларусь, финальда болса майдан ийеси тайланд спортшылары үстинен жеңиске еристим,-дейди жәҳән чемпионы Оңғар Баймуратов. — Бизлерди қоллап-қуўатлаған тренерлеримизге, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң басшыларына миннетдаршылық билдиремиз.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары И.Ахмедов спортшыларды қолға киргизген әжайып жеңиси менен қутлықлады. Оларға министрлик атынан саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.