Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:08:37, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚЫҢЫР ИС ЖУЎАПСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

Өзбекстан Республикасы өз ғәресизлигине ерискен күннен баслап халықтың жасаў жағдайын жақсылаў ҳәм мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Бул реформалар өзиниң унамлы нәтийжесин берип атырғанлығын болса, өткен қысқа дәўир  ишинде елимизде жүз берген өзгерислер ҳәм жаңаланыўлардан да аңлаўымыз­ға болады. Әлбетте, бундай раўажланыўларға усы мәм­лекетте жасап атырған ҳәр бир инсан өз үлеслерин қоспақта. Қалай дейсиз бе? Ең алды менен пуқаралар өзлери пайдаланған тәбийғый газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суў ушын мәмлекетлик төлемлерди ҳәм бас­қа да салықларды өз ўақтында төлеўи раўажланыўларға негиз болмақта.

Деген менен, халқымызда «Бес бармақ бирдей емес» деген гәп бар. Айырым заманласларымыздың елеге шекем пайдаланыў ҳәм төлеў мәденияты төмен екенлиги ашынарлы жағдай. Мәселен, өткен жылдың август айында Нөкис қаласы «Жийдели Байсын» елаты турғыны ишимлик суўы ушын мәмлекетлик төлемлерди узақ ўақытлардан берли төлемей жүрген. Оның қарыздарлығы анықланып, Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими  тәрепинен  5 күн мүддет ишинде қарызларын төлеўди ескертеди. Бирақ, соған қарамастан белгиленген ўақыт ишинде пуқара қарызын төлемейди. Нәтийжеде пуқараның үйи ишимлик суў тармағынан ўақтынша ажыратылады.

Бәршемизге белгили, электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўы сыяқлы тәбийғый ресурслардан ақылға урғас пайдаланыўда оған жалғаныў, өлшеў ҳәм есап-китап етиў шәртнамалық-ҳуқықый мүнәсибет есапланып, белгиленген тәртипте яки қағыйдаларға әмел етиўди талап етеди. Бирақ, бул пуқара  қағыйдалардың ҳеш бирине әмел етпестен, қарызларын төлемей, ажыратылған ишимлик суў тармағына өз басымшалық пенен қайта жал­ғанып алады. Халқымызда «Қыңыр истиң қыйығы қырық жылдан кейин де шығады» деген даналық гәп бар. Пуқараның бул қылмыслары да жуўапсыз қалмады. Мәжбүрий орынлаў бюросы инспекторлары тәрепинен бул жағдай тез анықланды ҳәм пуқара ти­йисли тәртипте жуўапкершиликке тартылды. 

Пуқараның бул ислеген ислери ең алды менен өзине зыян келтирген болса, бундай ҳәрекетлер мәмлекет раўажланыўына да кери тәсир етеди. Соны да умытпаў керек, пайдаланған электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суў ушын мәмлекетлик төлемлерди төлеў ҳәр биримиз ушын миннетли ўазыйпа есапланады.

 

Замира

ТУРСУНОВА,

МОБ Нөкис қалалық бөлими мәмлекетлик инс­пекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF