Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:29:52, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЭКОНОМИКА ҲӘМ САНААТ МИНИСТРЛИГИ ЖАНЫНДА КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ АГЕНТЛИГИНИҢ ЖУМЫСЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-августтағы «Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша қосымша илажлар, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң финанслық ресурслар ҳәм өндирис инфраструктурасынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ҳаққында»ғы ПП-5780-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигиниң орайлық аппараты структурасына экономика ҳәм санаат министриниң аймақларды, соның ишинде, Сырдәрья ўәлаятын комплексли раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымын қысқартыў есабынан Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм санаат министриниң орынбасары — Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң директоры лаўазымы киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат минис­трлиги жанындағы Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги басқарыў хызметкерлериниң шекленген улыўма саны 28 ден ибарат болған (кейинги орынларда — Агентлик) структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Агентлик директоры еки орынбасарға, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын биринши орынбасарға ийе екенлиги;

Агентлик директорының орынбасары бир ўақыттың өзинде Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының атқарыўшы директоры есапланатуғыны (кейинги орынларда — Қор);

Агентликтиң жумысын қаржыландырыў дәреклери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есапланатуғыны;

Агентлик киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанслық шөлкемлериниң қаржыларын тартыў мүмкин екенлиги;

Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық экономикалық ҳәм санаат бас басқармаларының структураларында Экономика ҳәм санаат министрлигиниң орнатылған улыўма басқарыў хызметкерлериниң шекленген  саны шеңберинде Саўда-санаат палатасының аймақлық басқармалары, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары және нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының аймақларда жумыс алып барып атырған хызметкерлери менен өз-ара тығыз биргеликте ислейтуғын, басқарыў хызметкерлериниң штат бирлиги 49 дан ибарат киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бөлимлери шөл­кемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик:

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Орайлық банки ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте финанслық емес жәрдем түрлерин барлық тараўларда кеңейтиў, соның ишинде, бизнес жүргизиў тийкарлары ҳәм тараўдағы нызам ҳүжжетлери, исбилерменлик жумысының қәўип-қәтерлерин баҳалаў көнликпелерин үйретиў арқалы исбилерменлердиң киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарламаларында муўапықласқан тәризде қатнасыўын, олардың қәнигелигин арттырыў, стажировкалар және басқалардың да шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;

коммерциялық банклер менен биргеликте еки ай мүддетте пайдаланылатуғын  үскенелердиң техникалық өзгешеликлери, өзин қаплаў мүддети, жергиликли шийки зат пенен тәми­йинлениўи, жумсалатуғын  материаллардың есап-санағы ҳәм базарлар, соның ишинде, сырт ел базарларының баҳасын өз ишине алған электрон каталогын қәлиплестирсин, кейин ала потенциаллы жойбарлар менен бизнес басламаларды таңлап алыў процесиниң нәтийжелилигин ҳәм сапасын арт­тырыў мақсетинде олар Агентлик ҳәм коммерциялық банклердиң веб-сайтларына жайластырылсын.

  1. Қорды басқарыў кеңесиниң Қордың Атқарыўшы дирекциясына өз қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын 7 басқарыў хызметкери штат бирлигин қосымша ажыратыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Қордың атқарыўшы директорына Қордың өз қаржылары есабынан олардың хызметлерине ҳақы төлеген ҳалда маман сырт ел қәнигелерин тартыў ҳуқықы берилсин.

  1. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлери, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларының Қор қаржылары есабынан финанслық жәрдем алыў ҳаққындағы арзаларын көрип шығыў бойынша электрон ҳүжжет айланыс схемалары 2 ҳәм 3-қосымша­ларға муўапық мақуллансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Саўда-санаат палатасы, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери, Агентлик пенен биргеликте бир ай мүддетте Қор есабынан жойбарлар бойынша финанслық жәрдем көрсетилетуғын халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы категорияларының дизимин тастыйықласын.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик бас­қарыў академиясы системалы түрде киши бизнес ҳәм исбилерменликти, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў тараўында экономика ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша районлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, экономика ҳәм санаат, Саўда-санаат палатасы, коммер­циялық банклердиң районлық бөлимлери басшыларының билим және көнликпелерин арттырыў мақсетинде оқыў курсларын, соның ишинде, аралықтан оқытыў түриндеги курсларды шөлкемлестирсин.
  4. Қор төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Исбилермен» мәлимлеме системасын жаратыў ҳәм иске қосыўда буйыртпашы сыпатында белгиленсин:

коммерциялық банклер ҳәм Қор арасында электрон ҳүжжеттиң айланысы, соның ишинде, электрон санлы қолтаңба жәрдеминде мағлыўмат алмасыў;

жаратылатуғын автоматластырылған программалық тәмийнатты Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик статис­тика комитети, Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм Өзбекстан банклер ассоциациясының мәлимлеме системалары менен интеграциялаў;

коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша электрон санлы қолтаңбадан пайдаланған ҳалда исеним хаты ҳәм кепилликлер, сондай-ақ, процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация бериў ҳаққында электрон шәртнамалар дүзиў;

коммерциялық банклер ҳәм олардың қарыйдарларына Қордың рәсмий веб-сайты арқалы реал ўақыт режиминде кредит буйыртпаларын көрип шығыў және олардың орынланыўын қадағалаў имканиятын бериў.

  1. Қор:

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қаржы министрлиги менен биргеликте өзинде жойбардың баҳасы ҳәм тийисли ислерин қаржыландырыў дәреклерин сәўлелендирген ҳалда, «Исбилермен» мәлимлеме системасын шөлкемлестириў, техникалық қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша техникалық ҳүжжетлердиң ислеп шығылыўын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы «Электрон ҳүкимет ҳәм санлы экономика жойбарларын басқарыў орайы» мәмлекетлик унитарлық кәрханасына келисиў ушын киргизилиўин;

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте жумысларды қаржыландырыўға әмелдеги қаржы ажыратылған сәнеден баслап 6 ай мүддетте «Исбилермен» мәлимлеме системасының жаратылыўы ҳәм иске қосылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте усы қарардың 10-бәнтинде нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын халықаралық финанслық институтлары ҳәм басқа да донор шөлкемлердиң грантларының тартылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети бир ай мүддетте Агентликтиң жайластырылыўын тәмийинлесин.

12 Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Агентликти зәрүр байланыс қураллары,  соның ишинде, ҳүкимет байланысы менен тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги:

а) еки ҳәпте мүддетте белгиленген тәртипте Агентлик ҳәм Қор хызметкерлериниң штат кестесин тастыйықласын;

б) бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:

Агентлик ҳәм Қор ҳаққындағы режелердиң жойбарларын;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды киргизсин;

в) Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, соның ишинде, киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша палатаға тән болмаған функциялар менен ўазыйпаларды тийисли уйым­ларға бериў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

    Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

    Ташкент қаласы, 2019-жыл 13-август.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF