АЎЫЛ ХАЛҚЫНА БАЙРАМ САЎҒАЛАРЫ
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамын көтериңки кейпиятта күтип алыў мақсетинде Қараөзек районының кең жәмийетшилиги қызғын мийнет ислемекте.
Әсиресе, шетки елатлардың бири есапланған «Есимөзек» елатының турғынлары ушын быйылғы жыл күтә көп жаңалықларға толы жыл болажақ. «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген бул аўылда ғәрезсизлик байрамына саўға ретинде жаңадан қурылған 160 орынлық балалар бақшасы ҳәм капитал реконструкция жумыслары жүргизилген. 11-санлы улыўма орта мектеп имараты халық ийгилиги ушын тапсырылыў алдында тур.
Ҳәзирги ўақытлары бул қурылыс объектлеринде қолы гүл қурылысшылар тәрепинен соңғы бояў ҳәм пардозлаў жумыслары жүргизилмекте.
Ә.ОРАЗОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Қараөзек районы.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: 1. Мектеп қурылысына белсене қатнасып атырған прораб
Абдикерим Қайыпов, ис жүргизиўши Анвар Өтебаев, мектеп директоры
Сәбит Жолдыбаев ҳәм оның хожалық ислери бойынша орынбасары
Марқабай Қошмағанбетовлар өз-ара ойласықта.
2. Жаңадан қурылған балалар бақшасының сыртқы көриниси.