Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:19:52, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА ТУРИЗМ ТАРАЎЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Туризм инфраструктурасындағы бар машқалаларды шешиў, усынылып атыр­ған хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм жәҳән базарларында миллий туризм өнимлерин жедел үгит-нәсиятлаў, туризм тармағының кадрлар потенциалын күшейтиў арқалы туризм тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм республикаға кирип киятырған сырт ел пуқараларының санын кескин көбейтиў мақсетинде, сондай-ақ, 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасында туризм тараўын раўажландырыў концепциясының тийкарғы бағдарларына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң 2019-жыл 1-октябрьден баслап халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық «Қаршы», «Нөкис», «Термиз» халықаралық аэропортларында «бесинши ҳаўа еркинлиги»н қолланған ҳалда, сондай-ақ, «Бухара» халықаралық аэропортында «бесинши ҳаўа еркинлиги»н сырт мәмлекетлердиң пуқараларын тасыўда қолланған ҳалда «Ашық аспан» режимин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте сырт мәмлекетлердиң авиация админи­с­трацияларын ҳәм сырт ел авиақатнаўларын «Ашық аспан» режими енгизилип атырған Өзбекстан халықаралық аэропортларының дизими ҳаққында, соның ишинде, дипломатиялық каналлар арқалы хабардар етиўди тәмийинлесин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2020-жыл 1-январьдан:

туризм жумысының субъектлери ҳәм авиатасыўшылардың сырт мәмлекетлерден Өзбекстанға чартер рейслерин шөлкемлестириўи бойынша қәрежетлериниң бир бөлеги ҳәр бир сырт ел туристи ушын, ол республика аймағында кеминде  бес түн қонып қалған жағдайда, 20 АҚШ доллары, қыс мәўсиминде (20-ноябрьден 20-февральға шекем) болса 50 АҚШ доллары муғдарында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан тең үлеслерде қаплап бериледи;

сырт ел компанияларының Өзбекстан Республикасы аймағында аудиовизуал өнимлер (кино, теле ҳәм видеофильм, клип, мультфильм, анимелер) жаратыўындағы қәрежетлердиң бир бөлеги («Rebate») Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджети есабынан Өзбекстан Республикасы аймағында әмелге асырылған қәрежетлердиң 20 процентине шекем, бирақ бир өним ушын 300 мың АҚШ долларынан артпаған муғдарда қаплап бериледи;

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан Өзбекстанның тарийхый ҳәм аңызға айланған тулғалары ҳаққындағы толық метражлы көркем, қысқа метражлы көркем, хроникалық ҳүжжетли фильмлерди сүўретке алыў ушын жойбар баҳасының 30 проценти, бирақ 3 миллиард сумнан артпаған муғдарда грантлар ажыратылады;

исбилерменлик субъектлериниң республика аймақларында (Ташкент қаласынан тысқары) сырт ел тағамларына ямаса айрықша бағдарға қәнигелестирилген темалы аўқатланыў шақапшаларын, сондай-ақ, «караоке» заллары ҳәм туристлик кеўил ашар орынларын шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлеги Туризмди раўажландырыў бо­йынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қаржылары есабынан ҳәр бир жойбар ушын 10 миллион сум муғдарында қапланады;

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизим бойынша материаллық-мәдений мийрас объектлери аймақларына 5 тоннадан жоқары салмаққа ийе үлкен көлемли автотранспорт қуралларының кириўине шеклеў қо­йылады;

ЮНЕСКО Дүнья жүзилик мийрас объектлериниң дизимине киргизилген мәдений-мийрас объектлери ҳәм мәмлекеттиң қорғаўына алынған тарийхый ямаса мәдений естеликлер аймағында тек ғана елимизде ислеп шығарылған сувенир өнимлери сатылады;

б) 2019-жыл 1-ноябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:

ең жоқары туризм потенциалына ийе болған пуқаралар жыйынлары (посёлка, аўыллар ҳәм қала, посёлка ҳәм аўыллардың мәҳәллелери) дизимин қәлип­лестиреди;

усы пуқаралар жыйынлары аймағында 20 дан аз болмаған шаңарақлық мийман үйлери шөлкемлестирилгенде ҳәм туристлер ушын кеминде бес қыйлы хызмет түрлери (жасаў ямаса аўқатланыў бойынша хызметлерден тысқары) көрсетилген жағдайда оларға «Туризм мәҳәллеси», «Туризм аўылы» статусын береди;

в) 2020-жылдан баслап «Туризм мәҳәллеси», «Туризм аўылы» статусы берилген пуқаралар жыйынлары «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламаларына биринши гезекте киргизиледи;

г) «Uzbekistan Airports» АЖға республиканың халықаралық аэропортларының усынысына бола:

аэропорт тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер (Өзбекстан Республикасы резидентлери болған авиакомпания­ларға көрсетилетуғын хызметлерден тыс­қары) ушын ставкалар ҳәм жыйымларды белгилеў және орнатыў;

аэропорттың авиация жанылғысы ҳәм жанылғы-майлаў материалларын сақлаў ушын инфраструктураны кеңейтиў және модернизациялаў;

жергиликли ямаса сырт елдеги юридикалық шахслар менен таңлаў тийкарында авиация жанылғысы ҳәм жаныл­ғы-майлаў материалларын жеткерип бериў бойынша шәртнамалар, сондай-ақ, оларды мәмлекеттиң халықаралық аэропортларына рейслерди, соның ишинде, транзит рейслерди әмелге асыратуғын жергиликли ямаса сырт ел авиакомпанияларына сатыў бойынша шәртнамалар дүзиў ҳуқықы бериледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-августтағы ПҚ-3217-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Туризмди раўажландырыў бо­йынша муўапықластырыўшы кеңестиң (кейинги орынларда — Муўапықластырыўшы кеңес) Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине төмендеги ўәкилликлерди бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсинF

Муўапықластырыўшы кеңеске орынлардағы потенциаллы аймақларды үйрениў тийкарында туризм инфраструктурасы объектлерин раўажландырыў аймақларын шөлкемлестириў бо­йынша усыныслар киргизиў;

туризм инфраструктура объектлерин жайластырыў ушын потенциаллы аймақларда режелестириў ҳәм жойбарластырыў жумысларын шөлкемлестириў;

туризм тараўында инвестицияларды тартыў бойынша инвесторлар менен сөйлесиўлер алып барыў, олар менен инвестициялық келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойыў, сондай-ақ, инвесторлар тәрепинен жойбарды әмелге асырыў бойынша миннетлемелер қабыл етилген ҳалда оларға жер участкаларын орнатылған тәртипте «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасы арқалы бериў мәселесин көтериў.

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап 1-қосымшаға муўапық мәмлекетлердиң пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасы аймағына кирген күннен баслап 30 күнлик мүддетке визасыз режим белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм автомагистраль жоллары бойлап туризм хызметлерин шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын Әндижан ўәлая­тының Хонобод қаласынан Сурхан­дәрья ўәлаятының Термиз қаласына байла­ныс­қан ҳалда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ қаласына шекем «Өзбекстан туризм магистралы» туризм транспорт коридорын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  3. «Өзбекстан туризм магистралы» туризм транспорт коридоры бойлап автомагистраль жоллары ҳәм жолбойы инфраструктурасы ҳалатын үйрениў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда — Жумысшы топар) 2-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин ҳәм оған төмендеги ўәкилликлер берилсин:

капитал ҳәм ағымдағы оңлаў ҳәм мүтәж жол участкаларын анықлаў, сондай-ақ, жаратылатуғын жол бойы инфраструктурасы объектлериниң жайласыўын белгилеў;

жол бойы инфраструктурасын раўажландырыўға байланыслы исбилерменлик жумысын шөлкемлестириў ушын исбилерменлерге рухсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиўде (жер участкаларын ажыратыў, қурылысқа рухсат алыў) жәрдемлесиў;

тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен олардың ўәкиллигине киретуғын машқалалы мәселелерди (жол көрсеткишлер орнатыў, санитариялық-гигиеналық шақапшаларды қурыў ҳәм бас­қалар) шешиў бойынша тапсырмалардың орынланыўын қадағалаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан туризм ушын инновациялық бизнес идея ҳәм стартапларды әмелге асырыў мақсетинде жойбар басламашыларына жойбар баҳасының 30 проценти, бирақ 100 миллион сумнан артпаған муғдарда ажыратылатуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша  мәмлекетлик комитети бир ай мүддетте әмелге асырылыўы усынылатуғын туризм ушын инновациялық идея ҳәм стартаплардың дизимин тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 2023-жыл 1-январьға шекем төмендегилер:

а) жетип барыў қыйын болған ҳәм шет жерлерде (елатлы пунктлерден кеминде 10 километр ямаса қатты қапламалы автомобиль жолларынан 5 километр узақлықта) кемпинглер ҳәм «сафари» туризмин шөлкемлестириў бо­йынша туризм хызметлерин көрсететуғын юридикалық шахслар айрықша автоном инфраструктураны жаратқан жағдайда усы жумыс түри бойынша шахслардан алынатуғын пайда салығы, жер салығы ҳәм мүлк салығы, сондай-ақ, бирден-бир салық төлемин төлеўден;

б) юридикалық шахслар олардың жойбарлаў шөлкемлери, бас жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм жумыс бериўши шөлкемлер жәҳән стандартларына сәйкес ҳәм зәрүр мәдений кеўил ашар инфраструктураларына ийе гольф комплекслерин қурыў жойбарын әмелге асырыў шеңберинде:

пайда салығы, жер салығы ҳәм мүлк салығынан;

жойбарды әмелге асырыў ушын тартылатуғын сырт ел қәнигелериниң мийнетине ҳақы төлеў фондының бөлеги бойынша бирден-бир социаллық төлемнен;

жойбарды әмелге асырыў ушын зәрүр болған товарларды, соның ишинде, «ўақтынша алып кириў» бажыхана режиминде алып кириўде бажыхана бажы ҳәм акциз салығынан;

в) үлги жойбарлар бойынша заманагөй санитариялық-гигиеналық шақапшаларды қурыў ҳәм (ямаса) олардың жумысын шөлкемлестириўди әмелге асыратуғын юридикалық шахслар усы жумыс түри бойынша юридикалық шахс­лардан алынатуғын пайда салығы, жер салығы ҳәм мүлк салығы, сондай-ақ, бирден-бир салық төлемин төлеўден;

г) Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын аспа жолларын, «банжи-жанпинг» ҳәм «зиплайн» аттракционларын, басқарылатуғын (дирижабль, ҳаўа шары) ҳәм басқарылмайтуғын (еркин ушыў) аэростатлар, гондолалар, «рафтинг» ҳәм «флайбординг» ушын үскенелер, сондай-ақ, «buggy car», фаэтонлар, жайластырыў қуралы сыпатында қонып қалыў ушын үскенеленген (дөңгелек үстиндеги жайлар) ямаса кафе-фургонларға айландырылған («фудтрак») жер үсти транспорт қураллары бажыхана бажы ҳәм акциз салығынан азат етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризм­ди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен Жиззақ, Наманган ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында арнаўлы туризм зоналарын раўажландырыў бойынша жойбарлар ислеп шығылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Жиззақ, Наманган, Сурхандәрья ҳәм басқа да ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте еки ай мүддетте туризм зоналарын раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыўдың толық режесин ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

Туризм зоналарында инвестициялық жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў үстинен қадағалаў:

«Замин» бойынша — Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.У.Умурзоқов;

«Нанай» бойынша — Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов;

«Байсун» бойынша — Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомид­диновқа жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризм­ди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң орайлық аппараты структурасында басқарма хызметкерлериниң белгиленген улыўма штат бирликлери шеңберинде архитекторлар, картографлар, қала қурылысы ҳәм қурылыс инженерлеринен қуралған, 15 штат бирлигинен ибарат Туризм зоналарын ҳәм кластерлерин раўажландырыў басқармасын шөлкемлестирсин ҳәм оған туризм инфраструктура объектлерин жайластырыўды режелестириў ҳәм жойбарлаў бойынша жумысларды шөлкемлестириў ўазыйпалары жүкленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Туризм­ди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:

мәмлекетте туризм тараўын раўажландырыўға ҳәм ғалаба ен жайдарыўға мүнәсип үлес қосқан жәмийетлик структуралардың ўәкиллерине ҳәм сырт елдеги ўатанласларға олардың жумысын тийисли мәмлекетлик емес коммерция­лық емес шөлкемлер тәрепинен баҳалаў нәтийжелери бойынша тапсырылатуғын «Туризм тараўын раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгисин шөлкемлестириў;

«Туризм оқыў консалтинг орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы негизинде Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Туризмди раўажландырыў институтын (кейинги орынларда — Институт) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

  1. Төмендегилер Институт жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

туризм тараўында илимий-изертлеў жумысын әмелге асырыў, усы тараўдағы илимий-изертлеўлер ҳәм илимий-әмелий қолланбаларды муўапықластырыў,  сис­темалы машқалаларды анықлаў және оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

туризм тармағы ушын кадрлар таярлаў системасын жетилистириўге қаратылған жаңа оқыў бағдарламаларын ҳәм билимлендириў түрлерин ислеп шығыў және енгизиў;

сырт ел қәнигелерин ҳәм оқытыўшыларын тартқан ҳалда туризм тараўының хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў;

туризм тармағы ушын кадрлар таярлайтуғын оқыў-билимлендириў мәкемелериниң жумысын илимий-методикалық жақтан муўапықластырыў, консалтинг ҳәм оқыў орайларының жумысын қоллап-қуўатлаў;

бирден-бир тест сынағы системасы тийкарында гидлер, экскурсия жетекшилери, инструктор бақлаўшылары ушын қәнигелик сертификатын бериў.

  1. Өзбекстан Республикасы Туризм­ди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети еки ай мүддетте:

Институттың мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлеген ҳалда оның Уставын;

Институттың структурасын ҳәм штат кестесин ислеп шықсын және тасты­йықласын.

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер Институт жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.

Институт хызметкерлериниң мийнетке ҳақы төлеў дәрежеси  Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң хызметкерлерине теңлестирилсин.

Институт Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, Уллы Жипек жолы көшеси, 115 а-жай мәнзилине жайластырылсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң өтиниш хаты келип түскен күннен баслап 5 жумыс күни ишинде исбилерменлик субъектлерине заманагөй санитариялық-гигиеналық шақапшаларды қурыў ушын 80-100 квадрат метр өлшемде жер участкалары электрон аукционға қойылмастан ажыратылыўы бойынша жеке жуўапкершилиги белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети еки ай мүддетте:

Ташкент ўәлаятының Аҳангаран, Бостанлық ҳәм Паркент районларында, Жиззақ ўәлаятының Замин районында электр энергиясы, газ, суў тәмийнаты ҳәм канализация қурылмаларын, сондай-ақ, автомобиль жолларын жедел реконструкциялаў бойынша инвестициялық жойбарларды келешекте Өзбекстан Республикасының 2020-2022-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик инвестициялық бағдарламаға киргизиўди нәзерде тутқан ҳалда ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде ажыратылатуғын қаржыларды биринши гезекте «Туризм мәҳәллеси», «Туризм аўылы» статусындағы пуқаралар жыйынларын абаданластырыў, соның ишинде, ишки автомобиль жолларын оңлаў, электр энергия, газ ҳәм суў тәмийнаты, канализация системасының турақлы ислеўин тәмийинлеў, мобиль байланыс ҳәм интернетти жақсылаў мақсетинде қосымша базалық станцияларды орнатыў ушын жумсаў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги:

а) «Uzbekistan Airports» АЖ, Бухара, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларының ҳәкимликлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте «Ашық аспан» режими енгизилип атырған Өзбекстандағы халық­аралық аэропортлардың ушыў-қоныў жоллары, ҳәрекетлениў жоллары, командирлик-диспетчерлик пунктлери, аэронавигация үскенелери ҳәм стационар жер үсти байланыс тармақларының реконструкцияланыўын тәмийинлесин;

б) Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Туризм­ди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2020-2022-жыллар даўамында 4-қосымшаға муўапық миллий ҳәм сырт ел авиакомпанияларын тартыў ушын перспективалы сырт мәмлекетлердиң қалалары менен авиақатнаўларды басқышпа-бас­қыш жолға қойыў илажларын көрсин;

в) 2020-жыл 1-январьға шекем бирге ислесиўди ҳәм пәрўазлар географиясын кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасының ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимлериниң хатлаўдан өткерилиўин ҳәм қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин;

г) 2020-жыл 1-январьға шекем радиотехника үскенелерин басқышпа-бас­қыш модернизациялаў ҳәм аэронавигация хызметлерин көрсетиў көлемин арттырыў бағдарламасын ислеп шықсын.

д) «Uzbekistan Airways» АЖ, « Uzbekistan Airports » АЖ ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте «Uzbekistan Airports» АЖ ҳәм «Uzbekistan Airports» АЖны раўажландырыў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын бизнес-моделин ислеп шықсын:

қайтармайтуғын ҳәм багажсыз тарифлерден пайдаланыў жолы менен авиақатнаўлар баҳасын оптималластырыў бойынша халықаралық тәжирийбени енгизиў;

аэропорт инфраструктурасын қурыў, реконструкциялаў, кеңейтиў ҳәм модернизациялаў бағдарламасы;

ҳаўа кемелерин ислеп шығаратуғын жетекши сырт ел компанияларын тарт­қан ҳалда ҳаўа кемелерине техникалық хызмет көрсетиў көлемин арттырыў;

авиация жанылғысы ҳәм жанылғы-майлаў материалларын үзликсиз жеткерип бериўди тәмийинлеў илажлары;

авиабилетлердиң онлайн саўдасының имканиятларын кеңейтиў ҳәм электрон авиа жүк қағазларын рәсмийлестириў системасын енгизиў;

Өзбекстан Республикасы ишинде ўәлаятлараралық жөнелислер бойынша авиақатнаўларды, соның ишинде, жақын ҳәм орта аралықларға ушыўға мөлшерленген ҳаўа кемелеринен пайдаланыў есабынан раўажландырыў;

республика ишинде рентабельсиз қатнаўларды әмелге асыратуғын авиатасыўларды субсидиялаў механизмин әмелге асырыў;

е) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте бир ай мүддетте аэропортлар тәрепинен көрсетилетуғын дифферен­циял­лас­тырыл­ған тарифлер ҳәм жыйымларды есаплаў методикасын тастыйықласын және республиканың ҳәр бир аэропорты кесиминде көрсетилетуғын хызметлер ушын тарифлер ҳәм жыйымларды қайта көрип шығыў илажларын көрсин;

ж) Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Қурылыс министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бо­йынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте үш ай мүддетте вертолётларда жолаўшы тасыў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый базаны, ушып өтиў аймақларын хатлаўдан өткериў, сондай-ақ, вертолёт майданларын жойбарластырыў ҳәм қурыў тийкарында юридикалық шахслар тәрепинен вертолёт техникасынан пайдаланған ҳалда авиация хызметлерин көрсетиў тәртибин енгизиў илажларын көрсин;

з) «Өзбекстан темир жоллары» АЖ менен биргеликте 2019-жыл 1-сентябрьге шекем, соның ишинде, юридикалық шахслар тәрепинен жеке кабинет арқалы топар жол ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм мобиль қосымшалары арқалы билетлердиң бар екенлигин бақлаў ҳәм онлайн брон етиў имканиятын нәзерде тутатуғын «E-ticket» онлайн билет саўдасының ашық-айдын системасын иске қосыў ҳәм ислетиў илажларын көрсин;

и) «Өзбекстан темир жоллары» АЖ менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем халықаралық аэропортлар жолаўшыларына қолайлы логистиканы жаратыў ушын елимиз ҳәм шегаралас мәмлекетлердиң қалалары арасында транспорт байланысларын (автобус ҳәм темир жол қатнаўлары) тәмийинлеў бойынша реже ислеп шықсын;

к) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем халықаралық тасыўшылар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери  бөлимлерине жолаўшылар ҳаққында дәслепки мағлыўматларды усыныў ҳаққындағы реже жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте усы Пәрманның 5-қосымшасында нәзерде тутылған инвестициялық усыныслардың 2020-2022-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы Инвестициялық бағдарламасына киргизилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки еки ай мүддетте сырт ел туристлерине республика аймағында халықаралық төлем карталары жәрдеминде төлемлерди әмелге асырыў имка­ниятын жаратыў мақсетинде миллий төлем системасын халықаралық төлем системалары менен интеграциялаў илажларын көрсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги бир ай мүддетте визаны рәсмийлестириў тәртип-қағыйдасын әпиўайыластырыў, арзаларды көрип шығыў мүддетлерин оптималластырыў ҳәм усынылатуғын ҳүжжетлердиң дизимин қысқартыўды, сондай-ақ, электрон ҳүжжетлердиң айланысын енгизиўди нәзерде тутқан ҳалда сырт ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахсларға Өзбекстан Республикасына келиў ҳәм кетиў визаларын рәсмийлестириў бо­йынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қайта көрип шықсын.
  4. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети 2020-жыл 1-январьға шекем туристлердиң дизимнен өткенлигин есапқа алыўды, сондай-ақ, олардың республика аймағында болыўы ҳәм дизимнен өткенлигин тексерген ҳалда ўақтында мәмлекеттен шығып кетиўиниң қадағаланыўын тәми­йинлесин. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан тийисли программалық тәмийнат системасы ислеп шығылсын.
  5. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ЮНЕСКО дүнья жүзилик мәдений мийрасының дизимине киргизилген материаллық мәдений мийрас объектлери аймағында абаданластырыў ҳәм қурылыс жумысларын алып барыў бойынша қатаң қадағалаў орнатсын, ЮНЕСКО жумыслары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий комиссиясы менен келисилген жағдайлар буған кирмейди.
  6. Өзбекстан Республикасы Туризм­ди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:

а) «Туризм мәҳәллеси», «Туризм аўылы» статусына ийе пуқаралар жы­йынларының жергиликли халқын турист­лерге сапалы хызмет көрсетиў бойынша таярлаў ҳәм оқытыўды турақлы тийкарда шөлкемлестирсин;

б) еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Пуқаралар жыйынларына «Туризм мәҳәллеси», «Туризм аўылы» статусын бериў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын киргизсин;

в) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте туристлик жыйымды өндириў механизм­лерин жетилистириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларды Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизсин:

сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың мәмлекетке кириўинде туристлик жыйымды транспорт түрине қарап  төлеў тәртибин енгизиў;

туристлер тәрепинен туристлик жыйым­ды еркин түрде коммерциялық банклердиң филиаллары, туристлик мәлимлеме орайлары ҳәм электрон мәлимлеме системалары арқалы төлеў механимзлерин енгизиў арқалы жыйымды  төлеў усылларын кеңейтиў;

г) Транспорт министриги, Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Исбилерменлик субъектлериниң қәрежетлерин қаплаў ушын қаржы ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

д) Қаржы министрлиги, «Өзбеккино» Миллий агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасы аймағында аудиовизуал өнимлерди жаратыўда сырт ел компанияларына қәрежетлердиң бир бөлегин қайтарыў («Rebate») тәртиби  ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

е) «Өзбеккино» Миллий агентлиги ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы менен биргеликте Өзбекстан миллий кинокомиссиясына ҳәр жылы:

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан сырт ел кинокомпанияларына бийпул тийкарда шөлкемлестириўшилик ҳәм өндирис-техникалық жәрдем көрсетиў бойынша ўазыйпаларды әмелге асырыў;

«Өзбеккино» Миллий агентлиги жанындағы Миллий кинематографияны раўажландырыў қоры, Өзбекстан Жаслар аўқамының қаржылары ҳәм нызам   ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген бас­қа да дәреклер есабынан мәмлекет кинематографиясы, кинолокациясы, кинотуризмин ҳәм «Rebate» системасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде халықаралық кино илажларында миллий павильон­ларды шөлкемлестириў ҳәм ҳәр жылы «PROlogue» халықаралық кинофестивалы шеңберинде «Location­EXPOuz» жергиликли кинолокациялардың халықаралық көргизбесин өткериўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын қаржылар ажыратылыўын тәми­йинлесин;

ж) бир ай мүддетте Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан грантлар ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

з) Жеке меншик туризм шөлкемлериниң ассоциациясы менен бирге келешекте туризм операторлары тәрепинен ҳәр қыйлы туризм бағдарларының қәлиплестирилиўи ушын мәмлекет аймақларының сийрек ушырасатуғын туристлик потенциалын ҳәм перспективалы туризм көриниси объектлерин турақлы түрде үйрениўди ҳәм үгит-нәсиятлаўды тәмийинлесин.

  1. Усы Пәрманды әмелге асырыў бойынша толық әмелий илажлардың режеси 6-қосымшаға муўапық тасты­йықлансын.

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәр 15 күнде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усы Пәрманның орынланыўы бойынша мәлимлеме киргизилип барылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Туризм­ди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Транспорт министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын түсиндириў бойынша ғалаба хабар қуралларында мақалалар және тематикалық көрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 13-август.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF