Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:29:09, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРРУПЦИЯНЫҢ  АЛДЫН АЛЫЎҒА  БАҒЫШЛАНДЫ

Мәмлекет ҳәм жәмийеттиң социал-экономикалық жақтан раўажланыўына иритки салатуғын иллетлерден бири коррупция болып табылады.

Елимизде бул иллетке қарсы гүресиў ҳәм оны сапластырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Жақында Өзбекстан Республикасы ИИМне қараслы Қарақалпақ академиялық лицейиниң мәжилислер залында Президентимиздиң усы жыл 27-май сәнесинде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы менен тастыйықланған «2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиўдиң мәмлекетлик бағдарламасы»ның орынланыўын тәмийинлеўде ишки ислер уйымлары ҳәм профилактика инспекторларының билимин жетилистириўге бағышланған илаж шөлкемлестирилди.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов алып барды. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығы Б.Мәтмуратов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары, әдиллик мәсләҳәтшиси А.Ибрагимов ҳәм басқалар сөзге шығып, елимизде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бағдарында алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бо­йынша Ҳәрекетлер стратегиясында коррупцияға қарсы гүресиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин жетилистириў ҳәм бул илажлардың нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылған. Бул бағдарда коррупция менен байланыслы жынаятлардың алдын алыў ҳәм пуқаралардың ҳуқықый саўатын жетилистириўде «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының әҳмийетин үгит-нәсиятлаўда ишки ислер уйымлары хызметкерлери ҳәм профилактика инспекторлары оқыў орынлары менен мәкан пуқаралар жы­йынларында ушырасыўлар өткерип, бул иллеттиң унамсыз ақыбетлери ҳаққында түсиндириў жумысларын жүргизиў кереклиги бойынша да түсиник берилди.

Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, оларға ти­йисли жуўаплар алды.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ:илаждан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF