Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:40:42, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПОМИДОР КҮЙЕСИНЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ИЛАЖЛАРЫ 

Ҳәзирги күнде мәмлекетимиздиң барлық аймақларында аўыл хожалық өнимлерине тийкарынан, ийт­жүзимлер туўысына киретуғын өсимликлерде ең қәўипли зыянкес есаплан­ған «помидор күйеси» ушыраспақта.

Бул зыянкес аўыл хожалығындағы бир қатар өнимлерге күтә зыян келтирип, республикамыздан өнип шыққан өнимлерди экс­портқа шығарыўда өзиниң кери тәсирин тийгизбекте.

Усыған байланыслы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен 5-август­тан 20-август күнлери аралығы «помидор күйеси»не қарсы гүресиў бойынша «Әҳмийетли он бес күн» деп белгиленди. Бул бойынша республикамыздың барлық район ҳәм қалаларында фермер, қыйтақ жер ийелери қатнасында Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының агроном-инспекторлары тәрепинен усы зыянкестиң биологиясы, қарсы гүресиў илажлары бойынша семинарлар, газета ҳәм телерадио арқалы үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Помидор күйеси ­ ең қәўипли зыянкес болып, ол егинлердиң мийўесине ҳәм жапырағына зыян жеткизеди. Бул зыянкес Өзбекстан Республикасында Қашқа-дәрья, Сурхандәрья, Ташкент, Наманган ҳәм Жиззақ ўәлаятларында 2015-жылы пайда болып, тарқала баслаған.

Помидор күйесиниң гүбелеги кишкене, күл реңде болады. Тыныш турғанда еки қанаты желкесине жабысып, алдынғы қанатларының үлкенлиги 8-10 мм узынлықта болады. Гүбелектиң қоңыр яки гүмис сыяқлы алдынғы қанатларында характерли қара дақлары болып, муртлары жипке уқсайды. Зыянкестиң алдынғы қанатларындағы гүмис-күл рең теңге сыяқлы белгилери ҳәм қара дақларының болыўы оны анықлаў ушын есапқа алынатуғын ең тийкарғы белгилерден бири есапланады.

Гүбелеги тийкарынан кешқурын ҳәрекетленеди, күндиз болса өсимлик жапырағының арқа тәрепине жайласып алады. Жүдә сезгир болып, өсимлик азғана силкитилсе де тез әтирапқа ушып кетеди. Урғашысы 10-15 күн, еркеги болса 6-7 күн жасайды.

Помидор күйеси тийкарынан помидор, картошка, баклажан сыяқлы өсимликлер менен азықланады. Қыслаўға кетпестен, қыс мәўсиминде ыссыханаларда тиришилик етеди. Ерте бәҳәрде болса ыссыханалар ашыл­ғаннан соң ашық даладағы палыз егинлерин зыянлайды. Қуртлар жасыл помидор мийўеси ишине кирип алыўы нәтийжесинде олардың шығындысы ҳәм түрли кеселлик туўдырыўшы микроорганизмлер есабына өсимлик мийўеси ширий баслайды.

Помидор күйесиниң тар­қалыўының ҳәм зыянын азайтыў ушын биринши нәўбетте агротехникалық илажларды өз ўақтында алып барып, биологиялық ҳәм химиялық гүрес жумыслары қолланылса, өним сақлап қалыныўы мүмкин. Агротехникалық илажлардан ­ помидор туқымын егиўден алдын химиялық препаратлар менен дәрилеў зәрүр. Топырақ-ықлым шараятын есапқа алып, помидор күйесине шыдамлы сортларды қолланыў, оларды илимий жақтан үйренип, соң жай­лас­тырыў, алмаслап егиўди дурыс қолланыў, гүзги сүрим жумысларын өз ўақтында ҳәм сапалы өткериў, ыссыханаларда мәўсим жуўмақланғаннан соң өсимлик қалдықларын арнаўлы шуқыр ҳәм ураларға көмиў жумысларын шөлкемлестириў, помидор нәллеринде помидор күйесине ҳәм кеселликлерге қарсы бәрқулла қарсы гүрес жумысларын алып барыўдан ибарат.

Усы помидор күйеси Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районлардағы фермерлер, дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелери помидор, картошка, баклажан ҳәм басқа да ийтжүзимлер туўысына киретуғын барлық егинлерде зыянкестиң пайда болыўын анықлаў ҳәм де оған қарсы гүрес ушын феромон тутқышлардан пайдаланыў зәрүр.

Өзбекстан Республикасы өзиниң қысы қуяшлы болыўы, жылдың он еки айы даўамында ыссыханаларда помидор, бурыш, баклажан егинлери жетистирилип атыр­ған бир ўақытта, зыянкеслердиң өнимниң бир орыннан екинши орынға траспортировка етилиўи менен де тарқалып, өзине жасаў шараятын жаратып, көбейиўи ҳәм тарқалыўы мүмкин. Соның ушын, жоқарыда атап өткенимиздей, топырақтан, туқымнан, нәлден баслап ҳәм өсимликтиң вегетация дәўиринде ҳәр бир зыянкеске күнделикли бақлаў жумысларын алып барсақ, оларға қарсы гүресиў арзан ҳәм аңсат болады.

Халқымыз ишки базарларды зыянланбаған баў-бақша, палыз өнимлери менен толтырыў, сондай-ақ, сырт мәмлекетлерге таза аўыл хожалық өнимлерин экспорт етиўде республика­мызға шет ел валютасын киргизиў ҳәм экономикамыздың раўажланыўына өз үлесимизди қосқан боламыз.

М.ЖУМАНИЯЗОВ,

«ҚҚаймақкарантин» инспекциясы баслығы.

У.ЖУМАМУРАТОВ,

ишки карантини жетекши агрономы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF